Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2040 Дата решения 04.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 9b4d4b93-a2b9-4978-9180-92d4349564cc Claim ID PDF Hash b4c4ec6e989c2cc9... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 2 798 символов
4-2301-2502/2040-санлы экономикалық ис Б.Баймуратов УЙҒАРЫЎ (ис жүритиўди өндиристен қысқартыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025-жыл 4-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер Нөкис қаласы «K rd r ishl b hiq rish m sul tl ri» ЖШЖниң жуўапкерлер АКБ “Tur nb nk” ҳәм “Tur nb nk” АКБ Қарақалпақстан Республикасы банк хызметлери орайы орталарында 2025-жыл 18-июнь күни дүзилген 2-санлы келисим питимин ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер «K rd r ishl b hiq rish m sul tl ri» ЖШЖти экономикалық судына еткен мүрәжатында, АКБ “Tur nb nk” ҳәм “Tur nb nk” АКБ Қарақалпақстан Республикасы банк хызметлери орайын жуўапкерлер қатарында көрсетип, банк хызметлери орайы орталарында 2025-жыл 18-июнь күни дүзилген 2-санлы келисим питимин ҳақыйқый емес деп табыўды сораған. Судтың 2025-жыл 21-октябрь күнги уйғарыўы менен “X mk r r E rt” ЖШЖти даўа предметине өз алдына талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Даўагер даўадан ўаз кешиўин билдирип, исти өндиристен қысқартыў ҳаққындағы арзасын судқа берген. Даўагер, жуўапкерлер, үшинши шахс суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар исти даўагер, жуўапкерлер, үшинши шахстың қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, ис жүритиўди өндиристен қысқартыўды мақул тапты. ЭПК 157-статьясы биринши бөлимине муўапық, даўагер исти биринши инстанция судында көриў ўақтында шешиўши қарар қабыл етилгенге шекем даўаныӊ тийкары яки предметин өзгертиў, даўа талаплары муғдарын көбейтириў яки кемейтириў, сондай-ақ даўадан ўаз кешиўге ҳақылы. ЭПК 110-статьясы 6-бәнтине тийкар даўагер даўасынан ўаз кешкен ҳәм экономикалық суд оны қабыл еткен болса, экономикалық иси бойынша ис жүритиў өндиристен қысқартылады. Даўагер даўа арзасынан ўаз кешиў ҳаққындағы арзасын судқа берген. Суд даўагердиң даўадан ўаз кешиўин қабыл етиўди ҳәм даўа арза бойынша ис жүритиўди өндиристен қысқартыўды, даўагер тәрепинен даўа арза берерде төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин оның мойнында қалдырыўды мақул тапды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 110, 111, 118, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: Даўагердиң даўасынан ўаз кешиўи қабыл етилсин ҳәм ис жүритиў өндиристен қысқартылсын. Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья Б.Баймуратов