Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2347 Дата решения 10.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 18ef9908-77fc-4112-b158-b5eae0cb1aed Claim ID PDF Hash 448d33b282dbb2d0... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 731 символов
4-2301-2502/2347-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 10-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили Қ.Қутлымуратов (2025-жыл 06-март күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер «Худудий электр тармоқлари» АЖниң жуўапкер Нөкис қаласы “ d ul t- l n” шаңарақлық кәрханасынан 12 088 373,62 сом қарыз, 5 576 435,05 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «Худудий электр тармоқлари» АЖти жуўапкер “ d ul t- l n” шаңарақлық кәрханасынан 12 088 373,62 сом қарыз, 5576 435,05 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў мәжбуриятын алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл сәнеси жазылмаған 167059- анлы көтере тутыныўшыларға электр энергиясын жеткизип бериў шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 100% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. ЭПК 72-статьясына тийкар, нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жеткизилген. Нәтийжеде даўагер тәрепинен бир тәреплеме дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң 12 088 373,62 сом қарызы, 5 576 435,05 сом пеня қарызлары көрсетилген. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 28-октябрьдеги 0205/1927-санлы талапнамасы жуўапкер тәрепинен орынлаўсыз қалдырылған. Бул қарыз төленбегенлиги себепли даўаның қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады. Шәртнаманың 3.12-бәнтине тийкар, төлеўди кешиктиргени ушын қарыз суммасы 50% есабынан аспаған жағдайда пеня төлеў миннетлемеси жуўапкерге жүкленген. Шәртнаманың 3.12-бәнтине тийкар, төлеўди кешиктиргени ушын қарыз суммасы 50% есабынан аспаған жағдайда пеня төлеў миннетлемеси жуўапкерге жүкленген. Сонлықтан төлеўди кешиктиргени ушын қарыз суммасы 50% есабынан аспаған жағдайда 5 576 435,05 сом пеня талап қылынған. ПК 326-статьясының екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник берилген. Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 1 000 000 сом өндириўди мақул табады. Солай етип, суд даўаның талапларын кысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 12 088 373,62 сом қарыз, 1 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын. Нөкис қаласы “ d ul t- l n” шаңарақлық кәрханасынан «Худудий электр тармоқлари» АЖниң пайдасына 12 088 373,62 сом қарыз, 1 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. “ d ul t- l n” шаңарақлық кәрханасынан мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов