Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2503/1612 Дата решения 10.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 41c69c78-5c21-4ff7-a405-bacaf56461af Claim ID PDF Hash c64de4a41cd018a0... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 13 701 символов
4-2304-2503/1612-санлы ис Судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 10-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокуроры жәрдемшиси М.А***, даўагер ўәкили жәмийет директоры Ш.Ю*** ҳәм жуўапкер ўәкили экономист А.Т*** (2025-жыл 10-декабрь күнги 01-944-санлы исеним хат)лардың қатнасында, даўагер «P***- ***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер Бозатаў районы медицина билеспесинен 27 625 340 сом қарызын ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлигин ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасын иске даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартқан ҳалда Нөкис районлар аралық экономикалық судының имаратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «P***- ***» ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер Бозатаў районы медицина билеспеси (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 27 625 340 сом қарызын ѳндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 14-ноябрь күнги уйғарыўына тийкар иске Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы (буннан кейин текстте үшинши шахслар деп жүритиледи) даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған. Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында үшинши шахслар тийисли тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлемеди. Сол себепли, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық исти олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын қоллап-қуўатлап, 2024-жылдың басынан ақырына дейин емлеўханаға керек болған медициналық журнал ҳәм бланкаларды ислеп бергенлигин, бирақ өзиниң қәтешилиги таңлаўда қатнаспағанлығы ҳәм шәртнама дүзбегенлиги 2 екенлигин, көрсеткен хызметлерин өз алдына журналға қол қойдырып, сол жерде ислеўши хызметкерлерге тапсырып келгенлигин, буларды гүўалар менен де тастыйықлап беретуғынлығын, исленген жумыслардың баҳасын болса, өзиниң калькуляциясы бойынша есаплап барғанлығын, бүгинги күнде жәмийетиниң экономикалық жағдайы төмен екенлигин, хызметкерлердиң ис ҳақыларын бере алмай киятырғанлығын билдирип, даўа арзасын қанаатландырыўда ҳәм қарызын өндирип бериўде жәрдем көрсетиўди сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде бул қарыздарлық алдынғы баслығының ўақтында жүз бергенлигин, сол ўақытта ислеген бас есапшысы болса, бүгинги күнде Кегейли районы медицина билеспесинде ислейтуғынлығын, өзи бул қарыздарлықтан хабары жоқ екенлигин, бирақ ҳәзирги есапшысы даўагерден қарызы бар екенлигин айтқанлығын билдирди. Нөкис қаласы прокуроры жәрдемшиси М.А*** суд мәжилисинде даўа талабын қанаатландырыўды, бирақ ис бойынша айрықша уйғарыў шығарып, прокуратураға үйренип шығыў ушын жибериўди сорады. Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиндириўлерин ҳәмде прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Даўа арзасында баян етилгенлерге ҳәм суд мәжилисинде анықланған жағдайларға қарағанда, жуўапкер даўагерден шәртнама дүзпестен 2024-жылдан баслап емлеўханаға керек болған көплеген медициналық журнал ҳәм бланкалар алған. Алынған затлар ушын 2025-жыл 1-август күни 510 000 сом өткизип берилген болып, қалған 27 625 340 сом қарыздарлық бүгинги күнге дейин төлеп берилмеген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 107-статьясының биринши бөлимине муўапық, жазба түрде дүзилген питимди, егер ис айланысы әдетлеринен басқаша тәртип келип шықпаса, тәреплер яки олардың ўәкиллери имзалаўы керек. ПК 108-статьясының биринши бөлимине муўапық, нотариал тастыйықланыўы талап етилетуғын питимлерден тысқары, төмендеги питимлер әпиўайы жазба түрде дүзиледи: 1) юридикалық шахслардың өз-ара ҳәм пуқаралар менен питимлери; 2) пуқаралар арасындағы белгиленген базалық есаплаў муғдарының он есесинен артық суммадағы питимлер, нызамда белгиленген жағдайларда болса - питим суммасына қарамастан, басқа питимлер. ПК 109-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, питимниң әпиўайы жазба түрине әмел етпеў оның ҳақыйқый емеслигине алып келмейди, бирақ даў келип шыққан жағдайда тәреплерди питимниң дүзилгенлигин, мазмунын яки орынланғанлығын гүўалардың көрсетпелери менен тастыйықлаў ҳуқықынан айырады. Тәреплер питимниң дүзилгенлигин, мазмунын ямаса орынланғанлығын жазба ямаса басқа дәлиллер менен тастыйықлаўға ҳақылы. 3 Бул жағдайда еки тәреп те юридикалық шахс есапланып, олар арасындағы шәртнама әпиўайы жазба түрде дүзилиўи ҳәм тәреплердиң ўәкиллери тәрепинен имзаланыўы керек еди. Дүзилмеген шәртнама бойынша ислердиң орынланғанлығын болса, гүўалардың көрсетпелери менен тастыйықлап болмайды. Жуўапкер бюджеттен қаржыландырылатуғын мәкеме болғанлықтан хожалық искерлигин жүргизиў даўамында әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўлары Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлары ҳаққында»ғы Нызамы (буннан кейинги текстте Нызам деп жүритиледи)нда белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы лазым. Нызамның 4-статьясына муўапық, мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы шәртнама - мәмлекетлик буйыртпашы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлардың орынлаўшысы арасындағы мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша ҳуқықлар ҳәм миннетлемелерди белгилеў, өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы келисим болып есапланады. Нызам 26-статьясының биринши бөлимине муўапық, мәмлекетлик сатып алыўлар процеси төмендеги басқышларды өз ишине алады: мәмлекетлик сатып алыўларды режелестириў; сатып алыў тәртип-процедураларын әмелге асырыў; шәртнаманы дүзиў ҳәм орынлаў; мәмлекетлик сатып алыўлар мониторинги. Нызам 27-статьясының төртинши бөлимине муўапық, бюджет буйыртпашыларының мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша төлемлери арнаўлы мәлимлеме порталында мәмлекетлик сатып алыўларды режелестириў, сатып алыў тәртип-процедураларын әмелге асырыў, шәртнама дүзиў ҳәм олар ҳаққында мәлимлеме жайластырыў процесслери жуўмақланғаннан кейин Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Қазнашылық хызмети комитети тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Нызам 47-статьясының биринши ҳәм бесинши бөлимлерине муўапық, ўәкилликли орган мәмлекетлик сатып алыўлардың электрон системаларының ҳәм арнаўлы мәлимлеме порталының мәлимлемелер базалары арасында мәлимлеме алмасыў арқалы Шәртнамалардың бирден-бир реестрин жүргизеди. Қайсы шәртнамалар ҳаққындағы мәлимлеме Шәртнамалардың бирденбир реестрине киргизилмеген болса, сол шәртнамалар бойынша төлемлер әмелге асырылмайды. Бул жағдайда тәреплер ортасында шәртнама дүзилмегенлиги ҳәм тәреплердиң өз-ара қатнасықлары Шәртнамалардың бирден-бир реестрине киритилмейтуғынлығы себепли даўагерге бюджет қаржылары есабынан қарыздарлығын төлеп бериў мүмкиншилиги жоқ. Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2009-жыл 18-декабрьдеги «Хожалық шәртнамаларын дүзиў, өзгертиў ҳәм бийкар етиўди тәртипке салыўшы пуқаралық нызам ҳүжжетлери нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 203-санлы қарары 4 8-бәндиниң жетинши хатбасында берилген түсиниклерге көре, егер тәреплердиң шәртнамалық ҳуқықый қатнасықларға кирискенлиги жазба ямаса басқа дәлиллер менен тастыйықланса, шәртнаманың жоқлығы даўагердиң жеткерип берилген товарлар, орынланған жумыслар, көрсетилген хызметлердиң баҳасын өндириў ҳаққындағы талапларын қанаатландырыўдан бас тартыў ушын тийкар бола алмайды. Өзбекстан Республикасы «Бухгалтерия есабы ҳаққында»ғы Нызамы 14-статьясының биринши, үшинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық, операциялар әмелге асырылғанлығын тастыйықлаўшы басланғыш есап ҳүжжетлери ҳәм оларды өткериўге байланыслы бийликлер хожалық операцияларының бухгалтериялық есабы ушын тийкар болады. Хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен саўда ҳәм сервис тараўында алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер)дың ҳақысы банктиң корпоратив пластик карталарынан пайдаланған ҳалда төленгенде төлем терминалларының чеклери де басланғыш есап ҳүжжетлери деп тән алынады. Есабат дәўирине тийисли болған хожалық операциялары, егер олардың әмелге асырылғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер алынбаған болса, тийисли басланғыш ҳүжжет рәсмийлестирилип, бухгалтерия есабында көрсетиледи. Басланғыш есап ҳүжжетлериниң мәжбүрий реквизитлери төмендегилер: бухгалтерия есабы субъектиниң аты; ҳүжжеттиң аты ҳәм номери, ол дүзилген сәне ҳәм орын; хожалық операциясының аты, мазмуны ҳәм өлшем бирликлери көрсетилген муғдар өлшеми (натура ҳәм пулда көрсетилген ҳалда); хожалық операциясын орынлаған шахслардың (шахстың) идентификациялаў ушын зәрүр болған фамилиясы ҳәмде аты ҳәм әкесиниң аты бас ҳәриплери ямаса басқа реквизитлери көрсетилген ҳалда лаўазымларының атамалары ҳәм қолтаңбалары. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2024-жылы 30-июльда 3538-сан менен дизимге алынған «Бухгалтерия есабында ҳүжжетлер ҳәм ҳүжжетлер айланысы ҳаққында»ғы Режениң 2-бәндине муўапық, шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылатуғын барлық хожалық операциялары тастыйықлаўшы ҳүжжетлер менен рәсмийлестирилиўи лазым. Бул ҳүжжетлер басланғыш есап ҳүжжетлери болып хызмет етеди ҳәм олар тийкарында бухгалтерия есабы жүргизиледи. Бул жағдайда даўагер тәрепинен судқа жуўапкерге хызметлер көрсетилгенлигин тастыйықлаўшы, тийисли тәртипте рәсмийлестирилген исленген жумыслардың акти, есапбети-фактуралары, исеним хат, жүк хатлары яки басқа да жазба дәлийллер, яғный хожалық операциялары әмелге асырылғанлығы ҳаққындағы басланғыш есап ҳүжжетлери усынылмады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 68-статьясының биринши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс ѳз 5 талаплары ҳәм наразылықларына тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлийллеўи керек. Егер тәреп суд тәрепинен талап етилип атырған дәлийлди өзинде услап турған ҳәм суд сораўы менен белгиленген мүддетте оны усынбай атырған болса, ондағы мағлыўматлар сол тәрептиң мәплерине қарсы қаратылған деп болжанады ҳәм ол тәрепинен тән алынған деп есапланады. Бул жағдайда даўа талаплары даўагер тәрепинен судқа усынылған ҳүжжетлер менен өз тастыйығын таппағанлығы себепли суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ҳәм 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 25 пайызы муғдарында видеоконференцбайланыс режиминде исти кѳриў менен байланыслы суд қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 562 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети төленген. Сол себепли, суд ис бойынша төленген мәмлекетлик бажыдан 552 506,8 сомын ҳәмде 41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды, артықша төленген 9 493,2 сом мәмлекетлик бажыны даўагерге қайтарып бериўди ҳәмде даўагерден Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 68, 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР 6 ЕТТИ: Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўагер «P***- ***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен төленген 552 506,8 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өзиниң мойнында қалдырылсын. Даўагер «P***- ***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине ис бойынша артықша төленген 9 493,2 сом мәмлекетлик бажы республика бюджетинен тийисли тәртипте қайтарып берилсин. Даўагер «P***- ***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд қәрежети ѳндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов