← Назад
Решение #2835764 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
3 238 символов
4-2301-2502/2292-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
УЙҒАРЫЎ
(даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025-жыл 10-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили Т.Казиев (2025-жыл 06-январь күнги 01/01-12-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасында, даўагер «Q r q l qst nsuwqurilisinv st» мәмлекетлик
мәкемесиниң жуўапкер Төрткуль районы «Bun dk r J nubi SQB» ЖШЖнен
341 057 761 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық
суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер
«Q r q l qst nsuwqurilisinv st»
мәмлекетлик
мәкемеси
жуўапкер «Bun dk r J nubi SQB» ЖШЖнен 341 057 761 сом пеня, төленген
41 200 сом почта қәрежетин почта қәрежетин өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили жуўапкер менен орталарында дүзилген
медиация келисим питимин усынып, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа
олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти
көрип шығыўды мақул табады.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги топланған
ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын көрместен қалдырыўды
лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025жыл 27-январь күни 2-санлы кесип алып ислеў (пудрат) шартнамасы дузилген.
Шәртнаманың 2-бөлиминде, истеги буйыртпашы-даўагердиң қурылыс-монтаж
жобасы бойынша жуўапкер тәрепинен Қоңырат районы «Жиңишке»
каналының РК46дан РК66-шекем болған 2,5 км бөлегине реконструкция
(бетонлаў) ислерин орынлаў нәзерде тутылған.
Шәртнама шәртлери бойынша қарыздарлық пайда болған. Нәтийжеде
даўагер судқа даўа арзасын берген.
Бирақ экономикалық исиниң көрилиўи барысында, тәреплер орталарында
2025-жылы 09-декабрь күни медиациялық келисим дүзилген.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107-
статьясы 53-бәнтине муўапық, тәреплер медиация келисимин дүзген болса, даўа
арза көрместен қалдырылады.
Тәреплердиң медиациялық келисим дүзгенин есапқа алып, суд даўа
арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының
18-статьясы биринши бөлиминиң 9-бәнтине тийкар, егер тәреплер орталарында
медиатив келисим дүзилген болса, арза көрместен қалдырылса, мәмлекетлик
бажы толық яки қысман қайтарылыўы белгиленген.
Жоқарыдағылар есапқа алынғанда ис бойынша мәмлекетлик бажы
өндирилмейди, ал төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылыўы
лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107, 109статьяларын басшылыққа алып, суд
УЙҒАРДЫ:
Даўа арза көрместен қалдырылсын.
Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы
тәреп бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Баймуратов