Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2503/1628 Дата решения 09.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 817a8257-3e9b-406b-b603-c29b0a3ab60c Claim ID PDF Hash 070844953b88b176... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 8 817 символов
4-2304-2503/1628-санлы экономикалық ис судья Б.Т.Бекмуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 09-декабрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Т.Бекмуратовтыӊ басшылығында, судья жәрдемшиси Б.З.Ибрагимовтыӊ хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХХ (2025-жыл 05-декабрь күнги 120-санлы исеним хат) ҳәм жуўапкер ўәкили бас есапшы ХХХ (2025-жыл 09-декабрь күнги 224-санлы исеним хат)лардың қатнасыўында, ХХХ Саўда-санаат палатасы ХХХ басқармасы даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мәпин қорғап жуўапкер «ХХХ» мәмлекетлик шөлкеминен 55 100 000 сом тийкарғы қарызын ҳәм 27 550 000 сом пеняны даўагер пайдасына өндириўди сораған даўа арзасын Нөкис районлар аралық экономикалық суды имәратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ХХХ Саўда-санаат палатасы ХХХ басқармасы (буннан кейин текстте ССП деп жүритиледи) даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжаат етип, жуўапкер «ХХХ» мәмлекетлик шөлкеми (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 55 100 000 сом қарызын ҳәм 27 550 000 сом пеняны даўагер пайдасына өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 05-декабрь күнги уйғарыўы менен иске ХХХ экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде ХХХ бойынша Ғазнашылық басқармасы даўа предметине арз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Суд мәжлисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллапқуўатлап, даўагер менен шәртнама дүзилгенлигин, шәртнамада көрсетилген миннетлемелер жуўапкер тәрепинен орынланбағанлығын, сол себепли қарыздарлық келип шыққанлығын, бул қарыздарлық усы күнге шекем төленбегенлигин, сол себепли даўа арзаны толық қанаатландырыўды сорады. Суд мәжлисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили даўа талапларын тән алып, қарыздарлығын тез арада сапластыратуғынын билдирди. ССП ҳәм үшинши шахс ўәкиллери суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирлерин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде ССП ҳәм үшинши шахслардың суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына муўапық олардың қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд, исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте – ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери нефт өнимлерин жеткерип бериў шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 437-статьясына муўапық, өним жеткерип бериў шәртнамасына тийкар исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған өним жеткерип бериўши - сатыўшы шәртлесилген мүддетте яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын яки сатып алатуғын өнимлерди сатып алыўшыға исбилерменлик жумысында пайдаланыў ушын, жеке, шаңарақлық мақсетлерде, күндекли турмыста ҳам соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса өнимлерди қабыл етип алыў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда-ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2023-жыл 24-июль күни 14-санлы өним жеткерип бериў шәртнама (буннан кейин текстте – шәртнама деп жүритиледи)сы дүзилген. Усы шәрнамаға муўапық клиент төлеў ҳәм қабыл қылыў ҳәм орынлаўшы шәртнамада белгиленген шәртлер тийкарында асфальт өнимлерин жеткерип бериў миннетлемесин алған. Даўагер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланып, жуўапкерге 524 499 968 сомлық нефть өнимлери жеткерип берилген болып, өним ушын жуўапкер тәрепинен 469 399 968 сом төлем әмелге асырылып, қалған 55 100 000 сом усы күнге шекем төленбеген. Даўагер тәрепинен жуўапкерге миннетлемелер шәртнамада белгиленген мүддетлерде орынланбағанлығы себепли талапнама менен мүрәжат етилген. Бирақ, жуўапкер тәрепинен талапнама ақыбетсиз қалдырылған. Сол себепли, ССП даўагер мәпинде судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкерден 55 100 000 сом қарыздарлықты өндириўди сораған. Бул жағдайлар истеги шәртнамалар, есапбети фактуралары, мағлыўматнама ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўа талабын тийкарлы деп есаплап, бул талабын 55 100 000 сомға толық қанаатландырыўды мақул тапты. Сондай-ақ, суд даўагердиң жуўапкерден кешиктирилген сомманың 50 пайызы муғдарындағы 27 550 000 сом пеня өндириў талабын да тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен өним жеткерип бериў шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, пеняның толық көлемде қанаатландырылыўы жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын итибарға алып, талап қылынған 27 550 000 сом пеняны (27 550 000 х 20% =) 20 пайызға кемейтирип 5 510 000 сомға қанаатландырыўды, пеняның қалған бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, бесинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғаннан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28декабрьдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети төленген. Сол себепли, исти көриў нәтийжеси менен суд жуўапкерден республика бюджетине 1 653 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәмде жуўапкерден даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «ХХХ» мәмлекетлик шөлкеминен даўагер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 55 100 000 сом қарызы, 5 510 000 сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер «ХХХ» мәмлекетлик шөлкеминен 1 653 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы ХХХ судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья: Б.Т.Бекмуратов