Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2502/2331 Дата решения 04.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID baaf8763-fbc8-471d-a6ad-88e54ec77500 Claim ID PDF Hash a45fa3cc26ee3b68... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 931 символов
4-2302-2502/ХХХ-санлы экономикалық ис судья ХХХ Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 4-декабрь ХХХның судьясы ХХХ басшылығында, судья жәрдемшиси ХХХның хаткерлигинде, даўагер ХХХның жуўапкер “ХХХ” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 39 883 318,45 сўм тийкарғы қарыз, 10 114 409,56 сўм пеня өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалиқ исти суд имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ХХХ (кейинги текстлерде даўагер деп жүритиледи) ХХХна даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “ХХХ” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен (кейинги текстлерде жуўапкер деп жүритиледи) 39 883 318,45 сўм тийкарғы қарыз, 10 114 409,56 сўм пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисине тәреплер ўәкиллери келмеди, ѳзлериниң жазба пикирлерин усынбады. Даўагер даўа арзасында келтирген илтимаснамасында исти ѳзинин ўакили қатнасыўысыз кѳриўди сораған. Суд сонлиқтан исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги текстлерде ЭПК деп жүритиледи) 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық тәреплер ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституцияси 55-статьясының биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги текстлерде ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатды шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды басқа тәреп (сатып алыўшы)ке мүлк қылып тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасы (баҳасы)н төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер, жуўапкер ҳәм балансда сақлаўшы Мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының ХХХ аймақлық басқармасы орталарында 2025-жыл 2-июнь күнги 02/01-1045254асанлы алды-сатды шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәндине муӯапық, сатыўшы (даўагер) қарыйдарға (жуўапкер) ХХХ, ХХХ районы, ХХХ МПЖ, ХХХ кѳшеси, ХХХ-жайда жайласқан “ХХХ”н сатып алыў баҳасында және инвестиция ҳәм социал миннетлемелер менен сатыў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 3.1-бәнтине муўапық объектти сатып алыў баҳасы 705 300 000 сўмды қурайды. Жуўапкер 35 260 250 сўм дәслепки сатып алыў төлемин төлемлердиң бир бөлими сыпатында қабыл етилип, қалған 670 039 750 сўм тѳлемлерди тѳлеў кестесине кѳре тѳлеў миннетлемесин алған. Бирақ жуўапкер тәрепинен 39 883 318,45 сўм қарызы бүгинги күнге дейин тѳленбегенлиги истеги шәртнама, даўагер мағлыўматнамасы менен тастыйықланады. Сонлықтан суд жуўапкерден даўагер пайдасына 39 883 318,45 сўм тийкарғы қарызын ѳндириўди лазым тапты. Даўагер жуўапкер тәрепинен тийкарғы қарыз 2025-жыл 4-ноябрь күнине шекем кешиктирилгенлиги ушын жуўапкерден 10 114 409,56 сўм пеня өндириўди сораған. Шәртнаманың 7.3-бәнтинде сатып алыў тѳлемлери ѳз ўақтында әмелге асырылмаған жағдайда қарыйдар ҳар бир кешиктирилген күн ушын тѳленбеген тѳлемлердиң 0,4 пайызы муғдарында, бирақ тийкарғы сумманың 50 пайызынан артық болмаған муғдарда пеня тѳлеўи белгиленген. ПК 261-статьясының екинши бѳлимине тийкар қарыздар миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламаған ҳалларда тѳлейтуғын ҳәм қағыйда сыпатында қатаң пул суммасында есапланатуғын неустойка жәрийма есапланады. ПК 261-статьясының үшинши бѳлимине тийкар қарыздар миннетлемелердиң орынланыўын кешиктирип жибергенде тѳлейтуғын ҳәм ѳткерип жиберилген мүддеттиң ҳәр бир күни ушын миннетлемениң орынланбаған бѳлегине пайызлар менен есапланатуғын неустойка пеня есапланады. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен қарызды ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтип, 3 000 000 сўм пеня өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлийллеўи керек. ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сол себепли, суд даӯа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 39 883 318,45 сӯм тийкарғы қарыз ҳәм 3 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети, республика бюджетине 999 954,56 сўм мәмлекетлик бажы ѳндириўди, даўа талапларының қалған бѳлимин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даӯа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер “ХХХ” жууапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер ХХХның пайдасына 39 883 318,45 сӯм тийкарғы қарыз ҳәм 3 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Даўа талапларының қалған бѳлими қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер “ХХХ” жууапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 999 954,56 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы ХХХ судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья ХХХ