Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2504/2325 Дата решения 04.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 230dab38-ede9-4de6-a46d-d28bdad4d6a5 Claim ID PDF Hash 0edf4886177a3544... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 833 символов
4-2301-2504/2325-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 4-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 31-январь күнги 02-09/497-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, ***ның даўагер АК «***» мәпинде жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер пайдасына 282 000 000 сом мүддети өткен кредит қарызын, 234 800 000 сом пайыз қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: *** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер АК «***» (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына кредит бойынша 282 000 000 сом мүддети өткен қарызын, 234 800 000 сом пайыз қарыздарлықты өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап, жуўапкердиң бүгинги күнде кредиттен қарыздарлығы төленбестен көбейип баратырғанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясына көре, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси басланғанына шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады. Экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы төмендеги жағдайларда да суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады, егер: уйғарыў жолланған шахс уйғарыўдың көширме нусқасын алыўдан бас тартқан ҳәм усы бас тартыў ҳаққында жазыў бар болса; суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен болса; уйғарыўдың көширме нусқасы суд тәрепинен электрон почта арқалы яки хабардар етилгенлик фактин тастыйықлаўшы басқа байланыс қуралларынан пайдаланған ҳалда жиберилген күннен баслап үш күн өткен болса. 2 Жуўапкердиң судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили) бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен. Жуўапкер, Палата ўәкили суд мәжилисине ўәкили келмеди. Палата өз даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди сораған. Сонлықтан, суд ЭПКниң 128, 170-статьяларына тийкар исти жуўапкер, Палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 7-июнь күни 350-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге айланба қаржыларын толтырыў ушын 36 ай мүддетке, жыллық 28,9% төлеў шәрти менен 3 000 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. Кредит шәртнамасының 2.3 ҳәм 4.2.1-бәнтлерине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 7-ноябрь жағдайына мүддети өткен кредит қарызы 282 000 000 сом, пайыз қарызы 234 800 000 сом сомды қураған. Бул, банк мағлыўматнамасы менен тастыйықланады. Бул жағдайда, даўагердиң жуўапкерден кредит бойынша 282 000 000 сом мүддети өткен тийкарғы қарызын, 234 800 000 сом пайыз қарыздарлықты өндириў талабы тийкарлы есапланады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық даўагер төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына өндириледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер банк пайдасына 282 000 000 сом мүддети өткен кредит 3 қарызын, 234 800 000 сом пайыз қарыздарлықты, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине 10 336 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" ЖШЖнен даўагер АК «***» пайдасына 282 000 000 сом мүддети өткен кредит қарызы, 234 800 000 сом пайыз қарызы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер "***" ЖШЖнен республика бюджетине 10 336 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов