Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2502/2286 Дата решения 05.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b84000a3-02ce-4bef-83b6-801570c2c037 Claim ID PDF Hash 57c6df743d9a3af7... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 3 750 символов
4-2302-2502/2286-санлы экономикалық ис судья Б.С.Убайдуллаев УЙҒАРЫЎ (даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында) Беруний районы 2025-жыл 5-декабрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаева хаткерлигинде, жуўапкер ўәкили ХХ (2025-жыл 15-май күнги 18-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыӯында, ХХ ниң даўагер ХХ мәпин қорғап, жуўапкер ХХнен 164 582 002 сўм тийкарғы қарыз, 64 100 842 сӯм пеня, жәми 228 682 844 сўм өндириӯди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалиқ исти өз суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Беруний районы фермерлери кеңеси (кейинги орынларда Кеңес) ХХ (кейинги орынларда даўагер) мәпин қорғап судқа даўа арза менен мүрәжәәт етип, ХХнен (кейинги орынларда жуўапкер) 164 582 002 сўм тийкарғы қарыз, 64 100 842 сӯм пеня, жәми 228 682 844 сўм өндириӯди сораған. Суд мәжлисинде Кеңес ўәкили судқа даўагер даўа арзасынан ўаз кешиўи ҳаққындағы арзасын усынып, даўа арзаны көрместен қалдырыўды сорады. Суд мәжлисинде жуўапкер ўәкили даўагер даўа арзасынан ўаз кешгенлиги себепли даўа арзаны көрместен қалдырыўды сорады. Кеңес ҳәм даўагер ўәкили суд мәжилиси ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарлы етилгенлигине қарамастан суд мәжилисине келмеди. Суд сонлықтан исти Өзбекстан Республикасы Економикалық протсессуал кодексиниң (кейинги орынларда ИПК деп жүритиледи) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық Кеңес ҳәм даўагер ўәкиллери қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўагердиң даўасынан ўаз кешиўин қабыллаўды ҳәм төмендегилерге көре даўа арзасын көрместен қалдырыўды лазым тапты. ИПК 157-статясының екинши ҳәм үшинши бөлимлерине көре, даўагер исти ҳәр қандай инстанция судында көриўде тийисли суд инстанциясында исти көриў жуўмағы бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилгенге шекем даўадан толық ямаса толық емес ўаз кешиўге ҳақылы. Суд даўаның тийкары ҳәм предмети бир ўақытта өзгертилиўин қабыл етпейди. Суд даўадан ўаз кешиўди, даўа талаплары муғдарын кемейтиўди де, егер бул нызам ҳүжжетлерине қарсы болса ямаса басқа тәреплердиң ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорықланатуғын мәплерин бузса, қабыл етпейди. Бундай жағдайларда суд исти мазмуннан көреди. Соның менен бирге, ИПК 107-статясының 8-бантине тийкар даўагердиң мәплерин гөзлеп прокурор, мәмлекет органы ҳәм басқа шахс тәрепинен берилген даўадан даўагер ўаз кешкен болса, даўа арзасы көрместен қалдырылыўы лазым. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, даўагер тәрепинен судқа даўа арзасынан ўаз кешиўи ҳаққындағы арза берилген. Суд даўагердиң даўа арзасынан ўаз кешиўи нызам ҳүжжетлерине қылап емеслиги ҳәм басқа тәреплердиң ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерине тәсир етпеслигинен келип шығып, даўа арзадан ўаз кешиўди қабыллаўды ҳәм даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын және де жетилистириў бойынша шөлкемлестириўши илажлар ҳаққында» 2017-жыл 10-октябрдеги ПҚ-3318-санлы қарарының 3-бәнтине тийкар Кеңес бажы төлеминен азат етилген. Сол себепли, суд даўагердиң даўа арзадан ўаз кешиўин қабыллаўды, даўа арзасын көрместен қалдырыўды, ис бойынша алдыннан төленген 41 200 сўм почта қәрежетин Кеңес мойнында қалдырыўды, даўагерден мәмлекет бажы өндирмесликти лазым тапты. Жоқарыдалардан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107, 195, 196-статьяларын қоллап, суд УЙҒАРДЫ: Даўагер ХХның даўа арзадан ўаз кешиўи қабыл етилсин. Беруний районы фермерлери кеңесиниң даўагер ХХ мәпин қорғап берген даўа арзасы көрместен қалдырылсын. Усы уйғарыў үстинен бир айлық мүддетте апелляция тәртибинде шағым бериў (протест келтириў) мүмкин. Судья Б.С.Убайдуллаев