Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2504/2338 Дата решения 09.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 50194049-3314-4d24-8080-656fa80cd933 Claim ID PDF Hash 6a7acbd90a16b848... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 4 864 символов
4-2301-2504/2338-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР судья С.Ниязов 2025-жыл 9-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязов, даўагер ***тиң жуўапкер "***" ЖШЖнен кредит бойынша мүддети өткен 2 964 337,15 сом тийкарғы қарызын, мүддети өткен 3 757 822,95 сом пайыз, 213 602,19 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен бирге әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди анықлады: Даўагер *** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен кредит бойынша мүддети өткен 2 964 337,15 сом тийкарғы қарызын, мүддети өткен 3 757 822,95 сом пайыз, 213 602,19 сом пеня өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине муўапық егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса базалық есаплаў муғдарының бес есесинен аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылады. ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Тәреплер орталарында 2025-жыл 14-февраль күни 256-санлы кредит шәртнамасы (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. Кредит шәртнамасына тийкар жуўапкерге 48 ай мүддетке, жыллық 23 пайыз төлеӯ шәрти менен 100 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. Кредит шәртнамасының 4.4 ҳәм 6.2.1-бәнтлерине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 17-ноябрь жағдайына 2 мүддети өткен 2 964 337,15 сом тийкарғы қарызы, мүддети өткен 3 757 822,95 сом пайыз қарыздарлығы жүзеге келген, шәртнаманың 8.4-бәнтине тийкар есапланған пеня 213 602,19 сомды қураған. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагер банктиң талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлемлер әмелге асырылмаған. Шәртнаманың 8.4-бәнтинде қарыз алыўшы кредит төлемлерин өз ўақтында төлемеген ҳәмде олар бойынша мүддети өткен қарызлар жүзеге келген жағдайда төлем кешиктирилген ҳәр бир күн ушын банкке мүддети өткен кредит қарыздарлығына қарата 0,2 пайыз, мүддети өткен пайыз төлемлерине қарата 0,2 пайыз муғдарында пеня төлейди. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, жуўапкер тәрепинен кредит ҳәм оған есапланған пайызларды төлеў кестесинен кешиктирип келинген. Бул жағдайда, даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, мүддет өткен пайыз қарызын ҳәм пеня өндириў талабы тийкарлы болып есапланады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына өндириледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына мүддети өткен 2 964 337,15 сом тийкарғы қарызын, мүддети өткен 3 757 822,95 сом пайыз, 213 602,19 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине жуўапкерден 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 2031–2035-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа арза қанаатландырылсын. "***" ЖШЖнен *** пайдасына мүддети өткен 2 964 337,15 сом тийкарғы қарызы, мүддети өткен 3 757 822,95 сом пайыз, 213 602,19 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. "***" ЖШЖнен Республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья С.Ниязов