← Назад
Решение #2836322 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
11 985 символов
****2-2****/****3-санлы ис
Бириншиинстанциясудында
көргенсудья - ****
Кассацияинстанциясында
баянатшысудья–****
**** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫНЫҢ ЭКОНОМИКАЛЫҚ
ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ
КОЛЛЕГИЯСЫКАССАЦИЯИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
****5жыл10декабрь
**** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясы судья ****ң басшылығында, коллегия ағзаларысудялар **** ҳәм
****лардан ибарат қурамда,судья аға жәрдемшиси ****ныңхаткерлигинде,арза
бериўши ўәкили– басқарма жетекши юрисконсульты**** (**** жыл16
сентябрькүнги****-санлыисеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкиллери–
жәмийетбаслығы **** ҳәм адвокат ****(**** жыл 10 декабрь күнги18-санлы
исеним хат ҳәмордер тийкарында) қатнасыўында, арза бериўши****ның
жуўапкер “************” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине****сом
финанслық санкция қоллаўды сораған арзасыбойыншаБерунийрайонлар аралық
экономикалық судының**** жыл 14 августкүнги шешиўши қарарынаарза
бериўши****ның бергенкассациялық шағымынис ҳүжжетлери менен бирге ****
Республикасы судының имаратында ашық суд көрип шығып,төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
**** **** Республикасы**** басқармасының **** жыл28 апрелькүнги
****-69-санлы буйрығына тийкар **** жыл30 апрелькүни“************”
жуўапкершилиги шекленген жәмийети(буннан кейин текстте жуўапкер
депжүритиледи) тәрепиненжанылғы-энергия ресурсларын ислеп шығарыў
(қазып алыў), қайта ислеў, узатыў(тасыў), бөлистириў ҳәм тутыныў, олардың
сыпат ҳәм муғдар тәрепинен **** тәмийинлеў бойынша норматив-ҳуқықый
ҳүжжетлер ҳәмде техник қағыйдалар ҳәм нормалар талапларына әмел
етилиўиүйренилген.
Үйрениўде жуўапкерге тийисли автомобиллерге жанылғы қуйыў ****
нефть өнимлерин тарқатыў ушын 2 дана жанылғы қуйыў үскенеси
барекенлиги,жәми дәстеклер саны3 дананы қурайтуғынлығын,соннан 1
данадәстекАи-80 маркалы автобензин тарқатыў,1 дана дәстек Аи-80 маркалы
автобензин тарқатыў,1 данадәстек Аи-91 маркалы автобензинтарқатыўҳәм
1 данадәстекдизель жанылғысын тарқатыўушынорнатылғанлығы,1 дана дизель
жанылғысын
тарқатыўбөлеги
Өзбекстан
миллий
метрология
институтымәмлекетлик
мекемеси
****
филиалы
тәрепинен
****2жыл21январьмәмлекетлик
салыстырыў
көригинен
өткерилген
болып,сертификаттыңәмел
қылыў
мүддети
****2
жыл
21июлькүнитамамланғанлығы,1 дана автобензин таратыўбөлеги Өзбекстан
миллий метрология институты мәмлекетлик мекемеси **** филиалы
тәрепинен**** жыл 6 март күнисалыстырыў көригинен өткерилген болып,
сертификаттың
әмел
қылыў
мүддети
****4жыл
6 сентябрькүни тамамланғанлығы,жуўапкер тәрепинен**** жыл 6 сентябрьден
баслаптексериў күнине шекем баҳасы****сомлық ****литр Аи-80 маркалы
автобензинсалыстырыў
мүддетине
әмел
қылынбастан
реализация
қылынғанлығы анықланған.
Тексериў нәтийжеси менен **** жыл29 апрелькүни****/29-69-санлы акт
рәсмийлестирилген.
**** (буннан кейин текстте арза бериўши депжүритиледи) актти көрип
шығып,
**** жыл30 апрелькүнги****-санлы қарары менен жуўапкерге ****сом
финанслықсанкция белгиленген.Жуўапкерге белгиленген финанслық санкцияны
қарар қабыл қылған күннен баслап бир айдың ишинде ықтыярий
төлеўтапсырылған.
Жуўапкер белгиленген финанслық санкцияны ықтыярий төлемегенлиги
себепли арза бериўши судқа арза менен мүрәжат етип, жуўапкерге
****сом финанс санкцияны қоллаўды сораған.
Беруний районлар аралық экономикалық судының**** жыл14
августкүнги шешиўши қарары менен арыз қылынған талап қанаатландырыўсыз
қалдырылған.
Шешиўши қарарға наразы болып арза бериўши кассация тәртибинде
шағым берген.Шағымында шешиўши қарарды бийкар қылып, арзаны
қанаатландырыў **** жаңа қарар қабыл қылыўды сораған.Оған тийкар
сыпатындатексериў нәтийжеси менен жуўапкерге орынлаўы мәжбүрий болған
көрсетпе берилгенлигин,жуўапкер көрсетилген ҳуқықбузарлықты ықтыярий
рәўиште емес, ал арза бериўши тәрепинен тәсир шарасы қолланылғаннан кейин
сапластырғанлығын,келтирилген зыянды анықлаў ҳәм есап-китап қылыў талабы
нызамшылықта жоқ екенлигин келтирген.
Суд мәжилисиндеқатнасқанарза бериўши ўәкиликассациялық шағымын
қоллап-қуўатлап,егержуўапкерүскенелерди тексериў өткерилгенге шекем
көриктен өткергенде оның ҳәрекетин ықтыярый сапластырылған деп баҳалаў
мүмкин екенлигин, жуўапкеранықланғанған ҳуқықбузарлықтытексериўден
кейин сапластырғанлығы себепли оныңҳәрекетинықтыярый сапластырған деп
баҳалаўға тийкар жоқ екенлигинбилдирип, жуўапкерге финанслық санкцияны
қолланыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкиллери кассациялық шағымда
келтирилген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплап,тексериўе анықланған
ҳуқықбузарлықты тән алатуғынлығын,итибарсызлығы себепли үскенелерди
мәмлекетлик салыстырыў көригинен өткериў ядынан көтерилгенлигин, ****
тексериў өткерилген күнниң өзинде бул кемшиликти сапластырғанлығын,
булҳәрекети менен ҳеш кимге зыян келтирмегенлигин билдирип, биринши
инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды сорады.
Кассацияинстанциясы
суды
тәреплерўәкиллериниң
түсиниклеринтыңлап,кассациялық шағымдыис ҳүжжетлери менен биргекөрип
шығып, төмендегилерге тийкар биринши инстанция судының шешиўши
қарарынөзгериссиз қалдырыўды**** тапты.
Өзбекстан
Республикасы
****де
2025жыл
10 февралда ****-саны менен дизимге алынғанМинистрлер Кабинети
2
жанындағы **** директорының “Көриктен өткерилиўи лазым болған өлшеў
қураллары түрлериниң дизимин тастыйықлаў ****”ғыбуйрығына тийкар
көриктен өткерилиўи керек болған өлшеў қуралларының түрлери
тастыйықланған болып, дизимниң 71-бәнтине көре жанылғы ҳәм май тарқатыў
үскенелерин көриктен өткериў мүддети 6 ай деп белгиленген.
Өзбекстан
****ң
****
жыл
26 февралдағы ****-санлы қарарыменен тастыйықланған “Жанылғы-энергетика
ресурсларынан пайдаланыўда исленген ҳуқықбузарлықлар ушын хожалық
жүргизиўши субъектлергеҳуқықый тәсир шараларын қоллаў тәртиби ****”ғы
Режениң 5-бәнтиниң биринши ҳәм екинши хатбасыларынамуўапық,
нызамшылықта белгиленген тәртипте сертификатластырыўдан өткерилмеген
ҳәм белгиленген тәртипте тамғаланбаған нефть өнимлери ҳәм суйылтырылған
углеводород газди қадағалаў-өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы тарқатыў
үскенелери арқалы жеткерип бериў, сондай-****, қадағалаў-өлшеў әсбапларына
сырттан тиккелей тәсир көрсетиўде ҳуқықбузарлық жағдайларын анықлаў
ўәкилликли уйымның хызметкерлери тәрепинен қадағалаў **** шеңберинде
ислеп шығарыўшы, жеткерип бериўши және сатыўшыларға тийисли темир жол
ҳәм автотаразлар, автосистерна, тиркемели агрегатлар, жанылғы тарқатыў, май
тарқатыў ҳәм газ тарқатыў үскенелери (диспенсерлер) және басқа да қуйыўтөгиў үскенелериниң қуйыў нормаларын кәрхана басшысы ямасаоның
жуўапкерли ўәкиллериниң қатнасыўында тексериў арқалы анықланады.
Хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен өнимлерди жеткерип
бериўде метрологиялық тексериўден өткерилмеген, дәўирлик салыстырыў
мүддети өткен, тамғаланбаған, насаз ҳәм өлшеў қәтелиги норматив ҳүжжетлерге
сәйкес келмейтуғын темир жол ҳәм автотәрези,автосистерна, тиркемели
агрегатлар, жанылғы тарқатыў, май тарқатыў ҳәм газ тарқатыў бағаналарынан
(диспенсерден)
және
нызамшылық
ҳүжжетлерине
муўапық
мәмлекетликкөриктенөтпеген ҳәм түри тастыйықланбаған ямаса метрологиялық
аттестациядан өткерилмеген газ тарқатыўүскенелеринен(диспенсерден),
есаплағышлардан ҳәм басқа да қурылмалардан пайдаланыў жағдайлары
ҳуқықбузарлық сыпатында белгиленеди.
Өзбекстан Республикасының “Энергияны тежеў, оннан **** уғрас
пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў ****”ғы Нызамы(буннан
кейин текстте Нызам депжүритиледи)ның43-статьясының екинши бөлимине
муўапық,нызамшылықта белгиленген тәртипте сертификатластырылмаған ҳәм
белгиленген
тәртипте
тамғаланбаған
нефть
өнимлери
ҳәм
суйылтырылғануглеводород газын қадағалаў өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы
тарқатыў үскенелери арқалы тутыныўшыларға жеткерип бериў, сондай-****,
қадағалаў өлшеў әсбапларына сырттан тиккелей тәсир көрсетиў - қадағалаў
өлшеў әсбаплары ҳәм жанылғы тарқатыў үскенелериниң **** тексериўи
өткерилген күннен баслап реализация етилген товар баҳасының
елиўпайызымуғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Нызамның49-статьясының биринши ҳәм бесинши бөлимлерине тийкар
энергияны үнемлеў, оннан **** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин
арттырыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкциялар суд
3
тәртибинде қолланылады, хожалық жүргизиўши субъект жүз берген
ҳуқықбузарлықтағы айыбын тән алған ҳәм финанслық санкцияның суммасын
ықтыярый түрде төлеген жағдайлар буннан тысқары.
Егер энергияны үнемлеў, оннан **** уғрас пайдаланыў ҳәм энергия
нәтийжелилигин арттырыў тараўында биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислеген
хожалық жүргизиўши субъект жол қойылған ҳуқықбузарлықты ықтыярыйтүрде
сапластырған ҳәмкелтирилгензыянды толық қаплаған болса, финанслық санкция
қолланылмайды.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан
кейин текстте ЭПК депжүритиледи)ниң****-статьясының екинши бөлимине
муўапық, суд ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў **** ис көрип шығылып
атырғанда суд мәжилисинде: ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған-болмағанлығын
ҳәм оның исленгенлиги фактин, тексериў ушын ҳәм тексериў нәтийжлери
бойынша акт яки басқа ҳүжжет дүзиў ушын тийкарлар ҳәм қадағалаўшы
органның ўәкилликлери бар-жоқлығын, усы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын
нызамшылықта жуўапкершилик нәзерде тутылған-тутылмағанлығын ҳәм
ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ушын тийкарлар бар-жоқлығын анықлайды.
Анықланыўынша, жуўапкерде өткерилген тексериўде жуўапкердиң
сертификатластырылмаған жанылғы тарқатыў үскенеси арқалы баҳасы
****сомлық нефть өниминреализация қылғанлығы факти тастыйықланған.
Тексериўде анықланған ҳуқықбузарлық жуўапкер тәрепинен тән алынған
ҳәм тексериў актине қарсылығы жоқлығы **** тил хат берилген.
Жуўапкерарза бериўшиниң энергияны тежеў, оннан **** уғрас
пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелигин асырыў саласындағы ҳуқықбузарлықлар
ушын финанслық санкция муғдарын белгилеў **** **** жыл
30 апрельдегиқарары қабыл қылынған кейин, яғный****жыл 14
майкүнижанылғы тарқатыў үскенелерин Өзбекстан миллий метрология
институты мәмлекетлик мекемеси **** филиалынан мәмлекетлик салыстырыў
көригинен өткерип, анықланған ҳуқықбузарлықты ықтыярый рәўиште
сапластырған.
Сонлықтан, биринши инстанция суды жуўапкер көрсетилген
ҳуқықбузарлықты
биринши
мәрте
ислегенлигин,анықланған
ҳуқықбузарлықтыфинанслық
санкция
белгилеў
****
қарар
қабыл
қылғанкүнисапластырғанлығын итибарға алып, жуўапкерге финанслық санкция
қолламаў **** туўры шешимге келген.
Судлаў коллегиясы, арза бериўшиниң кассациялық шағымында келтирген
ўәжлери менен келисе алмайды.Себеби, буннан алдын жуўапкерде жанылғы
жеткерип бериў үскенелериниң сертифатластырылыўы бойынша тексериў
өткерилмеген.Сонлықтаноның ҳәрекети бундай ҳуқықбузарлықты биринши
мәрте ислеген деп баҳаланады.Сондай-****, нызамшылықта финанслық
санкцияны қоллаў ўәкиллиги судқа берилген.Ис судта көрилгенге
шекемжуўапкер
тәрепиненкөрсетилген
ҳуқықбузарлықты
сапластырғанлығыанықланған
ҳуқықбузарлықты
ықтыярый
рәўиште
сапластырған деп баҳалаўға ҳәм оған финанслық жәрийма қолламаўға тийкар
болады.
4
ЭПК****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, кассация
инстанциясы суды кассациялық шағымды (протестти) көрип шығыў
нәтийжелери бойынша шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўға ****.
Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик **** ****”ғы Нызамының 9статьясы19-бәнтине муўапық,арза бериўши ҳәм жуўапкер –ҳуқықый тәсир
шараларын қоллаў **** ислер бойынша мәмлекетлик **** төлеўден азат
етилген.
Жоқарыдағыларға тийкар, судлаў коллегиясы биринши инстанция судының
шешиўши қарарын өзгериссиз, кассациялық шағымды қанаатландырыўсыз
қалдырыўды,исти көриў нәтийжеси менен арза бериўшиден мәмлекетлик ****
өндирмеўди, кассациялық шағым бериўде төленген 41 **** сом почта қәрежетин
арза бериўшиниң мойнында қалдырыўды лазым табады.
Усы жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы
Экономикалық
процессуаллық
кодексиниң****,
****-статьяларын
қолланып,кассация инстанциясы суды
қ а р а р е т т и:
Берунийрайонлар аралық экономикалық судының**** жыл14 августкүнги
шешиўши қарарыөзгериссиз, кассациялық шағым қанаатландырыўсыз
қалдырылсын.
Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы судына ревизия
тәртибинде шағым етиўге(протест келтириўге) ****.
Басшылық етиўши:
****
коллегияағзалары:
****
****
5