Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2504/2317 Дата решения 09.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID fa130934-3868-4ab0-970f-b8fe29cfb432 Claim ID PDF Hash 12dcd4919e5e920b... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 2 852 символов
4-2301-2504/2317-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов УЙҒАРЫЎ (даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025-жыл 9-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, жуўапкер ўәкили адвокат *** (2025-жыл 2-декабрь 94-санлы ордер тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 22 000 000 сом тийкарғы қарыз, 11 000 000 сом жәрийма, 9 328 000 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы ҚЛ А Д Ы: Даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 22 000 000 сом тийкарғы қарыз, 11 000 000 сом жәрийма, 9 328 000 сом пеня өндириўди сораған. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде өз-ара медиация келисимине келгенлигин билдирип, медиация келисимин судқа усынып, даўа арзаны көрместен қалдырыўды сорады. Даўагер ўәкили суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилгенлигине қарамастан келмеди. Суд исте қатнасыўшы шахс ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жылы 2декабрь күни медиация келисими дүзилген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси 107-статьясының 53-бәнтине муўапық, тәреплер медиация келисимин дүзген болса, даўа арза көрместен қалдырылады. Сонлықтан, суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 9-бәнтине тийкар егер тәреплер ортасында медиация келисими дүзилген болса, даўа арза көрместен қалдырылса, мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы лазым. Сонлықтан, суд төленген 41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды, төленген 423 300 сом мәмлекетлик бажыны даўагерге бюджеттен қайтарыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 115, 131, 107, 108, 195-статьяларын, Өзбекстан 2 Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 18-статьясын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: Даўа арза көрместен қалдырылсын. Даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетине төленген 423 300 сом мәмлекетлик бажы бюджеттен қайтарылсын ҳәм бул ҳаққында мағлыўматнама берилсин. Уйғарыўға наразы тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы уйғарыў үстинен Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов