Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2503/1614 Дата решения 05.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 6662c8ed-4efd-4550-913c-b250677ebe65 Claim ID PDF Hash 52ec76416665f8dc... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 9 362 символов
4-2304-2503/1614-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 5-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкиллери юрисконсульт З.И*** (2025-жыл 6-январь күнги ЖЕ-02-06/16-санлы исеним хат), бөлимше баслығы Ж.О*** (2024-жыл 4-октябрь күнги ЖЕ-01-11/199-санлы исеним хат) ҳәм жуўапкер ўәкили жәмийет юридика бөлими баслығы Ж.Ж*** (2025-жыл 13-октябрь күнги 01-04/4167-санлы исеним хат)лардың қатнасында, даўагер «А***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер «Q*** S*** T***» акционерлик жәмийетинен 206 230 974 сом тийкарғы қарызын ҳәм 148 277 621 сом пеня өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Нөкис районлар аралық экономикалық судының имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «А***» АЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «Q*** S*** T***» АЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 206 230 974 сом тийкарғы қарызын ҳәм 148 277 621 сом пеня өндириўди сораған. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң қарызы даўа арзаға қосымша етилген ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, бирақ жуўапкер бүгинги күнде электр энергиясынан тийкарғы қарызын толық төлегенлигин билдирип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын тән алатуғынлығын билдирип, бүгинги күнде жәмийетиниң экономикалық жағдайы төмен екенлигин есапқа алып, пенядан жәрдем бериўди сорады. Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиндириўлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы тәмийнаты шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы 2 абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Ѳзбекстан Республикасы «Электр энергетикасы ҳаққында»ғы Нызамының 27-статьясына муўапық, тутыныўшы электр тәмийнаты шәртнамасы шәртлеринде белгиленген электр энергиясынан пайдаланыў режимине әмел етиўи, пайдаланылған электр энергиясы ушын ҳақыны электр тәмийнаты шәртнамасында белгиленген мүддетлерде ѳз ўақтында тѳлеўи лазым. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2023-жыл 5-январь күни электр энергиясын юридикалық (бюджет) ҳәм юридикалық статусқа ийе болмаған тутыныўшыларға сатыў ҳаққында 042033-санлы шәртнама дүзилген болып, оның 1-бәндине муўапық даўагер жуўапкерге электр энергиясын тутасқан тармақ арқалы жеткизип бериў ҳәм жуўапкер болса пайдаланылған электр энергиясы ушын ѳз ўақтында ҳақы төлеў миннетлемелерин алған. Шәртнамаға муўапық тутыныўшы менен кәрхана ортасындағы ѳз-ара есап-китаплар ушын есап-китап дәўири бир айды қурайтуғынлығы көрсетилген ҳәм тутыныўшыға ѳзиниң пайдаланған электр энергиясы ушын ѳз ўақтында есап-китап қылып барыў миннетлемеси жүклетилген. Шәртнаманың 3.6-бәндине муўапық, тутыныўшыға электр энергиясын жеткизип бериў 100 пайыз алдыннан ҳақы төлеў тийкарында әмелге асырылады. ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис-қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Жуўапкер шәртнама миннетлемесин лазым дарежеде орынламағанлығы себепли 2025-жыл 1-ноябрь ҳалатына оның жәми 206 230 974 сом тийкарғы қарызы ҳәм 148 277 621 сом пеня бойынша қарыздарлығы пайда болған. Бирақ, даўагер тәрепинен судқа усынылған мағлыўматнамаға қарағанда, жуўапкер бүгинги күнде электр энергиясынан тийкарғы қарызын толық төлеген. Бул жағдайлар истеги шәртнама, салыстырыў акти, талапнама, мағлыўматнама ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўа талапларының 206 230 974 сом тийкарғы қарызын өндириў бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Соның менен бирге, суд даўагердиң жуўапкерден 148 277 621 сом пеня ѳндириў ҳаққындағы талабы да тийкарлы ҳәм дурыс есап-китап қылынған деп есаплайды. ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде 3 орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. ПКниң 326-статьясына көре, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сай емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтириўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий жағдайы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтириў ҳуқықына ийе. Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин итибарға алып, пеняны 30 000 000 сомға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм 4 Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 10-ноябрь күни хабар системасы арқалы автоматик рәўиште жаратылған 253147948795инвойс рақамлы квитанция арқалы 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 7 090 171,9 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «Q*** S*** T***» акционерлик жәмийетинен даўагер «А***» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 30 000 000 сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўа арзаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер «Q*** S*** T***» акционерлик жәмийетинен республика бюджетине 7 090 171,9 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов