Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2501/1404 Дата решения 10.12.2025 Инстанция Кассация Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 115c57c0-6fc3-4d73-873e-5f14de9c8a63 Claim ID PDF Hash f729f4147dfc4394... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 11 931 символов
****-санлы ис Исти биринши инстанция судында көрген судья – **** Кассация инстанциясында баянатшы судья – **** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫНЫҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы **** жыл 10 декабрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья ****ң басшылығында, коллегия ағзалары судялар **** ҳәм **** ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси ****ң хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили – басқарма жетекши юрисконсульты **** (**** жыл 16 сентябрь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, арза бериўши Өзбекстан **** жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетине ****.****.**** сом финанслық санкция қоллаўды сораған арзасы бойынша Беруний районлараралық экономикалық судының **** жыл 14 август күнги шешиўши қарарына арза бериўши Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының берген кассациялық шағымын ис ҳүжжетлери менен бирге **** Республикасы судының имаратында ашық суд көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Өзбекстан **** жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы **** Республикасы **** басқармасының **** жыл 30 апрель күнги ****-71-санлы буйрығына тийкар **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) тәрепинен жанылғы-энергия ресурсларын ислеп шығарыў (қазып алыў), қайта ислеў, узатыў (тасыў), бөлистириў ҳәм тутыныў, олардың сыпат ҳәм муғдар тәрепинен **** тәмийинлеў бойынша норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәмде техник қағыйдалар ҳәм нормалар талапларына әмел етилиўи үйренилген. Үйрениўде жуўапкерге тийисли автомобиллерге жанылғы қуйыў **** нефть өнимлерин тарқатыў ушын 3 дәстекли 3 дана жанылғы қуйыў үскенеси бар екенлиги, бул үскенелер Өзбекстан миллий метрология институты мәмлекетлик мекемеси **** филиалы тәрепинен **** жыл 12 март мәмлекетлик салыстырыў көригинен өткерилген болып, сертификаттың әмел қылыў мүддети **** жыл 12 сентябрь күни тамамланғанлығы, жуўапкер тәрепинен **** жыл 8 ноябрь баслап тексериў күнине шекем баҳасы 1.****.****.**** сомлық ****.**** Аи-80, 33.**** литр Аи-92 маркалы автобензин, **** литр EVROl-k-4 дизель, **** литр EKO дизель салыстырыў мүддетине әмел қылынбастан реализация қылынғанлығы анықланған. Тексериў нәтийжеси менен **** жыл 14 май күни ****-71-санлы акт рәсмийлестирилген. Өзбекстан **** жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы (буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи) актти көрип шығып, **** жыл 27 июнь күнги ****санлы қарары менен жуўапкерге ****.****.**** сом финанслық санкция белгиленген.Жуўапкерге белгиленген финанслық санкцияны қарар қабыл қылған күннен баслап бир айдың ишинде ықтыярий төлеў тапсырылған. Жуўапкер белгиленген финанслық санкцияны ықтыярий төлемегенлиги себепли арза бериўши судқа арза менен мүрәжат етип, жуўапкерге ****.****.**** сом финанс санкцияны қоллаўды сораған. Беруний районлар аралық экономикалық судының **** жыл 14 август күнги шешиўши қарары менен арыз қылынған талап қанаатландырыўсыз қалдырылған. Шешиўши қарарға наразы болып арза бериўши кассация тәртибинде шағым берген.Шағымында шешиўши қарарды бийкар қылып, арзаны қанаатландырыў **** жаңа қарар қабыл қылыўды сораған. Оған тийкар сыпатында тексериў нәтийжеси менен жуўапкерге орынлаўы мәжбүрий болған көрсетпе берилгенлигин, жуўапкер көрсетилген ҳуқықбузарлықты ықтыярий рәўиште емес, ал арза бериўши тәрепинен тәсир шарасы қолланылғаннан кейин сапластырғанлығын, келтирилген зыянды анықлаў ҳәм есап-китап қылыў талабы нызамшылықта жоқ екенлигин келтирген. Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили кассациялық шағымын қоллап-қуўатлап, егер жуўапкер үскенелерди тексериў өткерилгенге шекем көриктен өткергенде оның ҳәрекетин ықтыярый сапластырылған деп баҳалаў мүмкин екенлигин, жуўапкер анықланғанған ҳуқықбузарлықты тексериўден кейин сапластырғанлығы себепли оның ҳәрекетин ықтыярый сапластырған деп баҳалаўға тийкар жоқ екенлигин билдирип, жуўапкерге финанслық санкцияны қолланыўды сорады. Суд мәжилисине жуўапкер келмеди. ****, жуўапкер суд мәжилисинен алдын исти кейинге қалдырыўды сорап илтимаснама берген. Судлаў коллегиясы исти мазмунан көрип шығыў ушын истеги хүжжетлер жетерли деп есаплап жуўапкердиң илтимаснамасын қанаатландырыўсыз қалдырыўды, исти жуўапкер қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Кассация инстанциясы суды даўагер ўәкилиниң түсиниклерин тыңлап, кассациялық шағымды ис ҳүжжетлери менен бирге көрип шығып, төмендегилерге тийкар биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды **** тапты. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде **** жыл 10 февралда ****-саны менен дизимге алынған Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан техник тәрептен тәртипке салыў агентлиги директорының “Көриктен өткерилиўи лазым болған өлшеў қураллары түрлериниң дизимин тастыйықлаў ****”ғы буйрығына тийкар көриктен өткерилиўи керек болған өлшеў қуралларының түрлери тастыйықланған болып, дизимниң 71-бәнтине көре жанылғы ҳәм май тарқатыў үскенелерин көриктен өткериў мүддети 6 ай деп белгиленген. Өзбекстан ****ң **** жыл 26 февралдағы ****-санлы қарары менен тастыйықланған “Жанылғыэнергетика ресурсларынан пайдаланыўда исленген ҳуқықбузарлықлар ушын хожалық жүргизиўши субъектлерге ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў тәртиби ****”ғы Режениң 5-бәнтиниң биринши ҳәм екинши хатбасыларына муўапық, нызамшылықта белгиленген тәртипте сертификатластырыўдан өткерилмеген ҳәм белгиленген тәртипте тамғаланбаған нефть өнимлери ҳәм суйылтырылған углеводород газди қадағалаў-өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы тарқатыў үскенелери арқалы жеткерип бериў, сондай-****, қадағалаў-өлшеў әсбапларына сырттан тиккелей тәсир көрсетиўде ҳуқықбузарлық жағдайларын анықлаў ўәкилликли уйымның хызметкерлери тәрепинен қадағалаў **** шеңберинде ислеп шығарыўшы, жеткерип бериўши және сатыўшыларға тийисли темир жол ҳәм автотаразлар, автосистерна, тиркемели агрегатлар, жанылғы тарқатыў, май тарқатыў ҳәм газ тарқатыў үскенелери (диспенсерлер) және басқа да қуйыў төгиў үскенелериниң қуйыў нормаларын кәрхана басшысы ямаса оның жуўапкерли ўәкиллериниң қатнасыўында тексериў арқалы анықланады. Хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен өнимлерди жеткерип бериўде метрологиялық тексериўден өткерилмеген, дәўирлик салыстырыў мүддети өткен, тамғаланбаған, насаз ҳәм өлшеў қәтелиги норматив ҳүжжетлерге сәйкес келмейтуғын темир жол ҳәм автотәрези, автосистерна, тиркемели агрегатлар, жанылғы тарқатыў, май тарқатыў ҳәм газ тарқатыў бағаналарынан (диспенсерден) және нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық мәмлекетлик көриктен өтпеген ҳәм түри тастыйықланбаған ямаса метрологиялық аттестациядан өткерилмеген газ тарқатыў үскенелеринен (диспенсерден), есаплағышлардан ҳәм басқа да қурылмалардан пайдаланыў жағдайлары ҳуқықбузарлық сыпатында белгиленеди. Өзбекстан Республикасының “Энергияны тежеў, оннан **** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў ****”ғы Нызамы (буннан кейин текстте Нызам деп жүритиледи)ның 43-статьясының екинши бөлимине муўапық, нызамшылықта белгиленген тәртипте сертификатластырылмаған ҳәм белгиленген тәртипте тамғаланбаған нефть өнимлери ҳәм суйылтырылған углеводород газын қадағалаў өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы тарқатыў үскенелери арқалы тутыныўшыларға жеткерип бериў, сондай-****, қадағалаў өлшеў әсбапларына сырттан тиккелей тәсир көрсетиў қадағалаў өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы тарқатыў үскенелериниң **** тексериўи өткерилген күннен баслап реализация етилген товар баҳасының елиў пайызы муғдарында жәрийма салыўға себеп болады. Нызамның 49-статьясының биринши ҳәм бесинши бөлимлерине тийкар энергияны үнемлеў, оннан **** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкциялар суд тәртибинде қолланылады, хожалық жүргизиўши субъект жүз берген ҳуқықбузарлықтағы айыбын тән алған ҳәм финанслық санкцияның суммасын ықтыярый түрде төлеген жағдайлар буннан тысқары. Егер энергияны үнемлеў, оннан **** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислеген хожалық жүргизиўши субъект жол қойылған ҳуқықбузарлықты ықтыярый түрде сапластырған ҳәм келтирилген зыянды толық қаплаған болса, финанслық санкция қолланылмайды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң ****-статьясының екинши бөлимине муўапық, суд ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў **** ис көрип шығылып атырғанда суд мәжилисинде: ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болғанболмағанлығын ҳәм оның исленгенлиги фактин, тексериў ушын ҳәм тексериў нәтийжлери бойынша акт яки басқа ҳүжжет дүзиў ушын тийкарлар ҳәм қадағалаўшы органның ўәкилликлери бар-жоқлығын, усы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын нызамшылықта жуўапкершилик нәзерде тутылғантутылмағанлығын ҳәм ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ушын тийкарлар баржоқлығын анықлайды. Анықланыўынша, жуўапкерде өткерилген тексериўде жуўапкердиң сертификатластырылмаған жанылғы тарқатыў үскенеси арқалы баҳасы 1.****.****.**** сомлық нефть өнимин реализация қылғанлығы факти тастыйықланған. Тексериўде анықланған ҳуқықбузарлық жуўапкер тәрепинен тән алынған ҳәм тексериў актине қарсылығы жоқлығы **** тил хат берилген. Жуўапкер арза бериўшиниң энергияны тежеў, оннан **** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелигин асырыў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкция муғдарын белгилеў **** жыл 19 майдағы қарары қабыл қылынған күни, **** жуўапкер **** жыл 15 май күни жанылғы тарқатыў үскенелерин Өзбекстан миллий метрология институты мәмлекетлик мекемеси **** филиалынан мәмлекетлик салыстырыў көригинен өткерип, анықланған ҳуқықбузарлықты ықтыярый рәўиште сапластырған. Сонлықтан, биринши инстанция суды жуўапкер көрсетилген ҳуқықбузарлықты биринши мәрте ислегенлигин, анықланған ҳуқықбузарлықты финанслық санкция белгилеў **** қарар қабыл қылған күни сапластырғанлығын итибарға алып, жуўапкерге финанслық санкция қолламаў **** туўры шешимге келген. Судлаў коллегиясы, арза бериўшиниң кассациялық шағымында келтирген ўәжлери менен келисе алмайды.Себеби, буннан алдын жуўапкерде жанылғы жеткерип бериў үскенелериниң сертифатластырылыўы бойынша тексериў өткерилмеген.Сонлықтан оның ҳәрекети бундай ҳуқықбузарлықты биринши мәрте ислеген деп баҳаланады. Сондай-****, нызамшылықта финанслық санкцияны қоллаў ўәкиллиги судқа берилген.Ис судта көрилгенге шекем жуўапкер тәрепинен көрсетилген ҳуқықбузарлықты сапластырғанлығы анықланған ҳуқықбузарлықты ықтыярый рәўиште сапластырған деп баҳалаўға ҳәм оған финанслық жәрийма қолламаўға тийкар болады. ЭПК ****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, кассация инстанциясы суды кассациялық шағымды (протестти) көрип шығыў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўға ****. Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик **** ****”ғы Нызамының 9-статьясы 19-бәнтине муўапық, арза бериўши ҳәм жуўапкер – ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў **** ислер бойынша мәмлекетлик **** төлеўден азат етилген. Жоқарыдағыларға тийкар, судлаў коллегиясы жуўапкердиң илтимаснамасын қанаатландырыўсыз қалдырыўды, биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, кассациялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды, исти көриў нәтийжеси менен арза бериўшиден мәмлекетлик **** өндирмеўди, кассациялық шағым бериўде төленген 41.**** сом почта қәрежетин арза бериўшиниң мойнында қалдырыўды лазым табады. Усы жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң ****, ****-статьяларын қолланып, кассация инстанциясы суды қ а р а р е т т и: Беруний районлар аралық экономикалық судының **** жыл 14 август күнги шешиўши қарары өзгериссиз, кассациялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****. Басшылық етиўши: **** коллегия ағзалары: **** ****