Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2303-2502/1254 Дата решения 04.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 35832466-9305-48fb-86ef-6e60eabd3671 Claim ID PDF Hash 6f80aa5776fa2ad8... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 12 341 символов
4-2303-2502/1254-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 4-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокуроры жәрдемшиси М.А***, даўагер ўәкили М.М*** (2024-жыл 22-ноябрь күнги 11-06/58-санлы исеним хат) ҳәм жуўапкер ўәкили экономист Г.Е*** (2025-жыл 4-декабрь күнги 235-санлы исеним хат)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер «Ў***» акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер Қ***нан 51 298 422 сом лизинг төлемлеринен қарызын ҳәмде 13 730 873 сом пеня, жәми 65 029 295 сом ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлигин ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасын иске даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартқан ҳалда Нөкис районлар аралық экономикалық судының имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер «Ў***» АЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ниң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер Қ*** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 51 298 422 сом лизинг төлемлеринен қарызын ҳәмде 13 730 873 сом пеня, жәми 65 029 295 сом ѳндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 7-ноябрь күнги уйғарыўына тийкар иске Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы (буннан кейин текстте үшинши шахслар деп жүритиледи) даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған. Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында Палата ҳәм үшинши шахслар тийисли тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлемеди. Сол себепли, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық исти олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкердиң қарызы даўа арзаға қосымша етилген ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, бул қарыздарлық жуўапкер тәрепинен бүгинги күнге дейин тѳленбегенлигин, 2 жуўапкер тәрепинен график мүддетлери бузылғанлығы себепли пеня өндириў соралғанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын тән алып, бүгинги күнде 4-группаны жаўып қойғанлығы себепли пулларын төлей алмай атырғанлығын билдирип, пенядан жәрдем бериўди сорады. Прокурор суд мәжилисинде даўа талаплары тийкарлы екенлигин есапқа алып, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиндириўлерин ҳәм прокурор пикирин тыңлап ҳәмде истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға алыўшы) екинши тәрептиң тапсырыўына көре сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге лизинг төлемлерин төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, 2018-жыл 30-декабрь күнги 18/11-4-199санлы лизинг шәртнамасына муўапық даўагер тәрепинен «Янги замон ёшлари МТП» ЖШЖне 1 данасының баҳасы 525 000 000 сом болған « 6070 4WD» маркалы 10 дана трактор жеткерип берилген. Соңынан 2019-жыл 28-февраль күни даўагер, даўагердиң Қарақалпақстан Республикасы филиалы, «Янги замон ёшлари МТП» ЖШЖ ҳәмде «Қарақалпақ тоғай МТП» МУК ортасында 2018-жыл 30-декабрь күнги 18/11-4-199-санлы лизинг шәртнамасы бойынша барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелерден усы шәртнамада белгиленген тәртипте басқа шахс пайдасына толық ўаз кешиў ҳаққында төрт тәреплеме шәртнама дүзилген болып, оның 1, 2, ҳәмде 3-бәнтлерине көре, «өткизиўши-лизинг алыўшы» өзиниң барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелеринен «қабыл қылыўшы-лизинг алыўшы» пайдасына ўаз кешкен, «лизинг бериўши» «өткизиўши-лизинг алыўшы» өзиниң барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелеринен «қабыл қылыўшы-лизинг алыўшы»ның пайдасына ўаз кешкенлигине разылық билдирген, сондай-ақ, «қабыл қылыўшы-лизинг алыўшы» болса шәртнама бойынша «өткизиўши-лизинг алыўшы»ның барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелерин өз мойнына қабыл етип алған. Буннан кейин 2021-жыл 17-февраль күни тәреплер ҳәмде «Қарақалпақ тоғай МТП» МУК ортасында 2018-жыл 30-декабрь күнги 18/11-4-199/2-санлы лизинг шәртнамасы ҳәм 2019-жыл 28-февраль күнги қосымша шәртнамалар бойынша барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелерден усы шәртнамада белгиленген тәртипте басқа шахс пайдасына толық ўаз кешиў ҳаққында үш тәреплеме шәртнама дүзилген болып, оның 1, 2, ҳәмде 3-бәнтлерине көре, «өткизиўшилизинг алыўшы» өзиниң барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелеринен «қабыл 3 қылыўшы-лизинг алыўшы» пайдасына ўаз кешкен, «лизинг бериўши» «өткизиўши-лизинг алыўшы» өзиниң барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелеринен «қабыл қылыўшы-лизинг алыўшы»ның пайдасына ўаз кешкенлигине разылық билдирген, сондай-ақ, «қабыл қылыўшы-лизинг алыўшы» болса шәртнама бойынша «өткизиўши-лизинг алыўшы»ның барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелерин өз мойнына қабыл етип алған. Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасының 2025-жыл 4-декабрь күнги 01-35/31-02-34/731-санлы мағлыўматнамасына қарағанда, тәреплер ортасында 2021-жыл 17-февраль күни дүзилген шәртнама қазнашылықта есапқа алынған ҳәм төлемлер графикке тийкарланып әмелге асырылып келинбекте. Усы шәртнаманың 6-бәндине тийкар, жуўапкер лизинг шәртнамасының «лизинг төлемлери графиги»не муўапық усы шәртнама имзаланған сәнеден кейинги лизинг мүддети дәўиринде, яғный 2021-жыл 17-февраль сәнесинен 2025-жыл 30-ноябрь сәнесине дейин төлениўи лазым болған 394 713 242 сомлық лизинг төлемлери суммасын лизинг шәртнамасында белгиленген мүддет ҳәм муғдарларда төлеў миннетлемесин алған. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, техниканы қабыл қылыў-тапсырыў актине муўапық даўагер тәрепинен жуўапкерге « 6070 4WD» маркалы 1 дана трактор саз ҳалында тапсырылған. ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Жуўапкер тәрепинен миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығы ақыбетинде 2025-жыл 20-октябрь күнине лизинг төлемлеринен 51 298 422 сом қарызы пайда болған. Бул жағдайлар истеги шәртнамалар, қабыллаў-тапсырыў акти, тѳлем графиги ҳәм мағлыўматнамалар менен толық тастыйықланады. Сол себепли, суд даўагердиң тийкарғы қарызды өндириўди сораған талабын толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 51 298 422 сом ѳндириўди лазым тапты. Сондай-ақ, суд даўагер тәрепинен соралған пеняны тийкарлы ҳәм дурыс есап-китап қылынған деп есаплайды. Себеби 2018-жыл 30-декабрь күнги 18/11-4-199-санлы дәслепки лизинг шәртнамасының 8.3-бәндинде лизинг тѳлемлери графикте белгиленген муғдар ҳәм мүддетлерде әмелге асырылмаса, лизинг алыўшы тѳлем мүддети ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген тѳлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген жәми тѳлем суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы кѳрсетилген. Бирақ жуўапкер тәрепинен лизинг төлемлерин тѳлеў мүддетлери бузылған ҳәм сонлықтан даўагер тәрепинен төлемлер кешиктирилгенлиги ушын 13 730 873 сом муғдарында пеня есапланған. ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. 4 Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәндинде ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги ҳаққында түсиник берилген. ПКниң 326-статьясына көре, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сай емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтириўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий жағдайы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтириў ҳуқықына ийе. Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин итибарға алып, пеняны 2 500 000 сомға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў 5 ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 22-октябрь күни автоматик рәўиште қәлиплестирилген 252953569913-инвойс рақамлы квитанция менен 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 1 300 585,9 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер Қ***нан даўагер « ’Z G LIZING» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 51 298 422 сом лизинг төлемлеринен қарызы, 2 500 000 сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер Қ***нан республика бюджетине 1 300 585,9 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов