Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2504/1937 Дата решения 10.12.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 4fac6b7d-d8f9-4400-a873-ff903ed329bb Claim ID PDF Hash be1e97cdfc075b47... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 9 059 символов
****1-****/****-санлы экономикалық ис Биринши инстанцияда исти көргенсудья–**** Апелляцияинстанциясында баянатшы судья-**** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы ****5жыл10 декабрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья ****ң басшылығында, коллегия ағзалары****ҳәм****лардан ибарат қурамда,судья аға жәрдемшиси****ңхаткерлигинде,даўагер ўәкили **** (**** жыл 10 декабрь күнги 15-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили **** (**** жыл 10 декабрь күнги исеним хат тийкарында)лардыңқатнасыўында, даўагер “****” ЖШЖниң жуўапкер “****” ЖШЖнен **** сом тийкарғы қарыз ҳәм **** сом пеня өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қабыл етилген Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл16 октябрькүнги шешиўши қарарына “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң наразы болып бергенапелляциялықшағымы ҳәмде қосымша ҳүжжетлерин экономикалық иси менен бирге **** Республикасы суды имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Исте анықланған жағдайларға қарағанда,“ ****” ЖШЖ (буннан кейин текстте-даўагер деп жүритиледи)ҳәм“****” ЖШЖ (буннан кейин тексттежуўапкер деп жүритиледи)орталарында ****-жыл 9-октябрь күнги 14-санлы өним жеткерип бериў шәртнамасы дүзилип, усы шәртнаманың 1, 2.2-бәнтлерине муўапық «өним жеткизип бериўши» «буйыртпашы»ға гербиш өнимлерин жеткизип бериў, «буйыртпашы» болса усыөнимди қабыл етип алыў ҳәм **** төлеў миннетлемесин алған. Тәреплер ортасында дүзилгеншәртнаманың 2.2-бәнтине көре, буйыртпашы өним **** **** пайыз алдын ала төлеўи лазым. Шәртнаманың 3.2-бәнтине тийкар “өним жеткерип бериўши” пул каржылары түскеннен кейин 5 күннен 30 күнге шекем аралықта өнимди жеткериўди әмелге асырыўы лазым.Даўагер тәрепинен шәртнама шәртлерине тийкар жуўапкерге жәми **** сом төленген, **** сом жуўапкер тәрепинен даўагердиң есап бетинен шешип алынған, лекин жуўапкер тәрепинен жәми **** сомлық өним жеткерилип қалған, **** сомлық өним жеткерилмеген. ****, жуўапкерқалған өнимлерди жеткерип берилмегенлигисебепли даўагер жуўапкерге ****5жыл2 сентябрь күнги 26-санлыталапнама арқалыпул қаржыларын есап бетине өткерип бериўди талап еткенеткен. Жуўапкер талапнамаға жуўап бермегенлиги себеплидаўагер экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкерден**** сом тийкарғы қарыз ҳәм **** сом пеняөндириўди сораған. Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл16 октябрькүнги шешиўши қарары менен даўа арзақысманқанаатландырылып,жуўапкерден даўагердиң пайдасына**** сом пеня, төленген **** сом почта қәрежети, **** сом мәмлекетлик ****өндирилген. Биринши инстанция судының шешиўши қарарынажуўапкер апелляция тәртибинде шағым берген.Шағымындадаўагер өнимди өз есабынан алып кетиўи лазымлығын,гербиш өнимлери **** тайын болғанлығын, пеня өндиргени тийкарсыз екенлигин көрсетип,шешиўши қарарынбийкаретиўди сораған. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисиндеапелляциялық шағымды қоллапқуўатлап, гербиш өнимлери **** таярлап берилгенлигин, даўагер өзи келип алып кетиўи лазымлығын, өнимди қайсы объектке алып барып бериўи лазымлығын көрсетпегенлигинбилдирип, шешиўши қарарды бийкар етиўди сорады. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде апелляциялық шағым тийкарсыз екенлигин,жуўапкерге жәми **** сом төленгенлигин, **** сом жуўапкер тәрепинен есап бетинен шешип алынғанлығын,****жуўапкер тәрепинен жәми **** сомлық өним жеткерилип қалған, **** сомлық өним жеткерилмегенлигин,**** сом қарыздарлық ис биринши инстанция судында көрилиўи даўамында, яғный **** жыл 15 октябрь күни төлеп берилгенлигин,пеня есапланғанлығы нызамлы екенлигин билдирип, шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды сорады. Судлаў коллегиясытәреплер ўәкиллериниң суд мәжилисиндеги көрсетпелерин тыңлап,ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар шешиўши қарарды өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсызқалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте -ПКдеп жүритиледи)ниң 8 ҳәм ****-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткерип бериў шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң ****-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, **** ****, хожалықта ҳәм соған уқсас басқа **** пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа **** пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың **** төлеў миннетлемесин алады. Даўагер тәрепинен шәртнама шәртлерине тийкар жуўапкерге**** жыл 10 октябрь күни ****-санлы төлеп тапсырықнамасы менен **** сомтөленген,**** жыл 28 январь күни 17-санлы төлем талапнамасы арқалы **** сом жуўапкер тәрепинен даўагердиң есап бетинен шешип алынған. Жуўапкер тәрепинендаўагергежәми **** сомлық өним жеткерилип қалған, **** сомлық өним жеткерилмеген. Бул истеги ҳүжжетлер, тәреплер ўәкилиниң суд мәжилисиндеги түсиндирмелери менен тастыйықланады. 2 ПКниң ****-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Сонлықтан,даўагердиң жуўапкерден **** сом тийкарғы қарызды өндириў талабы тийкарлыболып есапланады. ****, ис судта көрилиўи барысында, яғный **** жыл 15 октябрь күнижуўапкер тәрепинен **** сом тийкарғы қарыз даўагерге толық төленген. Солсебеплибиринши инстанция суды,бул даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыў**** дурыс шешимге келген. ПКниӊ ****-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Даўагер тәрепинен жуўапкерге өним жеткериў кешиктирилген күнлер ушын жәми **** сом пеня есапланып, **** өним жеткериў кешиктирилген сумманың 50 пайызынан аспаған ҳалда **** сом пеня өндириўдисораған. Өзбекстан Республикасы “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниң шәртнамалық-ҳуқықый базасы ****”ғы Нызамының 24-статьясы үшинши бөлиминемуўапық, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, хожалық шәртнамаларын орынламағанлығы ҳәм зәрүрли дәрежеде орынламағанлығы ушын усы Нызамның ****-статьяларында нәзерде тутылған жуўапкершилик шаралары қолланылады. Нызамның 25-статьясына көре, товарларды жеткерип бериў мүддетлери кешиктирилген, толық жеткерип берилмеген, жумыслар орынланбаған ямаса хызметлер көрсетилмеген жағдайларда, товар жеткерип бериўши (жумысты бөлип алып ислеўши) сатып алыўшыға (буйыртпашыға) кешиктирилген ҳәр бир күн ушын миннетлемениң орынланбаған бөлегиниң 0,5 проценти муғдарында пеня төлейди, **** бунда пеняның улыўма суммасы жеткерип берилмеген товарлар, орынланбаған жумыслар ямаса көрсетилмеген хызметлер баҳасының 50 процентинен аспаўы керек. Сонлықтан, биринши инстанция судыдаўагердиң пеня өндириў талабы тийкарлы деп таўып,пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, пеня муғдарын кемейтириў ҳәм **** сом пеня өндириў**** дурыс шешимге келген. Судлаў коллегиясы жуўапкердиң апелляциялық шағымда ҳәм ўәкилиниң суд мәжилисиндеги гербиш өнимлери **** таярлап берилгенлиги, даўагерөзи келип алып кетиўи лазымлығы, өнимди қайсы объектке алып барып бериўи лазымлығын көрсетпегенлиги **** ўәжлери менен келисе алмайды. Себеби, жоқарыда айтып өтилгениндей, шәртнаманың 3.2-бәнтине тийкар “өним жеткерип бериўши” пул каржылары түскеннен кейин 5 күннен 30 күнге шекем аралықта өнимди жеткериўди әмелге асырыўы лазым. Жуўапкердиң гербиш өнимлери таяр екенлиги **** ўәжлери де тастыйықланбайды. 3 ЭПКниң ****-статьясының биринши бөлимине тийкар суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сай рәўиште олардың мойнына жүклетиледи. ЭПК ****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****. Жоқарыдағыларға тийкарланып, апелляция инстанция суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды, апелляциялық шағымбериўде төленген **** сом мәмлекетлик **** ҳәм **** сом почта қәрежетинжуўапкердиң мойнында қалдырыўды лазым табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң****,****, ****-статьяларын қоллап, апелляция инстанциясы суды ҚАРАРЕТТИ: Нөкисрайонлараралық экономикалық судының ****5жыл16 октябрькүнги шешиўши қарары өзгериссиз, апелляциялықшағымқанаатландырыўсыз қалдырылсын. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****. Басшылық етиўши: **** ағзалары: **** **** 4