← Назад
Решение #2836533 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
6 167 символов
4-2301-2504/2330-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 9-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязов, даўагер
«***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер "***" шаңарақлық кәрханасынан
4 189 837,07 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша
қылынған ҳүжжетлери менен бирге әпиўайыластырылған тәртипте көрип
шығып, төмендегилерди
анықлады:
Даўагер “”***” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер
"***" шаңарақлық кәрханасы (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нен 4 189 837,07 сом пеня өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан
кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине
муўапық егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса
базалық есаплаў муғдарының бес есесинен аспаса, даўа арзалар бойынша ислер
әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылады.
ЭПКниң
2034-статьясы
сегизинши
бөлимине
муўапық
суд
әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын
өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен
көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Тәреплер орталарында 2023-жыл 11-апрель күни 165353-санлы электр
энергиясын жеткизип бериў ҳаққындағы шәртнама (буннан кейин текстте
Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған
тармақ арқалы электр энергиясын жеткерип бериў миннетлемесин алған,
жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 3.6-бәнтине муўапық, тутуныӯшыларға электр энергиясын
жеткерип бериӯ алдыннан ҳақы төлеӯ тийкарында әмелге асырылады.
Шәртнаманың 3.12-бәнтиниң төртинши хатбасына муўапық тутуныӯшыға
төлем мүддети өткен ҳәр бир күн ушын төлем мүддети өткен сумманың 0,1
пайызы муғдарында, лекин мүддети өткен төлем суммасының 50 пайызынан
аспаған муғдарда пеня есапланады.
ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берип, өзиниң
шәртнамадағы миннетлемесин орынлап келген, ал жуўапкер шәртнамаға
2
муўапық пайдаланылған электр энергиясынан 18 884 426 сом қарызын өз
ўақтында төлемегенлиги ушын 4 189 837,07 сом пеня есапланған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына
муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Пеняны төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 13-ноябрь күнги 0206/2005-санлы талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлем әмелге
асырылмаған.
Жуўапкердиң шәртнама миннетлемелери орынланбағанлығы истеги
ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 4 189 837,07 сом пеня өндириў
талабын тийкарлы деп есаплайды.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай
дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий
аҳўалы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007-жыл
15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым
дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ, кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги
түсиндирилген.
Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тийгизиўин есапқа алып, пеня муғдарын
кемейтириўди, жуўапкерден 838 000 сом пеня өндириўди мақул табады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши муўапық, суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес
түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 838 000 сом пеня, төленген
41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине жуўапкерден 412 000 сом
3
мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 2031–2035-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
"***" шаңарақлық кәрханасы есабынан «***» акционерлик жәмийети
пайдасына 838 000 сом пеня ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
"***" шаңарақлық кәрханасы есабынан республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип нызамлы
күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўи (прокурор протест
келтириўи) мүмкин.
Судья
С.Ниязов