← Назад
Решение #2836601 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
6 297 символов
4-2301-2504/2263-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 9-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, арза
бериўши ўәкили *** (2025-жыл 18-ноябрь күнги 01-10/4329-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер жеке исбилермен ***ның қатнасыўында, арза
бериўши ***ниң жуўапкер жеке исбилермен ***ға 28 840 000 сом жәрийма
қоллаў ҳәм өндириў ҳаққындағы арзасы бойынша қозғатылған экономикалық
исти суд имаратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
*** (буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық
судқа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер жеке исбилермен *** (буннан кейин
текстте жуўапкер деп жүритиледи)ға 28 840 000 сом жәрийма қоллаўды ҳәм
қолланылған жәрийманы өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арзадағы талабы тийкарлы
екенлигин, себеби жуўапкер нызамшылық талапларына әмел қылмағанлығы
истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын билдирип, арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер даўаны қысман тән алып, ҳақыйқаттан өзи
тәрепинен нызам бузыўшылыққа жол қойылғанлығын, бирақ реклама етпп
атырған өнимниң сертификаты, рухсатнамасы бар деп ойлағанлығын,
өнимниң сертификаты, рухсатнамасы болмаса реклама қылыўға болмаслығын
билмеслигин, исбилерменлик пенен жақында шуғылланып баслағанлығын,
шаңарақ жағдайы төменлигин билдирип, өзине жәрийма қолламаўды, даўаны
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап,
истеги ҳүжжетлерин үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып
арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, арза бериўши тәрепинен жуўапкерге
пуқара мүрәжатына тийкар, мүрәжаттағы жағдайларға анықлық киритиў
мақсетинде арза бериўшиниң 2025-жыл 16-сентябрь күнги 311-XS-санлы
буйрығы қабыл етилген ҳәм буйрық тийкарында 2025-жыл 24-сентябрь күни
жуўапкерде үйрениў жумыслары алып барылып, нәтийжеде жуўапкер
тәрепинен социаллық тармақ арқалы қылынған рекламадағы өнимниң ислеп
шығарылыўы ҳәм реализация қылыныўы ушын тийисли сертификатлары ҳәм
лицензиялары, мәжбүрий сертификатластырыў гуўалықлары яки арнаўлы
рухсатнамалары жоқ екенлиги анықланған ҳәм бул ҳаққында акт
рәсмийлестирилген.
Жоқарыдағы жағдайлар бойынша арза бериўши тәрепинен жуўапкерге
қарата әмелдеги нызамшылық талаплары бузылғанлығы бойынша ис
қозғатылған.
2
Өзбекстан Республикасының “Реклама ҳаққында”ғы Нызамы (буннан
кейин текстте Нызам деп жүритиледи)ның 5-статьясына көре, намақул
реклама деп - надурыс, әдепсиз, жасырын реклама, сондай-ақ, усы Нызам
талапларына сәйкес келмейтуғын басқа рекламалар түсиниледи.
Нызамның 16-статьясы төртинши бөлими үшинши хатбасысына көре,
ислеп шығарылыўы ҳәм (ямаса) реализация қылыў ушын тийисли
сертификатлары ҳәм лицензиялары, мәжбүрий сертификатластырыў
гүўалықлары ямаса арнаўлы рухсатнамалары болмаған товарларды реклама
етиў қадаған етиледи.
Нызамның 31-статьясы биринши бөлимине муўапық, и[ОКОЗ:
1.12.00.00.00
Ахборот
ва
ахборотлаштириш
/
12.04.00.00
Ахборотлаштириш. Ахборот тизимлари, технологиялари ва уларни
таъминлаш воситалари / 12.04.03.00 Интернет глобал тармоқ]
нтернет жәҳән мәлимлеме тармағы қуралында тарқатылатуғын реклама
усы Нызамның 16-статьясында нәзерде тутылған рекламаға қойылатуғын
тийкарғы талапларға, соның ишинде, реклама бериўши ҳәм реклама
тарқатыўшы бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Республикасының резидентлери
болған жағдайда рекламаны тарқатыўға жол қоймаў ҳаққындағы талапқа
муўапық болыўы керек.
Сондай-ақ, Нызамның 47-статьясына муўапық, намақул реклама
бергенлик, аксилрекламаны бериўден бас тартқанлық - базалық есаплаў
муғдарының жетпис есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.
Рекламаға байланыслы искерлик субъектлери болған юридикалық
тәреплер реклама ҳаққындағы нызамшылық тараўында анықланған
ҳуқықбузарлықларда айыбын тән алған жағдайда финанслық санкцияларды
қолланыў ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен әмелге асырылады,
келиспеўшилик бар болған жағдайда болса финанслық санкцияларды
қолланыў ҳаққындағы мәселе суд тәртибинде шешиледи.
Финанслық санкцияларды қолланыў рекламаға байланыслы искерлик
субъектлери болған юридикалық тәреплерди ўәкилликли мәмлекетлик
уйымның қарарын ямаса көрсетпесин орынлаў ямаса реклама ҳаққындағы
нызамшылықта нәзерде тутылған басқа да ҳәрекетлерди орынлаў
миннетлемесинен азат етпейди.
Ис материалларына қосылған арза бериўшиниң 2025-жыл 17-октябрь
күнги 3-23-2025/116-санлы қарары менен жуўапкер тәрепинен Өзбекстан
Республикасының “Реклама ҳаққында”ғы Нызамының 16-статьясы төртинши
бөлими үшинши хатбасысы талабы бузылған деп табылған.
Сонлықтан, суд арза бериўшиниң жуўапкерге (70 * 412 000 сом)
28 840 000 сом жәрийма қоллаў ҳәм өндириў ҳаққындағы талабын тийкарлы
деп есаплайды.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң
118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
3
Баян етилгенлерге тийкарланып, суд арзаны қанаатландырыўды,
жуўапкерге 28 840 000 сом жәрийма қоллаўды ҳәм қолланылған жәрийманы
арза бериўши пайдасына өндириўди, жуўапкерден арза бериўши пайдасына
41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 576 800 сом мәмлекетлик
бажы өндириўди мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң
118, 176-179, 217, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
Е Т Т И:
Арза қанаатландырылсын.
Жуўапкер жеке исбилермен ***ға Өзбекстан Республикасының
“Реклама ҳаққында”ғы Нызамының 47-статьясына тийкар 28 840 000 сом
жәрийма қолланылсын ҳәм қолланылған 28 840 000 сом жәрийма ҳәм 41 200
сом почта қәрежети арза бериўши Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти
раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети
пайдасына өндирилсин.
Жуўапкер жеке исбилермен ***дан республика бюджетине 576 800 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарар он күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм
шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап он
күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция
тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест
келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов