Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2503/2305 Дата решения 09.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья AMANIYAZOV JALG‘AS JOLDASBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f144946d-eb42-4869-bcfe-1ab0adace7e3 Claim ID PDF Hash 96b8d16688dd56b9... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 015 символов
4-2302-2503/2305-санлы экономикалық ис судья Ж.Ж.Аманиязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 9-декабрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Ж.Аманиязов басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаева хаткерлигинде, Беруний районы прокуроры жәрдемшиси XX, даўагер ўәкили XX ҳәм жуўапкер ўәкили XXдыӊ қатнасында, XXныӊ даўагер XXниӊ мәпинде жуўапкер XXнен 13 116 673,12 сўм тийкарғы қарызды өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти судтың өз имәратында видеоконференцбайланыс режиминде ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: XX (кейинги текстте палата деп жүритиледи) даўагер XX (кейинги текстте даўагер деп жүритиледи) ниӊ мәпинде жуўапкер XX (кейинги текстте жуўапкер деп жүритиледи) нен 13 116 673,12 сўм тийкарғы қарызды өндириўди сораған. Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 10-ноябрь күнги уйғарыўы менен XX, XX даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер ўәкили қарыздарлығын төлеп беретуғынлығын билдирип, нызамлы шешим қабыллаўды сорады. Суд мәжилисинде прокурор даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Палата ҳәм үшинши шахслар суд мәжилисине өз ўәкиллериниң қатнасыўын тәмийинлемеди. Суд истеги ҳүжжетлерде палата ҳәм үшинши шахслар суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық палата ҳәм үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд тәреплер ўәкиллериниң көрсетпелерин, прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда - ПК деп жүргизиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткериў нәтийжесинде ҳәм де усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткизип бериў шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда даўагер менен жуўапкер ортасында дүзилген 2023-жыл 15-сентябрь күнги 9У-санлы “Арнаўлы техника ижара” шәртнамасының 1-бөлимине тийкар даўагер жуўапкерге арнаўлы техниканы ижараға бериў, жуўапкер болса оны қабыл етип алыў ҳәм ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Мәмлекетлик буйыртпашыларының хожалық искерлигин жүргизиў даўамында әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўлары Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлары ҳаққында»ғы Нызамында белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы лазым. Усы Нызамның 71-статьясында туўрыдан-туўры шәртнамалар дүзиў мүмкин болған мәмлекетлик сатып алыўларының дизими көрсетилген. Бирақ, тәреплер саўдалар өткерместен, нызамға қайшы рәўиште туўрыдан-туўры шәртнама дүзиўге жол қойған. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2007 жыл 28 февраль күнги ПҚ-594-санлы “Мәмлекетлик бюджеттиң ғазнашылық системасын жәнеде раўажландырыў ис илажлары ҳаққында”ғы Қарарының 6-бәнтине муўапық бюджет системасы бюджет қаржылары есабынан товарлар (жумыслар, хызметлер) жеткерип бериўшилер менен шәртнамалары, сондайақ, буйыртпашылардың бюджет системасы бюджет қаржылары есабынан капитал қурылысқа байланыслы шәртнамалары мәжбүрий тәртипте Ғазнашылықтан дизимнен өткерилиўи шәрт ҳәм тек ғана ол әмелге асырылғаннан кейин күшке киреди деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 122-статьясының үшинши бөлимине муўапық, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшыларының бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар бойынша товарларды (жумысларды, хызметлерди) жеткерип бериўшилер менен дүзилген шәртнамалары, сондай-ақ оларға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық бөлимлеринде дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киреди. Тәреплер ортасында дүзилген 2023-жыл 15-сентябрь күнги 9У-санлы шәртнама Ғазнашылық дизиминен өткизилмегенлиги истеги XX Беруний районы бөлиминиӊ 2025-жыл 9-декабрь күнги хаты менен тастыйықланады. Бул жағдайда, тәреплер ортасында дүзилген 2023-жыл 15-сентябрь күнги 9У-санлы шәртнама дүзилмеген деп есапланғанлығы себепли көрсетилген хызмет баҳасын усы шәртнамаға тийкар өндириўге тийкар жоқ. Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлийллеўи керек. ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сонлықтан суд жоқарыдағыларға тийкар даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, төленген 41 200 сўм почта қәрежетин даўагер мойнында қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы, исти видеоконференцбайланыс режиминде көриў менен байланыслы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозитине 103 000 сўм суд қәрежетлерин ѳндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўагер XXнен республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Даўагер XXнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сўм суд қәрежетлери өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Ж.Ж.Аманиязов