← Назад
Решение #2836052 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 444 символов
4-2301-2502/2320-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 10-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов,
даўагер төлеўге қәбилийетсиз деп табылған “Br nd T xnik s wd ” ЖШЖниң
сапластырыў басқарыўшысы Б.Алламуратовтиң жуўапкер «D f nd r Nukus»
ЖШЖнен 650 000 сом пул қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм
қосымша ҳүжжетлерин көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Даўагер төлеўге қәбилийетсиз деп табылған “Br nd T xnik s wd ”
ЖШЖниң сапластырыў басқарыўшысы Б.Алламуратов экономикалық судына
мүрәжат етип, жуўапкер «D f nd r Nukus» ЖШЖнен 650 000 сом пул
қәрежетин өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясы биринши бөлимине
муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата
бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар
бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым.
ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған
ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди
шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арза талабын
қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Нөкис қалалық салық инспекциясы
қарыздар “Br nd T xnik s wd ” ЖШЖтин төлеўге қәбилетсиз деп табыўды
сораған.
Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 15-июль
күнги 4-2301-2503/1404-санлы шешиўши қарарында қарыздар “Br nd T xnik
s wd ” ЖШЖти төлеўге қәбилетсиз деп табылған, сапластырыў өндириси
ашылған ҳәм сапластырыў басқарыўшысы етип Б.Алламуратов тайынланған.
Сапластырыў өндириси барысында, даўагер тәрепинен 2023-жыл 18август күнги жәрдем пул келисими шәртнамасы тийкарында жуўапкердиң
банк есап бетине 650 000 сом жәрдем пулларының өткерилгени анықланған.
Бирақ ис ҳүжжетлерине финанс жәрдемин көрсетиў ҳаққындағы
шәртнама қосылмаған.
Дебитор қарызларын өндириў мақсетинде сапластырыў басқарыўшысы
судқа мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 8-статьясы екинши
бөлими 1-бәнтине муўапық, нызамда нәзерде тутылған шәртнамалар ҳәм басқа
питимлерден, сондай-ақ, нызамда нәзерде тутылмаған болмаса-да, бирақ оған
1
қайшы болмаған шәртнамалар ҳәм басқа питимлерден пуқаралық ҳуқық ҳәм
миннетлемелер жүзеге келеди.
Усы Кодекстиң 109-статьясына тийкар, питимниң әпиўайы жазба
формасына жуўап бермегени оның ҳақыйқый емеслигине алып келмейди,
бирақ даўа шыққанда тәреплердиң питимниң дүзилгенлигин, мазмунын яки
орынланғанын гуўалардың көрсетиўлери менен тастыйықлаў ҳуқықынан
айырылады.
Тәреплер питимниң дүзилгенлигин, мазмунын яки орынланғанлығын
жазба яки басқа дәлиллер менен тастыйықлаўға ҳақылы.
Нызамда яки тәреплердиң келисиминде туўрыдан-туўры көрсетилген
жағдайларда питимниң әпиўайы жазба формасына жуўап бермегени оның
ҳақыйқый емеслигине алып келеди.
Ис ҳүжжетлерине баҳа берилген ҳалда даўаның 650 000 сом өндириў
талабы тийкарлы табылады. Себеби банк ҳүжжетлеринде пуллардың
жуўапкер банк есап бетине өткерилгени тастыйықланады.
Суд, даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер
пайдасына 650 000 сом, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң
1
203 –2035-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы «D f nd r Nukus» ЖШЖнен төлеўге қәбилийетсиз деп
табылған “Br nd T xnik s wd ” ЖШЖниң пайдасына 650 000 сом пул
қәрежети, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
«D f nd r Nukus» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов
2