Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2503/1617 Дата решения 05.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b5d321f5-1787-4d26-8d91-adf4170de065 Claim ID PDF Hash e4267797932b7197... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 7 455 символов
4-2304-2503/1617-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 5-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили юрисконсульт Т.Т*** (2025-жыл 2-апрель күнги ЖЕ-02-06/590-санлы исеним хат)тиң қатнасында, даўагер «А***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер «Q*** ***» фермер хожалығынан 13 073 214,36 сом қарызын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Нөкис районлар аралық экономикалық судының имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «А***» АЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «Q*** ***» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 13 073 214,36 сом қарызын өндириўди сораған. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде оның суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң қарызы даўа арзаға қосымша етилген ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, жуўапкер тәрепинен судқа даўа арза киритилгенинен кейин қарыздарлық қысман төленгенлигин, қалған 2 073 214,36 сом қарыздарлық бүгинги күнге дейин тѳленбегенлигин билдирип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды сорады. Суд даўагер ўәкилиниң түсиндириўлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы тәмийнаты шәртнамасынан келип шыққан. 2 ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Ѳзбекстан Республикасы «Электр энергетикасы ҳаққында»ғы Нызамының 27-статьясына муўапық, тутыныўшы электр тәмийнаты шәртнамасы шәртлеринде белгиленген электр энергиясынан пайдаланыў режимине әмел етиўи, пайдаланылған электр энергиясы ушын ҳақыны электр тәмийнаты шәртнамасында белгиленген мүддетлерде ѳз ўақтында тѳлеўи лазым. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2024-жыл 15-май күни көтере тутыныўшыларға электр энергиясын жеткизип бериў ҳаққында 008/3-3069-санлы шәртнама дүзилген болып, оның I бөлимине муўапық даўагер жуўапкерге электр энергиясын тутасқан тармақ арқалы жеткизип бериў ҳәм жуўапкер болса пайдаланылған электр энергиясы ушын ѳз ўақтында ҳақы төлеў миннетлемелерин алған. Шәртнамаға муўапық тутыныўшы менен кәрхана ортасындағы ѳз-ара есап-китаплар ушын есап-китап дәўири бир айды қурайтуғынлығы көрсетилген ҳәм тутыныўшыға ѳзиниң пайдаланған электр энергиясы ушын ѳз ўақтында есап-китап қылып барыў миннетлемеси жүклетилген. Шәртнаманың 3.6-бәндинде ЭЕАҚАСқа жалғанған яки алдыннан ҳақы төлеў қурылмасы ҳәм есапқа алыў приборына ийе болған тутыныўшыларға электр энергиясын жеткизип бериў алдыннан төленген төлем шеңберинде әмелге асырылады. Тутыныўшыларға электр энергиясын жеткизип бериў кеминде 50 пайыз алдыннан ҳақы тѳлеў тийкарында әмелге асырылатуғынлығы, электр тәмийнаты шәртнамасында белгиленген мүддетлерде алдыннан ҳақы төлемеген тутыныўшыларға электр тармақларынан толық үзиўге шекемги болған шаралар көрилетуғынлығы белгилеп қойылған. ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис-қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Жуўапкер шәртнама миннетлемесин лазым дарежеде орынламағанлығы себепли 2025-жыл 1-ноябрь ҳалатына оның жәми 13 073 214,36 сом қарызы пайда болған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен судқа даўа арза кирим қылынғанынан кейин қарызы қысман төленген. Бул жағдайлар истеги шәртнама, салыстырыў акти, талапнама, мағлыўматнама ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. 3 Сонлықтан, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 2 073 214,36 сом тийкарғы қарызын өндириўди, қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 11-ноябрь күни хабар системасы арқалы автоматик рәўиште жаратылған 253154463288инвойс рақамлы квитанция арқалы 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «Q*** ***» фермер хожалығынан даўагер «А***» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 2 073 214,36 сом тийкарғы қарызы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўа арзаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер «Q*** ***» фермер хожалығынан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. 4 Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов