Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2502/1645 Дата решения 10.12.2025 Инстанция Кассация Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 7789c679-929e-4e1e-8705-2d8ed9a04d37 Claim ID PDF Hash 3f9fc28b94adaf2e... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 12 285 символов
****2-2****/****-санлы ис Исти биринши инстанция судында көрген судья - **** Кассацияинстанциясында баянатшы судья–**** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫНЫҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫКАССАЦИЯИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы ****5жыл10декабрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья ****ң басшылығында, коллегия ағзаларысудялар **** ҳәм ****лардан ибарат қурамда,судья аға жәрдемшиси ****хаткерлигинде,арза бериўши ўәкили– басқарма жетекши юрисконсульты**** (**** жыл16 сентябрькүнги****-санлыисеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкиллери– жәмийет шөлкемлестириўшиси ****(**** жыл 10 декабрь күнги 20-санлы исеним хаттийкарында)ҳәм адвокат ****(**** жыл 10 декабрь күнги19-санлы исеним хатҳәм ордер тийкарында) қатнасыўында, арза бериўшиӨзбекстан Республикасы МинистрлерКабинети жанындағыЭлектр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының жуўапкер “SH j h n-G’ r t” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине****.****.****сом финанслық санкция қоллаўды сораған арзасыбойыншаБерунийрайонлар аралық экономикалық судының**** жыл 16 сентябрькүнги шешиўши қарарынаарза бериўшиӨзбекстан Республикасы МинистрлерКабинети жанындағыЭлектр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясының бергенкассациялық шағымынис ҳүжжетлери менен бирге **** Республикасы судының имаратында ашық суд көрип шығып,төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Өзбекстан Республикасы МинистрлерКабинети жанындағыЭлектр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы **** Республикасы**** басқармасының **** жыл20июнь күнги ****-118санлы буйрығына тийкар **** жыл 26июнь күни“SH j h n-G’ r t” жуўапкершилиги шекленген жәмийети(буннан кейин текстте жуўапкер депжүритиледи) тәрепиненжанылғы-энергия ресурсларын ислеп шығарыў (қазып алыў), қайта ислеў, узатыў(тасыў), бөлистириў ҳәм тутыныў, олардың сыпат ҳәм муғдар тәрепинен **** тәмийинлеў бойынша норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәмде техник қағыйдалар ҳәм нормалар талапларына әмел етилиўиүйренилген. Үйрениўде жуўапкерге тийисли автомобиллерге жанылғы қуйыў **** нефть өнимлерин тарқатыў ушын2 дәстекли 1дана жанылғы қуйыў үскенеси барекенлиги, соннан 1 данадәстекАи-80 маркалы автобензин тарқатыўҳәм1 данадәстек Аи-91маркалы автобензинтарқатыў ушынорнатылғанлығы, бул үскенелер Өзбекстан миллий метрология институты мәмлекетлик мекемеси **** филиалы тәрепинен ****2жыл 1февралда мәмлекетлик салыстырыў көригинен өткерилген болып,сертификаттыңәмел қылыў мүддети ****2 жыл 1август күнитамамланғанлығы,жуўапкер тәрепинен**** жыл 11ноябрденбаслаптексериў күнине шекем баҳасы****.****.****сомлық ****.****литр Аи-80 маркалы автобензинсалыстырыў мүддетине әмел қылынбастан реализация қылынғанлығы анықланған. Тексериў нәтийжеси менен **** жыл 26июнь күни****-118-санлы акт рәсмийлестирилген. Өзбекстан Республикасы МинистрлерКабинети жанындағыЭлектр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы (буннан кейин текстте арза бериўши депжүритиледи) актти көрип шығып, **** жыл 27июнь күнги****-санлы қарары менен жуўапкерге ****.****.****сом финанслықсанкция белгиленген.Жуўапкерге белгиленген финанслық санкцияны қарар қабыл қылған күннен баслап бир айдың ишинде ықтыярий төлеўтапсырылған. Жуўапкер белгиленген финанслық санкцияны ықтыярий төлемегенлиги себепли арза бериўши судқа арза менен мүрәжат етип, жуўапкерге ****.****.****сом финанс санкцияны қоллаўды сораған. Беруний районлар аралық экономикалық судының**** жыл 16 сентябрькүнги шешиўши қарары менен арыз қылынған талап қанаатландырыўсыз қалдырылған. Шешиўши қарарға наразы болып арза бериўши кассация тәртибинде шағым берген.Шағымында шешиўши қарарды бийкар қылып, арзаны қанаатландырыў **** жаңа қарар қабыл қылыўды сораған.Оған тийкар сыпатындатексериў нәтийжеси менен жуўапкерге орынлаўы мәжбүрий болған көрсетпе берилгенлигин,жуўапкер көрсетилген ҳуқықбузарлықты ықтыярий рәўиште емес, ал арза бериўши тәрепинен тәсир шарасы қолланылғаннан кейин сапластырғанлығын,келтирилген зыянды анықлаў ҳәм есап-китап қылыў талабы нызамшылықта жоқ екенлигин келтирген. Суд мәжилисиндеқатнасқанарза бериўши ўәкиликассациялық шағымын қоллап-қуўатлап,егержуўапкерүскенелерди тексериў өткерилгенге шекем көриктен өткергенде оның ҳәрекетин ықтыярый сапластырылған деп баҳалаў мүмкин екенлигин, жуўапкеранықланғанған ҳуқықбузарлықтытексериўден кейин сапластырғанлығы себепли оныңҳәрекетинықтыярый сапластырған деп баҳалаўға тийкар жоқ екенлигинбилдирип, жуўапкерге финанслық санкцияны қолланыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқанжуўапкер ўәкиллери кассациялық шағымда келтирилген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплап,тексериўе анықланған ҳуқықбузарлықты тән алатуғынлығын,итибарсызлығы себепли үскенелерди мәмлекетлик салыстырыў көригинен өткериў ядынан көтерилгенлигин, **** тексериў өткерилген күнниң өзинде бул кемшиликти сапластырғанлығын, бул ҳәрекети менен ҳеш кимге зыян келтирмегенлигин билдирип, бириншиинстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды 2 сорады. Кассацияинстанциясы суды тәреплерўәкиллериниң түсиниклеринтыңлап,кассациялық шағымдыис ҳүжжетлери менен биргекөрип шығып, төмендегилерге тийкар биринши инстанция судының шешиўши қарарынөзгериссиз қалдырыўды**** тапты. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигинде 2025жыл 10 февралда ****-саны менен дизимге алынғанМинистрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан техник тәрептен тәртипке салыў агентлиги директорының “Көриктен өткерилиўи лазым болған өлшеў қураллары түрлериниң дизимин тастыйықлаў ****”ғыбуйрығына тийкар көриктен өткерилиўи керек болған өлшеў қуралларының түрлери тастыйықланған болып, дизимниң 71-бәнтине көре жанылғы ҳәм май тарқатыў үскенелерин көриктен өткериў мүддети 6 ай деп белгиленген. Өзбекстан ****ң **** жыл 26 февралдағы ****-санлы қарарыменен тастыйықланған “Жанылғыэнергетика ресурсларынан пайдаланыўда исленген ҳуқықбузарлықлар ушын хожалық жүргизиўши субъектлергеҳуқықый тәсир шараларын қоллаў тәртиби ****”ғы Режениң 5-бәнтиниң биринши ҳәм екинши хатбасыларынамуўапық, нызамшылықта белгиленген тәртипте сертификатластырыўдан өткерилмеген ҳәм белгиленген тәртипте тамғаланбаған нефть өнимлери ҳәм суйылтырылған углеводород газди қадағалаў-өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы тарқатыў үскенелери арқалы жеткерип бериў, сондай-****, қадағалаў-өлшеў әсбапларына сырттан тиккелей тәсир көрсетиўде ҳуқықбузарлық жағдайларын анықлаў ўәкилликли уйымның хызметкерлери тәрепинен қадағалаў **** шеңберинде ислеп шығарыўшы, жеткерип бериўши және сатыўшыларға тийисли темир жол ҳәм автотаразлар, автосистерна, тиркемели агрегатлар, жанылғы тарқатыў, май тарқатыў ҳәм газ тарқатыў үскенелери (диспенсерлер) және басқа да қуйыў-төгиў үскенелериниң қуйыў нормаларын кәрхана басшысы ямасаоның жуўапкерли ўәкиллериниң қатнасыўында тексериў арқалы анықланады. Хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен өнимлерди жеткерип бериўде метрологиялық тексериўден өткерилмеген, дәўирлик салыстырыў мүддети өткен, тамғаланбаған, насаз ҳәм өлшеў қәтелиги норматив ҳүжжетлерге сәйкес келмейтуғын темир жол ҳәм автотәрези,автосистерна, тиркемели агрегатлар, жанылғы тарқатыў, май тарқатыў ҳәм газ тарқатыў бағаналарынан (диспенсерден) және нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық мәмлекетликкөриктенөтпеген ҳәм түри тастыйықланбаған ямаса метрологиялық аттестациядан өткерилмеген газ тарқатыўүскенелеринен(диспенсерден), есаплағышлардан ҳәм басқа да қурылмалардан пайдаланыў жағдайлары ҳуқықбузарлық сыпатында белгиленеди. Өзбекстан Республикасының “Энергияны тежеў, оннан **** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў ****”ғы Нызамы(буннан кейин текстте Нызам депжүритиледи)ның43-статьясының екинши бөлимине 3 муўапық,нызамшылықта белгиленген тәртиптесертификатластырылмаған ҳәм белгиленген тәртипте тамғаланбаған нефть өнимлери ҳәм суйылтырылған углеводород газын қадағалаў өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы тарқатыў үскенелери арқалы тутыныўшыларға жеткерип бериў, сондай-****, қадағалаў өлшеў әсбапларына сырттан тиккелей тәсир көрсетиў - қадағалаў өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы тарқатыў үскенелериниң **** тексериўи өткерилген күннен баслап реализация етилген товар баҳасының елиўпайызымуғдарында жәрийма салыўға себеп болады. Нызамның49-статьясының биринши ҳәм бесинши бөлимлерине тийкар энергияны үнемлеў, оннан **** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкциялар суд тәртибинде қолланылады, хожалық жүргизиўши субъект жүз берген ҳуқықбузарлықтағы айыбын тән алған ҳәм финанслық санкцияның суммасын ықтыярый түрде төлеген жағдайлар буннан тысқары. Егер энергияны үнемлеў, оннан **** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў тараўында биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислеген хожалық жүргизиўши субъект жол қойылған ҳуқықбузарлықты ықтыярыйтүрде сапластырған ҳәмкелтирилгензыянды толық қаплаған болса, финанслық санкция қолланылмайды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК депжүритиледи)ниң****-статьясының екинши бөлимине муўапық, суд ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў **** ис көрип шығылып атырғанда суд мәжилисинде: ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болғанболмағанлығын ҳәм оның исленгенлиги фактин, тексериў ушын ҳәм тексериў нәтийжлери бойынша акт яки басқа ҳүжжет дүзиў ушын тийкарлар ҳәм қадағалаўшы органның ўәкилликлери бар-жоқлығын, усы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын нызамшылықта жуўапкершилик нәзерде тутылғантутылмағанлығын ҳәм ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ушын тийкарлар баржоқлығын анықлайды. Анықланыўынша, жуўапкерде өткерилген тексериўде жуўапкердиң сертификатластырылмаған жанылғы тарқатыў үскенеси арқалы баҳасы****.****.****сомлық нефть өниминреализация қылғанлығы факти тастыйықланған. Тексериўде анықланған ҳуқықбузарлық жуўапкер тәрепинен тән алынған ҳәм тексериў актине қарсылығы жоқлығы **** тил хат берилген. Жуўапкерарза бериўшиниң энергияны тежеў, оннан **** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелигин асырыў саласындағы ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкция муғдарын белгилеў **** **** жыл 27июндағықарары қабыл қылынғанкүни, яғный****жыл 27июнь күнижанылғы тарқатыў үскенелерин Өзбекстан миллий метрология институты мәмлекетлик мекемеси **** филиалынан мәмлекетлик салыстырыў көригинен өткерип, анықланған ҳуқықбузарлықты ықтыярый рәўиште сапластырған. Сонлықтан, биринши инстанция суды жуўапкер көрсетилген 4 ҳуқықбузарлықты биринши мәрте ислегенлигин,анықланғанҳуқықбузарлықтыфинанслық санкция белгилеў **** қарар қабыл қылғанкүнисапластырғанлығын итибарға алып, жуўапкерге финанслық санкция қолламаў **** туўры шешимге келген. Судлаў коллегиясы, арза бериўшиниң кассациялық шағымында келтирген ўәжлери менен келисе алмайды.Себеби, буннан алдын жуўапкерде жанылғы жеткерип бериў үскенелериниң сертифатластырылыўы бойынша тексериў өткерилмеген.Сонлықтаноның ҳәрекети бундай ҳуқықбузарлықты биринши мәрте ислеген деп баҳаланады.Сондай-****, нызамшылықта финанслық санкцияны қоллаў ўәкиллиги судқа берилген.Ис судта көрилгенге шекемжуўапкер тәрепиненкөрсетилген ҳуқықбузарлықты сапластырғанлығыанықланған ҳуқықбузарлықты ықтыярый рәўиште сапластырған деп баҳалаўға ҳәм оған финанслық жәрийма қолламаўға тийкар болады. ЭПК****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, кассация инстанциясы суды кассациялық шағымды (протестти) көрип шығыў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўға ****. Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик **** ****”ғы Нызамының 9-статьясы19-бәнтине муўапық,арза бериўши ҳәм жуўапкер –ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў **** ислер бойынша мәмлекетлик **** төлеўден азат етилген. Жоқарыдағыларға тийкар, судлаў коллегиясы биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, кассациялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды,исти көриў нәтийжеси менен арза бериўшиден мәмлекетлик **** өндирмеўди, кассациялық шағым бериўде төленген 41.**** сом почта қәрежетин арза бериўшиниң мойнында қалдырыўды лазым табады. Усы жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң****, ****-статьяларын қолланып,кассация инстанциясы суды қ а р а р е т т и: Берунийрайонлар аралық экономикалық судының**** жыл 16 сентябрькүнги шешиўши қарарыөзгериссиз, кассациялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге(протест келтириўге) ****. Басшылық етиўши: **** коллегияағзалары: **** **** 5 6