← Назад
Решение #2837449 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
10 349 символов
4-2304-2503/1607-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 5-декабрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң
хаткерлигинде,
даўагер
ўәкили
жетекши
юрисконсульт
А.У***
(2025-жыл 25-ноябрь күнги 23/25-166-санлы исеним хат) ҳәм жуўапкер
ўәкили жәмийет юридика бөлими баслығы Ж.Ж*** (2025-жыл 13-октябрь
күнги 01-04/4167-санлы исеним хат)лардың қатнасында, даўагер Ө***ның
жуўапкер
«Q***
S***
T***»
акционерлик
жәмийетинен
124 561 309,05 сом финанслық санкциясын өндириўди сораған даўа арзасына
тийкар қозғатылған экономикалық исти Нөкис районлар аралық
экономикалық судының имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер Ө*** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «Q*** S***
T***» АЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен
124 561 309,05 сом финанслық санкциясын ѳндириўди сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талабын қоллапқуўатлап, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл
31-майдағы 319-санлы қарары менен тастыйықланған «Электр энергиясынан
пайдаланыў Қағыйдалары» 12-бәндиниң 13-хатбасына муўапық, электр
энергиясы тутыныўшылары рухсат етилген қуўатлылығы 50 кВт ҳәм оннан
артық болған барлық тутыныўшылар (турмыслық тутыныўшылардан
тысқары) реактив энергияны компенсациялаўшы қурылмаларды орнатыўға
ҳәм усы қурылмалардың саз жағдайда ислеўин тәмийинлеўге мәжбүр
екенлигин, бирақ жуўапкер тәрепинен реактив энергияны компенсациялаў
жумыслары жетерли дәржеде шөлкемлестирилмегенлигин, нәтийжеде
артықша электр энергиясының ысырап болыўына алып келгенлигин,
жуўапкердиң нызамбузыўшылық ҳәрекетлери судқа усынылған ҳүжжетлер
менен толық тастыйықланып турғанлығын билдирип, жуўапкерден
қолланылған финанслық санкциясын өндирип бериўди сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили даўа талабын тән алып,
нызам шеңберинде жәрдем бериўди сорады.
Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып
даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
2
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, Ө*** Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы
Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм
нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилин хабардар еткен ҳалда ҳәмде
2
0
2
5
ж
ы
л
25-август күнги 18-02-23/29-190-санлы буйрыққа тийкар жуўапкердиң
энергия нәтийжелиги ҳәм энергияны тежеў, сондай-ақ, энергиядан ақылға
уғрас пайдаланыў нормаларына ҳәмде оның сыпат көрсеткишлерине әмел
етиўи бойынша 2025-жыл 27-август күни тексериў өткизилген.
Тексериў
барысында
жуўапкер
тәрепинен
реактив
қуўат
компенсациясы
бойынша
жумысларды
шөлкемлестириў
тәртиби
бузылғанлығы ҳәм оған әмел етилмегенлиги, нәтийжеде 2024-жылдың
ноябрь айында 23 558 315,4 сомлық, декабрь айында 24 560 836,2 сомлық,
2025-жылдың январь айында 25 528 618,8 сомлық, февраль айында
21 174 966 сомлық, март айында 27 668 393,1 сомлық, апрель айында
29 368 515,6 сомлық, май айында 30 712 770 сомлық, июнь айында 28 941 402
сомлық ҳәм июль айында 37 608 801 сомлық, жәми 249 122 618,1 сомлық
электр энергиясы ысырап болғанлығы анықланған ҳәм жуўапкерге усы
сумманың 50 пайызы муғдарында 124 561 309,05 сом финанслық санкциясы
есапланылған.
Тексериў нәтийжеси бойынша 2025-жыл 27-август күни 18-02-23/29190-01-санлы акт дүзилген болып, бул акт тексериў өткизген хызметкер ҳәм
жуўапкердиң баслығы тәрепинен имзаланылған.
Соң даўагер тәрепинен 2025-жыл 28-август күни «Энергияны тежеў,
оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў
тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық санкция муғдарын
белгилеў» ҳаққында 799-санлы қарар қабыл етилип, оның бир нусқасы
жуўапкердиң баслығына тилхат арқалы тапсырылған ҳәм оған қолланылған
124 561 309,05 сом финанслық санкциясын ықтыярый төлеў ушын 1 ай
мүддет берилген.
Жуўапкер тәрепинен даўагердиң ҳуқықый тәсир шарасы сыпатында
финанслық санкцияны қолланыў ҳаққындағы қарары үстинен белгиленген
тәртипте оның жоқары турыўшы органына яки судқа мүрәжат етилмеген
ямаса 124 561 309,05 сом финанслық санкциясы 1 ай мүддет ишинде
ықтыярый түрде төлеп берилмеген.
Сол себепли даўагер жуўапкерден 124 561 309,05 сом финанслық
санкциясын өндириў ҳаққында экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат
етиўге мәжбүр болған.
Өзбекстан Республикасы «Электр энергетикасы ҳаққында»ғы
Нызамының 10-статьясына муўапық, Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм
газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясына товарлар (жумыслар,
хызметлер),
имаратлар,
үскенелер
ҳәм
қурылмалардың
энергия
нәтийжелилиги ҳәм энергия үнемлеўшилиги нормаларына, сондай-ақ,
энергиядан ақылға уғрас пайдаланыўға ҳәм сыпат көрсеткишлерине әмел
етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, электр
3
энергиясын үнемлеў, оннан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў
бойынша
талаплар
бузылған
жағдайда
айыпкер
шахсларды
жуўапкершиликке тартыў илажларын көриў ҳәм басқа да ўәкилликлер
берилген.
Өзбекстан Республикасы «Энергияны тежеў, оннан ақылға уғрас
пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин асырыў ҳаққында»ғы Нызамы
45-статьясының биринши бөлимине муўапық, реактив қуўат компенсациясы
бойынша жумысларды шөлкемлестириў тәртибин бузыў яки оған әмел етпеў
– әсбап-үскенелер яки нормативлик усыллар менен анықланған ысырап
болған электр энергиясы муғдары баҳасының елиў пайызы муғдарында
жәрийма салыўға себеп болады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл
31-майдағы 319-санлы қарары менен тастыйықланған «Электр энергиясынан
пайдаланыў Қағыйдалары» 12-бәндиниң 13-хатбасына муўапық, электр
энергиясы тутыныўшылары рухсат етилген қуўатлылығы 50 кВт ҳәм оннан
артық болған барлық тутыныўшылар (турмыслық тутыныўшылардан
тысқары) реактив энергияны компенсациялаўшы қурылмаларды орнатыўға
ҳәм усы қурылмалардың саз жағдайда ислеўин тәмийинлеўге мәжбүр болып
есапланады.
Усы Қағыйдалардың 147-бәндине муўапық, тутыныўшы тәрепинен
реактив қуўат жетерли дәрежеде компенсацияланбағанлығы ақыбетинде
бирден-бир электр энергетика системасы тармақларында пайда болған
жоғалтыўлар тутыныўшы тәрепинен энергиядан ақылға уғрас пайдаланбаған
деп есапланады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл
26-февральдағы 121-санлы қарары менен тастыйықланған «Жанылғыэнергетика ресурсларынан пайдаланыўда жүз берген ҳуқықбузарлықлар
ушын хожалық жүргизиўши субектлерге ҳуқықый тәсир шараларын
қолланыў тәртиби ҳаққында»ғы Реже (буннан кейин текстте Реже деп
жүритиледи) 21-бәндиниң 1-хатбасына муўапық, ўәкилликли уйымның
хызметкерлери тәрепинен дүзилген актлер ҳәмде ўәкилликли уйым
тәрепинен қабыл етилген қарар финанслық санкциялар қолланыў ушын
тийкар болып есапланады.
Режениң 26, 27 ҳәм 28-бәнтлерине муўапық, усы Режеде нәзерде
тутылған финанслық санкцияларды қолланыў бойынша қарар қабыл
етилгеннен соң хожалық жүргизиўши субектлер бир ай мүддет ишинде
финанслық санкцияларды ықтыярый түрде төлеп бериўлери мүмкин.
Биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислеген хожалық жүргизиўши субект
жол қойылған ҳуқықбузарлықты ықтыярый түрде сапластырған ҳәм
жеткизилген зыянның орнын толық қаплаған болса, финанслық санкция
қолланылмайды.
Ўәкилликли уйымның қарары тийкарында қолланылған финанслық
санкциялар бир ай мүддетте, усы Режениң 32-бәндиндеги жағдайларда алты
ай мүддетте төлеп берилмеген жағдайда, финанслық санкциялар ўәкилликли
уйым тәрепинен суд тәртибинде өндириледи.
4
Бул жағдайда тексериў нәтийжеси бойынша дүзилген актте
көрсетилген ҳуқықбузарлық ҳәрекети бүгинги күнде жуўапкер тәрепинен
сапластырылмаған.
Суд жоқарыдағылардан келип шығып, жуўапкерден финанслық
санкциясын өндирмеўге тийкарлар жоқ деп есаплайды ҳәм даўа арзаны
толық қанаатландырыўды лазым табады.
Буннан
тысқары,
Өзбекстан
Республикасы
Экономикалық
процессуаллық кодекси 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине
муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған
даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл
29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 25-октябрь күни
хабар системасы арқалы автоматик рәўиште жаратылған 252987888240инвойс рақамлы квитанция арқалы 41 200 сом почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 2 491 226,18 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер «Q*** S*** T***» акционерлик жәмийетинен даўагер
Ө***ның пайдасына 124 561 309,05 сом финанслық санкция ҳәм 41 200 сом
почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «Q*** S*** T***» акционерлик жәмийетинен республика
бюджетине 2 491 226,18 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
5
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор
протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Қ.О.Хожамуратов