← Назад
Решение #2835989 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
5 719 символов
4-2301-2502/2339-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 10-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк
ўәкили Ф.Маткаримов (2025-жыл 10-июнь күнги 2640/1305-1068-санлы
исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер Өзбекстан Республикасы шет
ел капиталы қатнасындағы “ mk rb nk” акционерлик-коммерциялық
банктың жуўапкер Нөкис районы “Tr d in G ld n fish” ЖШЖнен 17 943 446
сом кредит қарызын, 8 450 493 сом процент, 1 065 076 сом пеня, төленген 41
200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша
ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Республикасы шет ел капиталы қатнасындағы “ mk rb nk”
акционерлик-коммерциялық банк (кейинги орынларда даўагер банк деп
жүритиледи) экономикалық судына даўа арзасы менен мүрәжат етип, “Tr d
in G ld n fish” ЖШЖнен (кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи)
17 943 446 сом кредит қарыз, 8 450 493 сом процент, 1 065 076 сом пеня,
төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўаның талаплары тийкарлы
болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа
олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд
исти көрип шығыўды мақул табады.
Суд, даўагер банк ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талапларын қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан
келип шыққан.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер банк ҳәм жуўапкер орталарында
2023-жыл 24-февраль күни 110-санлы дүзилген кредит шәртнамасына тийкар,
банк тәрепинен жуўапкерге 48-ай мүддетке, жыллық 27% ставкада 340 000 000
сом муғдарында кредит ажыратылған.
Кредит мақсети автотранспорт сатып алыў болып белгиленген.
Истеги даўагер банк мағлыўматында жуўапкердиң 2025-жыл 17-ноябрь
күнине мүддети өткен 17 943 446 сом кредит қарыз, мүддети өткен 8 450 493
сом процент, 1 065 076 сом пеня қарызлары көрсетилген.
Суд мәжилисинде усынылған даўагер банктың 2025-жыл 10декабрьдеги мағлыўматында жуўапкердиң қарызлары өскени анықланды.
ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Кредит шәртнамасының 6.2.1-бәнтине муўапық, жуўапкер кредит ҳәм
процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў
миннетлемесин алған болсада, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбаған.
Кредит шәртнамасының 8.4-бәнтине муўапық, кредит ҳәм процент
төлемлерин кешиктирген жағдайда, жуўапкерге пеня төлеп барыў
миннетлемеси жүкленген. Сонлықтан даўагер банк тәрепинен жуўапкер
есабынан 1 065 076 сом пеня өндириў талабы қойылған.
ПК 326-статьясы екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм
кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған
неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги
«Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин
қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәндинде
түсиник берилген.
Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 300 000 сомға
кемейтиўди мақул табады.
Суд жуўапкерден даўагер банк пайдасына 17 943 446 сом кредит
қарызын, 8 450 493 сом процент, 300 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул
тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан 549 180,30 сом мәмлекетлик
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын.
Нөкис районы “Tr d in G ld n fish” ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы
шет ел капиталы қатнасындағы “ mk rb nk” акционерлик-коммерциялық
банк пайдасына 17 943 446 сом кредит қарызын, 8 450 493 сом процент,
300 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған
бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
“Tr d in G ld n fish” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 549 180,30 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов