← Назад
Решение #2837609 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
5 900 символов
4-2302-2502/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья ХХХ
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 4-декабрь
ХХХның судьясы ХХХ, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ХХХныӊ АТБ
“ХХХ” мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХ” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен 7 751 251,27 сўм кредит пайызын өндириўди сораған даўа арзаси
бойынша қозғатылған экономикалық исти әпиўайыластырылған ис жүргизиў
тәртибинде суд имаратында көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ХХХ АТБ “ХХХ” (кейинги текстлерде
даўагер яки банк деп жүритиледи) мәпинде ХХХна даўа арза менен мүрәжат
етип, жуўапкер “ХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен (кейинги
текстлерде жуўапкер деп жүритиледи) 7 751 251,27 сўм кредит пайызын
өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2034-статьясиниң екинши бөлимине көре,
жуўапкер даўа арзасы жүзесинен жазба пикирин даўа арзаны ис жүргизиўге
қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен баслап он
бес күнлик мүддетте судқа өзи тийкарланған ҳүжжетлер ҳәм дәлиллерди
қосымша еткен ҳалда усыныўға ҳақлы. Жазба пикирге оның көширме нускасы
даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша етиледи.
Усы Кодекстиң 2034-статьясы үшинши бөлимине көре, даўа арзасы
жүзесинен жазба пикир жуўапкер яки онын ўәкили тәрепинен имзаланады.
Ўәкил тәрепинен имзаланған жазба пикирге исеним хат қосымша етиледи. Бирақ
жуўапкер тәрепинен даўа арзасы жүзесинен жазба пикир усынылмады.
Усы Кодекстиң 2034-статьясы төртинши бөлимине көре даўа арзасының
судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тартипте хабардар етилген жуўапкер
тәрепинен даўа арзасы жүзесинен жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны
әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығыўға тосқынлық
етпейди.
Усы жағдайда суд усынылған ҳүжжетлер исти мазмуннан көрип шығыў
имканиятин бериўин инабатқа алып, исти әпиўайыластырылған ис жүргизиў
тәртибинде көрип шығыўды лазым деп есаплайди.
Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға
тийкарланып, даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Конституциясы
55-статьясының
биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин
нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў,
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги
үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 3-октябрь
күни дүзилген 8873-санлы “Кредит линиясын ашпастан кредит бериў”
шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 17,5 % бенен 84 ай
мүддетке 100 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратылған.
Кредит шәртнамасының 1.1-бандине тийкар банк қарыз алыўшыға усы
шәртнамада көрсетилген муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын
бериў, қарыз алыўшы болса, алынған пул қаржыларын қайтарыў ҳәм пул
қаржыларынан пайдаланғанлығы ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алған.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда –
ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип
шыққан.
ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам
ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп
көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында
басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс
яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген
муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе.
Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған
төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп барыў
миннетлемесин алған.
Жуӯапкердиң 7 751 251,27 сўм кредит пайызынан қарызы бар екенлиги
истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамасы менен толық
тастыйықланады.
Сонлықтан, суд даўа арзаны толық қанаатландырыўды лазым тапты.
Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Сол себепли, суд даўагердиң даўа талабын толық қанаатландырыўды,
жуўапкерден банк пайдасына 7 751 251,27 сўм кредит пайызы ҳәм алдыннан
тѳленген 41 200 сўм почта қәрежетин өндириўди, жуўапкерден республика
бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы ѳндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118, 176-179, 2034, 2035-статьяларын басшылыққа алып,
суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер “ХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен АТБ “ХХХ”
пайдасына
7 751 251,27 сўм кредит пайызы, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер “ХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика
бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин 10 күн мүддет ѳткеннен соң
нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап 10 күн мүддет ишинде усы
суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
ХХХ