Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2311 Дата решения 04.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 2e16fdff-f4f2-4c2c-9565-7b2d3bdca672 Claim ID PDF Hash 90ce754145121251... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 4 231 символов
4-2301-2502/2311-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 04-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов, даўагер Нөкис қаласы «SM-Adv t » адвокатлық бюросының жуўапкер Хожели районы «Guld n D st n» ЖШЖнен 5 000 000 сом хызмет ҳақы пулын өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин көрип шығып, төмендегилерди анықлады: «SM-Adv t » адвокатлық бюросы (кейинги орынларда даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, «Guld n D st n» ЖШЖнен (кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи)нен 5 000 000 сом хызмет ҳақы пулын өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым. ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ҳақы есесине хызмет көрсетиў шәртнамасынан келип шыққан. ПК 703-статьясының биринши бөлимине муўапық, ҳақы есесине хызмет көрсетиў шәртнамасы бойынша орынлаўшы буйыртпашының тапсырмасы менен затлық формада болмаған хызметти орынлаў (мәлим бир ҳәрекетлерди ислеў яки мәлим искерликти әмелге асырыў), буйыртпашы болса ҳақы төлеў миннетлемесин алады. ПК 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. 2 Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 31-май күни 21-санлы юридикалық жәрдем көрсетиў шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар даўагер жуўапкерге юридикалық жәрдем яғный адвокатлық хызметин көрсетиў, ал жуўапкер болса ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 8 ҳәм 9-бәнтлерине көре, жуўапкер адвокатлық хызмет көрсетилгеннен кейин үш күн мүддетте даўагерге 15 000 000 сом муғдарында хызмет ҳақысын төлеўи лазым болған. Даўагер тәрепинен жуўапкерге адвокатлық хызмети көрсетилген, бирақ жуўапкер тәрепинен төлем лазым дәрежеде амелге асырылмаған яғный, тек 10 000 000 сом төленген. Сонлықтан истеги шәртнама, суд ҳүжжети ҳәм басқа да ҳүжжетлерге тийкар даўагердиң жуўапкерден қалдық болған 5 000 000 сом қарызын өндириў талабы тийкарлы есапланады. ЭПК 118-статьясыныӊ биринши муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 5 000 000 сом қарызын, 412 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 2031–2035-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа арза қанаатландырылсын. Хожели районы «Guld n D st n» ЖШЖнен Нөкис қаласы «SMAdv t » адвокатлық бюросының пайдасына 5 000 000 сом қарызы, 412 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов