Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2303-2501/1201 Дата решения 04.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 5cfd4732-b279-4ac8-9b43-f01fcb89deea Claim ID PDF Hash 3fe3d2f5a9355241... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 18 280 символов
4-2303-2501/1201-санлы ис Судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 4-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокуроры жәрдемшиси М.А***, даўагер ўәкиллери жәмийет баслығы Б.А***, М.Қ*** (2025-жыл 13-ноябрь күнги 1санлы исеним хат), жуўапкер ўәкиллери юрисконсульт А.Ю*** (2025-жыл 7май күнги 03/52-санлы исеним хат), адвокатлары У.Ю*** (2025-жыл 4ноябрь күнги 263-санлы ордер), М.Сул*** (2025-жыл 4-ноябрь күнги 30-санлы ордер) ҳәм үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы М*** К*** Б*** б*** хызмети И*** к*** ўәкили Б.Ш*** (2025-жыл 8-январь күнги 01/7-8/9-санлы исеним хат)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер «T*** Q*** ***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер М*** р*** ж*** п*** кәрханасынан 3 907 054 600 сом тийкарғы қарызын ҳәм 1 953 527 300 сом пеня өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Қарақалпақстан Республикасы Э***, Қарақалпақстан Республикасы Қ*** ҳәм Қарақалпақстан Республикасы М*** К*** Б*** б*** хызмети И*** к***н иске даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартқан ҳалда Нөкис районлар аралық экономикалық судының имаратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер «T*** Q*** ***» ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ниң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер М*** р*** ж*** п*** кәрханасы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 3 907 054 600 сом тийкарғы қарызын ҳәм 1 953 527 300 сом пеня өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 17-октябрь күнги уйғарыўына тийкар иске Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы, сондай-ақ, 13-ноябрь күнги уйғарыўына тийкар Қарақалпақстан Республикасы М*** К*** Б*** б*** хызмети И*** к*** даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған. 2 Судтың 2025-жыл 4-декабрь күнги уйғарыўы менен жуўапкердиң даўа мүддетин қолланыў ҳаққындағы арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылған. Палата даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сорағанлығы себепли суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясына муўапық исти оның ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Үшинши шахслар Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы ўәкиллери суд мәжилисинде келмеди ҳәм ѳзлериниң жазба пикирлерин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде олардың суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери бар екенлигин есапқа алып, исти ЭПКниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкиллери суд мәжилисинде даўа талапларын қоллапқуўатлап, даўа арзасын толық қанаатландырып бериўди сорады. Жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисинде даўа талабын тән алмай, мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен исленген жумыслар қабыл етип алынбағанлығын, 2019-жыл 14-февральдағы 1-санлы пудрат шәртнамасының 49 ҳәм 50 бәндлеринде барлық ислер жуўмақланғаннан кейин 12 ай кепиллик мүддети берилген болып, Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен қабыл етилгеннен соң 12 ай даўамында анықланған қәте-кемшиликлерди даўагер тәрепинен өз есабынан амелге асырылыўы нәзерде тутылғанлығын, егер даўагер актте көрсетилген қәте-кемшиликлерди белгиленген мүддетлерде сапластырмаса, жуўапкер усы шәртнамада көрсетилген кепиллик суммасын услап қалыўға ҳақылы деп көрсетилгенлигин, даўагер тәрепинен ПКниң 681 ҳәм 682-статьялары талаплары бузылғанлығын, жуўапкер тәрепинен кемшиликлер анықланған болса да, даўагер тәрепинен сапластырып берилмегенлигин, жуўапкердиң өзи тәрепинен сапластырылғанлығын, сондай-ақ, 5 пайыз пуллар жуўапкерге бүгинги күнге шекем келип түспегенлигин, Пленум қарарында пудратшының өз мәжбүриятларын кешиктирип орынлағанлығы ушын б***ның өз мәжбүриятларын орынламағанлығы себепли жүзеге келген болса, жуўапкершиликтен азат етилиўи нәзерде тутылғанлығын, бул жуўапкердиң төлеў мәжбүриятын орынламағанлығы даўагердиң сапа мәжбүриятын орынламағанлығынан келип шығатуғынлығын, буннан тысқары Пленум қарарының 14-бәндинде кепиллик мүддети тамам болғанға шекем орынланған жумыслардың ҳақысын толық өндириў соралған жағдайда, судлар кесип алып ислеўшиниң талабын кепиллик мүддети тамам болғаннан кейин төлениўи лазым болған сумманы шегирип таслаған ҳалда қанаатландырыўы кереклиги ҳаққында түсиник берилгенлигин, даўагердиң даўа арзасына тийкар етип көрсетилген мәмлекетлик акттиң түп нусқасы судқа усынылмағанлығын, ЭПКниң 74-статьясында суд ҳүжжеттиниң ямаса басқа да жазба дәлийлдиң тек ғана көширмеси менен тастыйықланатуғын 3 жағдайларды, егер ҳүжжеттиң түп нусқасы жойтылған ҳәм судқа тапсырылмаған болса ҳәм усы ҳүжжеттиң даўласып атырған тәреплердиң ҳәр бири тәрепинен усынылған көширмелери өз-ара бирдей болмаса, ҳәм ҳүжжеттиң тийкарғы мазмунын басқа да дәлийллер жәрдеминде анықлаў мүмкин болмаса, дәлийлленген деп есаплаўы мүмкин емес деп көрсетилгенлигин, сол себепли даўа талапларын тийкарсыз деп есаплайтуғынлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз калдырыўды сорады. Үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы М*** К*** Б*** б*** хызмети И*** к*** ўәкили суд мәжилисинде М*** аэропортын п***ға қабыл етиў ҳаққында М*** Кабинетиниң 2023-жыл 20-ноябрь күни 750-Ф-санлы бийлиги шыққанлығын, бийлик пенен обьектти қабыл етиў Мәмлекетлик комиссиясы қурамы тастыйықланғанлығын, объектти п***ға тапсырыў ҳақкындағы далалатнама комиссия баслығы тәрепинен тастыйықланғанлығы яки тастыйықланбағанлығын анықлаў мүмкиншилиги жоқ екенлигин, себеби өзлерине тастыйықланған далалатнама келип түспегенлигин, даўагер тәрепинен кепиллик мүддети тамамланғаннан кейин төлениўи керек болған 5 пайыз пулларды жуўапкерге төлеп бериў мүмкиншилиги жоқ екенлигин билдирип, ис бойынша нызамлы қарар қабыл етиўди сорады. Прокурор суд мәжилисинде даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндириўлерин ҳәм прокурордың пикирин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кесип алып ислеў шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 631-статьясына тийкар кесип алып ислеў шәртнамасы бойынша бир тәреп (кесип алыўшы) екинши тәреп (б***)тиң тапсырмасына муўапық белгили бир исти орынлаў ҳәм оның нәтийжесин б***ға белгиленген мүддетте тапсырыў миннетлемесин алады, б*** болса истиң нәтийжесин қабыл қылып алыў ҳәм буның ушын ҳақы төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2019-жыл 14-февраль күни М*** р*** аэропортын реконструкция қылыў бойынша 1санлы кесип алып ислеў шәртнамасы (буннан кейин текстте шәртнама деп жүритиледи) дүзилген. Өзбекстан Республикасы М*** Кабинетиниң 2022-жыл 24-июнь күнги «Шөлкемлестириўшиси бюджет мекемелери болған унитар кәрханаларға қазнашылық арқалы хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 345-санлы қарарының 1-бәндине муўапық, 2022-жыл 1-июннан баслап тәжирийбе ретинде, басқышпа-басқыш жыл жуўмағына дейин Суў 4 хожалығы министрлиги ҳәм Автомобиль жоллары комитети қурамындағы барлық унитар кәрханаларға тек ғана Финанс министрлиги Қазнашылығы тәрепинен хызмет көрсетилиўи мағлыўмат ушын қабыл етилген. М*** р*** қазнашылық хызмети бөлиминиң 2025-жыл 7-ноябрь күнги 01-35-222/31-01-35/14-санлы хатында тәреплер ортасында 2019-жыл 14-февраль күни шәртнама дүзилген ўақтында жуўапкердиң хызмети М*** р*** қазнашылық хызмети бөлими тәрепинен қамрап алынбағанлығы, сол себепли шәртнама қазнашылық бөлиминен дизимнен өткизилмегенлиги мәлим етилген. Сол себепли суд тәреплер ортасындағы 2019-жыл 14-февраль күнги 1-санлы кесип алып ислеў шәртнамасы қазнашылық бөлиминен дизимнен өткизилиўи шәрт емес ҳәм белгиленген тәртипте дүзилген деп есаплайды. Даўагер даўа арзасында 2023-жылы қурылысы тамамланған М*** аэропортының ушыў-қоныў жолы, ҳәрекетлениў жолы ҳәм перронды реконструкция қылыў жумыслары жуўмақланғанлығы себепли объектти п***ға қабыл қылыў Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы баянламасы дүзилип, қурылыс оңлаў жумыслары 78 141 092 000 сомға баҳаланып, қабыл етип алынғанлығын, кепиллик мүддети тамамланған болыўына қарамастан жуўапкер 78 141 092 000 сомның 5 пайызы, яғный 3 907 054 600 сомды төлеместен киятырғанлығын баян етип, жуўапкерден 3 907 054 600 сом тийкарғы қарызын ҳәм 1 953 527 300 сом пеня өндириўди сораған. Шәртнаманың 16-бәндинде бас кесип алып ислеўши ҳәм жәрдемши кесип алып ислеўши ортасындағы объекттиң шәртнамалық баҳасының қалған 5 пайызы бойынша ақырғы есап-китабы усы шәртнамада келисилген кепиллик мүддети тамамланғаннан кейин әмелге асырылатуғынлығы көрсетилген. Шәртнаманың 50-бәндинде болса, обекттен п***дың кепиллик мүддети ҳәм оған киретуғын инженерлик системалары, үскенелер, материаллар ҳәм жумыслардың кепиллик мүддети тәреплер қурылысы жуўмақланған обектти қабыллаў ҳаққындағы актке қол қойған күннен баслап кеминде 12 ай етип белгиленетуғынлығы, обекттиң төбесине берилетуғын кепиллик мүддети кеминде 12 ай етип белгиленетуғынлығы көрсетилген. Өзбекстан Республикасы М*** Кабинетиниң 2023-жыл 20-ноябрь күнги 750-F-санлы бийлигине тийкар «М***» аэропортының ушыў-қоныў жолы, ҳәрекетлениў жолы ҳәм перронды реконструкция қылыў жумыслары жуўмақланғанлығы мүнәсибети менен п***ға қабыл қылыў бойынша Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы қурамы тастыйықланған ҳәм комиссияға объектти п***ға қабыл қылыў барысын нызамшылық ҳүжжетлери ҳәмде техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер талаплары шеңберинде әмелге асырыў, сондай-ақ, объектти п***ға қабыл қылыў ҳаққындағы актти 3 ай мүддетте М*** Кабинетине тастыйықлаў ушын киритиў ўазыйпалары жүклетилген. Усы бийликке тийкар Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен дүзилген объектти п***ға қабыл қылыў ҳаққындағы акттиң нусқалары 5 тәреплер ўәкиллери тәрепинен судқа усынылған болса да, бул актлер комиссия баслығы тәрепинен тастыйықланбағанлығы ҳәм сәнелери қойылмағанлығы мәлим болды. Үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы М*** К*** Б*** б*** хызмети И*** к***ның 2025-жыл 4-декабрь күнги 01/6-8/1924-1-санлы мағлыўматнамасында ҳәзирги ўақытта М*** аэропортын п***ға қабыл қылыў ҳаққындағы акт Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы баслығы тәрепинен тастыйықланғанлығын анықлаў мүмкиншилиги жоқ екенлиги ҳәм бундай тастыйықланған акт өзлерине келип түспегенлиги мәлим етилген. ПКниң 648-статьясына муўапық, нызамшылықта яки кесип алып ислеў шәртнамасында кесип алып ислеўши б***ға жумыстың сыпатына кепиллик бериўи нәзерде тутылған болса, кесип алып ислеўши пүткил кепиллик мүддети даўамында усы Кодекс 647-статьясының биринши бөлиминиң талапларына сәйкес келетуғын жумыс нәтийжелерин б***ға тапсырыўы шәрт. Егер кесип алып ислеў шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, жумыслар нәтийжесиниң сыпатына берилген кепиллик жумыстың нәтийжесин қураўшы барлық нәрсеге тийисли болады. ПК 649-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер кесип алып ислеў шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепиллик мүддети б*** орынланған жумыс нәтийжесин қабыл еткен яки қабыл етиўи лазым болған ўақыттан өте баслайды. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2016-жыл 23-декабрь күнги «Экономикалық судлар тәрепинен қурылыс кесип алып ислеў шәртнамасынан келип шығатуғын даўларды шешиўде нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 306-санлы қарарының 13-бәндинде ПК 682-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер нызамда яки шәртнамада басқаша кепиллик мүддети нәзерде тутылған болмаса, кепиллик мүддети объект б*** тәрепинен қабыл етилген күннен баслап он жылды қурайтуғынлығы, 14-бәндинде болса, егер қурылыс кесип алып ислеў шәртнамасында орынланған жумыстың ҳақының бир бөлегин кепиллик мүддети тамам болғаннан кейин төлеп берилиўи нәзерде тутылған болса, кесип алып ислеўши усы мүддет тамам болғанға шекем орынланған жумыстың ҳақысын толық көлемде төлеп берилиўин талап етиў ҳуқықына ийе емес екенлиги, соған бола, кепиллик мүддети тамам болғанға шекем орынланған жумыслардың ҳақысын толық өндириў соралған жағдайда, судлар кесип алып ислеўшиниң талабын кепиллик мүддети тамам болғаннан кейин төлениўи лазым болған сумманы шегирип таслаған ҳалда қанаатландырыўы кереклиги ҳаққында түсиник берилген. Сондай-ақ, шәртнаманың 17-бәндинде бас кесип алып ислеўши қаржыландырыўшы тәрепинен қурылысты қаржыландырыў кешиктирилген жағдайда, жәрдемши кесип алып ислеўшиге қурылыс баҳасын төлеўдиң кешиктирилгенлиги ушын жуўапкер болмайтуғынлығы белгиленген. 6 Үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы М*** К*** Б*** б*** хызмети И*** к***ның 2025-жыл 4-декабрь күнги 01/6-8/1924-1-санлы мағлыўматнамасында Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясы тәрепинен М*** аэропортын п***ға қабыл қылыў ҳаққындағы акт комиссия комиссиясы баслығы тәрепинен тастыйықланғаннан кейин ҳәм акт тастыйықланған күннен баслап 12 ай кепиллик мүддети тамамланғаннан кейин объект баҳасының қалған 5 пайызы, яғный 3 907 054 287 сом пудратшы кәрханаға төлеп берилетуғынлығы мәлим етилген. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2016-жыл 23-декабрь күнги «Экономикалық судлар тәрепинен қурылыс кесип алып ислеў шәртнамасынан келип шығатуғын даўларды шешиўде нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 306-санлы қарары 19-бәндиниң үшинши хатбасында жәрдемши кесип алып ислеўшиниң бас кесип алып ислеўшиге орынланған жумыслардың ҳақысын өндириў ҳаққындағы даўасы бойынша исти көриў барысында, жәрдемши кесип алып ислеў шәртнамасында орынланған жумыслардың ҳақысы б*** тәрепинен бас кесип алып ислеўшиге пул қаржылары өткерилгеннен соң төлеп берилиўи белгиленген болса, бирақ пул қаржылары б***дан келип түспегенлиги анықланса, бундай талап қанаатландырыўсыз қалдырылатуғынлығы ҳаққында түсиник берилген. ПК 261-статьясының үшинши бѳлимине тийкар қарыздар миннетлемелердиң орынланыўын кешиктирип жибергенде тѳлейтуғын ҳәм ѳткерип жиберилген мүддеттиң ҳәр бир күни ушын миннетлемениң орынланбаған бѳлегине пайызлар менен есапланатуғын неустойка пеня есапланады. Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен даўагерге 3 907 054 600 сом тийкарғы қарызды төлеў мүддети кешиктирилмеген. ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. ЭПК 68-статьясының биринши бѳлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс ѳз талаплары ҳәм наразылықларына тийкар етип келтирип атырған жағдайларды дәлийллеўи керек. Жоқарыдағыларға тийкарланып, суд даўа талаплары тийкарсыз деп есаплайды ҳәм даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым табады. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. 7 Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ҳәм 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 25 пайызы муғдарында видеоконференцбайланыс режиминде исти кѳриў менен байланыслы суд қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд даўагерден республика бюджетине 117 211 638 сом мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есап бетине 103 000 сом суд қәрежетин ѳдириўди, ис бойынша төленген 41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 68, 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўагер «T*** Q*** ***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 117 211 638 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Даўагер «T*** Q*** ***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд қәрежети ѳндирилсин. Ис бойынша төленген 41 200 сом почта қәрежети даўагер «T*** Q*** ***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мойнында қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген 8 күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов