← Назад
Решение #2835914 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 139 символов
4-2301-2502/2342-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 10-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов,
даўагер Нөкис қаласы «Q r q l qb liq» бирлеспесиниң жуўапкер Нөкис
қаласы «Offt m On» ЖШЖнен 1 031 250 ом қарыз, 202 076 сом пеня, төленген
почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
«Q r q l qb liq» бирлеспеси экономикалық судына даўа арзасы
тийкарында мүрәжат етип, жуўапкер «Offt m On» ЖШЖнен 1 031 250 ом
қарыз, 202 076 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине
муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата
бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар
бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым.
ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған
ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди
шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талапларын
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ағзалық шәртнамасынан
келип шыққан.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, 2025-жыл 02-май күни 2133-санлы
контурлы көл ижәрашысы истеги жуўапкер ҳәм даўагер-бирлеспе орталарында
AU/021-санлы ағзалық шәртнамасы дүзилген.
Шәртнаманың 1.1-бәнтинде жуўапкер бирлеспе ағзалығына қылыныўы
ҳәм бирлеспе тәрепинен әмелге асырылатуғын хызмет көрсетиў нәзерде
тутылған.
Шәртнаманың 4.2.1-бәнтинде ағзалық төлем (бадал) усы шәртнаманың
қосымшасында белгиленген тәртипте төлениўи әмелге асырылыўы лазым
екенлиги көрсетилген. Қосымшада ағзалық төлем муғдары 1 031 250 сом болып
белгиленген.
Шәртнаманың 4.2.2-бәнтине тийкар, ағзалық төлем 100% муғдарында ҳәр
жылдың 15-февраль сәнесине шекем төлениўи лазым.
ПК 260-статьясы биринши бөлимине көре, нызамшылық ҳүжжетлеринде
яки шәртнама менен белгиленген, қарыздар миннетлемени орынламаған яки
лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кредиторға төлеўи шәрт болған пул
суммасы неустойка есапланады.
ПК 261-статьясы биринши бөлимине муўапық, неустойка жәрийма яки
пеня формасында болады.
Шәртнаманың 5.2-бәнтинде пеня төлеў миннетлемеси жуўапкерге
жүкленген. Сонлықтан 202 076 сом пеня талап қылыныўы тийкарлы табылады.
Себеби даўагердиң 2025-жыл 10-ноябрьдеги 1/627-санлы талапнама бойынша
жуўапкер тийисли жуўмақ шығармаған.
Суд даўа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер
пайдасына 1 031 250 ом қарыз, 202 076 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди мақул табады.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине ѳдириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
1
203 –2035-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы «Offt m On» ЖШЖнен Нөкис қаласы «Q r q l qb liq»
бирлепсесиниң пайдасына 1 031 250 ом қарыз, 202 076 сом пеня, 41 200 сом
поччта қәрежети өндирилсин.
«Offt m On» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов