Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2504/2323 Дата решения 09.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 5297d30f-c3ee-4c20-ad84-7a99f5c2cc9e Claim ID PDF Hash d361fabbff8930de... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 3 767 символов
4-2301-2504/2323-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР судья С.Ниязов 2025-жыл 9-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязов, ***ның даўагер АКБ "***" мәпинде жуўапкер "***" шаңарақлық кәрханасынан даўагер пайдасына 5 500 000 сом пайыз қарызын өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен бирге әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди анықлады: *** даўагер АКБ "***" (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" шаңарақлық кәрханасы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 5 500 000 сом пайыз қарызын өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса - базалық есаплаў муғдарының бес есесинен аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылады. ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық, суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 27-март күни 257-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге 7 жыл мүддетке, жыллық 18% төлеў шәрти менен 70 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. Кредит шәртнамасының 2.4, 4.3.1-бәнтлерине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Нәтийжеде, жуўапкердиң 2025-жыл 7-ноябрь жағдайына пайыз қарызы 5 500 000 сомды қураған. 2 Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 5 500 000 сом пайыз қарызын өндириў талабын тийкарлы есапланады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 5 500 000 сом пайыздан қарызын, 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 2031–2035-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" шаңарақлық кәрханасынан даўагер АКБ "***" пайдасына 5 500 000 сом пайыздан қарызы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер "***" шаңарақлық кәрханасынан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья С.Ниязов