← Назад
Решение #2836094 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 782 символов
4-2301-2503/2238-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
УЙҒАРЫЎ
(Ис жүритиўден қысқартыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025 жыл 10 декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, қарыздар
ўәкили жәмийет директоры *** (2025 жыл 28 июнь күнги 08-санлы бүйрық
тийкарында) банк ўәкиллери *** (2025 жыл 31 январь күнги 03-03/14-санлы
исеним хат тийкарында) *** (2025 жыл 15 апрель күнги 03-03/32-санлы
исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, арза бериўши Беруний районы
«***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң, қарыздар Хожели районы
«***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин улыўма тәртипте төлеўге
қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арзасын қосымша ҳүжжетлери менен бирге
суд имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Арза бериўши «***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан
кейин текстте – арза бериўши деп жүритиледи) қарыздар «***»
жуўапкершилиги шекленген жәмийетин (буннан кейин текстте - қарыздар деп
жүритиледи) улыўма тәртипте төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы
арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен.
Судтың 2025 жыл 31 октябрь күнги уйғарыўы менен Өзбекстан
Республикасы
Мәмлекетлик
активлерин
басқарыў
Агентлигиниң
Қарақалпақстан Республикасы басқармасына ҳәм Өзбекстан Республикасы
Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы Хожели районы бөлимине уйғарыў нусқалары
жиберилген.
Қарыздар ўәкили суд мәжилисинде арза талабына наразы екенлигин
билдирип, арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Банк ўәкиллери суд мәжилисинде қарыздар менен орталарында 2026
жылға шекем кредит қарыздарлықларын сөндириў бойынша келисим питими
дүзилгенлигин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Арза бериўши, ўактынша бақлаўшы ҳәм Өзбекстан Республикасы
Мәмлекетлик активлерин басқарыў Агентлигиниң Қарақалпақстан
Республикасы басқармасына ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы
жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы Хожели районы бөлими ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Истиң көрилетуғынлығы ҳаққында хабардар етилгенлиги истеги ҳүжжетлер
менен тастыйықланады. Бирақ арза бериўши тәреп арза талабынан ўаз
кешетуғынлығы ҳаққындағы 2025 жыл 12 ноябрь күнги 12-санлы арзасын
судқа усынды.
Ўактынша бақлаўшы Я.Рузметов арзадан ўаз кешиў ҳәм ис жүритуден
қысқартыў ҳаққындағы мәселелери бойынша өткерилген кредиторлар
жыйналысының 2025 жыл 9 декабрь күнги 01-санлы баянламасын судқа
усынған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясының 3-бөлимине
тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған тәреплер суд мәжилисине келмесе, даўа олардың
жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген.
Сонлықтан суд, олардың ўәкиллериниң қатнасыўларысыз көрип
шығыўды лазым тапты.
Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап,
усынылған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны ис жүритиўден
қысқартыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда қарыздардыӊ 2025 жыл 27 октябрь айы
жағдайына көре қапланбаған қарызлары жәми 110 734 130,72 сомды қураған.
Арза бериўши алдындағы қарыздарлықларды өндириў бойынша даўа
арза менен судқа мүрәжат еткен, Нөкис районлар аралық экономикалық
судының 2024 жыл 9 август күнги 4-2302-2402/1486-санлы орынлаў
ҳүжжетине тийкар, қарыздардан арза бериўши пайдасына 94 700 130,72 сом
тийкарғы қарыз, 16 000 000 сом пеня ҳәм 34 000 сом почта қәрежети, жәми
110 734 130,72 сом қарыздарлықларды өндириў хаты, мәжбүрий орынлаў
бюросы Хожели районы бөлимине тапсырылған.
Бирақ қарыздарлық өндирилместен қалған.
Сонлықтан арза бериўши улыўма тәртипте төлеўге қәбилетсиз деп
табыў ҳақкындағы талабы менен менен судқа мүрәжат еткен.
Арза суд мәжилисинде көрип шығылыўы ушын тайынланғаннан кейин,
арза бериўши арза талабынан ўаз кешетуғынлыгы ҳақкындағы арзасын судқа
усынды.
Сонлықтан ЭПКниң 110-статьясы 6-бәндине тийкар, арза бериўши
арзасынан ўаз кешкен ҳәм суд оны қабыл қылған болса, ис өндиристен
қысқартылады.
Суд, жоқарыдағыларға тийкар, арза бериўшиниң арзасын қабыл қылып
қанаатландырыўды экономикалық исти ис жүритиўден қысқартыўды мақул
тапты.
Сонлықтан, суд даўа арзаны ис жүритиўден қысқартыўды, истиң
биринши инстанция судында көрилиўи менен байланыслы арза бериўши
тәрепинен алдыннан төлеген суд қарежетлерин арза бериўши мойнында
қалдырыўды лазым табады.
ЭПКниң 118, 195-196-статьялары ҳәм 110-статьясын қолланып, суд
УЙҒАРДЫ:
«***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен берилген
арзасынан ўаз кешетуғынлығы ҳақкындағы 2025 жыл 12 ноябрь күнги 12санлы арзасы қанаатландырылсын 4-2301-2503/2238-санлы экономикалық иси
өндиристен қысқартылсын.
Уйғарыўға наразылық (протест) келтирилиўи мүмкин.
Судья
Г.Арзиева