← Назад
Решение #2838137 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
8 895 символов
4-2302-2502/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья ХХХ
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Беруний районы
ХХХ-жыл 4-декабрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы ХХХ
басшылығында, судья жәрдемшиси ХХХ хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХХ
(исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы
ХХХның даўагер “ХХХ” жууапкершилиги шекленген жәмийетиниң мәпин
қорғап, жуўапкер “ХХХ” жууапкершилиги шекленген жәмийетинен 15 750 000
сӯм тийкарғы қарыз, 7 434 000 сўм пеня өндириӯди сораған даўа арзасы
бойынша
қозғатылған
экономикалық
исти
өз
суд
имаратында
видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ХХХ (кейинги текстлерде Палата деп
жүритиледи) “ХХХ” жууапкершилиги шекленген жәмийетиниң (кейинги
текстлерде даўагер деп жүритиледи) мәпинде Беруний районлар аралық
экономикалық судына даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “ХХХ”
жууапкершилиги шекленген жәмийетинен (кейинги текстлерде жуўапкер деп
жүритиледи)
15 750 000 сӯм тийкарғы қарыз, 7 434 000 сўм пеня өндириӯди сораған.
Суд мәжлисинде қатнасқан даўагер ўәкили жуўапкер арнаўлы техникадан
12 кун пайдаланғанлығын билдирип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден 15 750 000 сӯм тийкарғы қарыз, 7 434 000 сўм пеня өндириӯди
сорады.
Суд мәжлисинде Палата ҳәм жуўапкер ўәкили қатнаспады.
Суд истеги ҳүжжетлерде Палата ҳәм жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты
ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы
ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси (кейинги текстлерде ЭПК деп жүритиледи)
128 ҳәм 170-статьяларына муўапық Палата ҳәм жуӯапкер ўәкиллериниң
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып
даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Конституцияси
55-статьясының
биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин
нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў,
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги
үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы
нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, ғәрезсиз ҳәм де қалыс суд
тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК)
8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ижара шәртнамасынан келип
шыққан.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт.
ПКниң 564-статьясына муўапық транспорт қуралын экипажи менен
ижараға бериў шәртнамасы бойынша ижараға бериўши транспорт қуралын
ўақтынша ийелик қылыў ҳәм пайдаланыў ушын ҳақы есесине ижараға алыўшыға
береди ҳәм өз күши менен оны басқарыў ҳәм де техникалық пайдаланыў
бойынша хызмет көрсетеди.
Транспорт қуралын экипажсиз ижараға бериў шәртнамасы бойынша
ижараға беретуғын транспорт қуралын басқарыў ҳәм техникалық пайдаланыў
бойынша хызмет көрсетпеген ҳалда ўақтынша ийелик қылыў ҳәм пайдаланыў
ушын ижараға алыўшыға ҳақы есесине береди.
Бул баптың ижара шәртнамасын белгисиз мүддетке қайта дүзиў ҳәм
ижараға алыўшының ижара шәртнамасын жаңа мүддетке қайталдан дүзиўге
жеңилликли ҳуқықы ҳаққындағы қағыйдалары транспорт қуралын ижараға
бериў шәртнамасына қолланбайды.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл 29-май күни
2Т-2025-санлы “Арнаўлы техниканы ижараға бериў” шәртнамасы дүзилген.
Шәртнаманың 1.1-бәнтине тийкар даўагер жуўапкерге арнаўлы техниканы
ижараға бериў, жуўапкер болса қабыл етип, ҳақысын тѳлеў миннетлемесин
алған.
Шәртнама баҳасы 280 000 000 сўмды қурайды.
Жуўапкер тәрепинен даўагерге жуӯапкер тәрепинен шәртнамаға тийкар
15 750 000 сӯм қарыздарлығы төлеп берилмегенлиги истеги ижара шәртнамасы,
ижара объектин тапсырыў акти, 2025-жыл 16 июнь күнги 10-санлы электрон
счёт-фактура, даўагер ўәкилиниң суд мәжлисиндеги көрсетпелери менен
тастыйықланады.
Сонлықтан суд жуўапкерден даўагер пайдасына 15 750 000 сӯм қарызын
ѳндириўди лазым тапты.
Даўагер жуўапкер тәрепинен тийкарғы қарыз 118 күнге шекем
кешиктирилгенлиги ушын Өзбекстан Республикасының “Хожалық жургизиўши
субектлер искерлигиниң шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамы
32-статьясына тийкар жуўапкерден 7 434 000 сўм пеня өндириўди сораған.
ПК 261-статьясының екинши бѳлимине тийкар қарыздар миннетлемелерди
орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламаған ҳалларда тѳлейтуғын ҳәм
қағыйда сыпатында қатаң пул суммасында есапланатуғын неустойка жәрийма
есапланады.
ПК
261-статьясының
үшинши
бѳлимине
тийкар
қарыздар
миннетлемелердиң орынланыўын кешиктирип жибергенде тѳлейтуғын ҳәм
ѳткерип жиберилген мүддеттиң ҳәр бир күни ушын миннетлемениң
орынланбаған бѳлегине пайызлар менен есапланатуғын неустойка пеня
есапланады.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған
жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген
болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Өзбекстан Республикасының “Хожалық жургизиўши субектлер
искерлигиниң
шәртнамалық-ҳуқықый
базасы
ҳаққында”ғы
Нызамы
32-статьясының екинши бөлимине көре, жеткизип берилген товарлар
(жумыслар, хызметлер) ҳақысын ўақтында төлемегенлик ушын сатып алыўшы
(буйыртпашы) жеткизип бериўшиге өткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын
кешиктирилган төлеў суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ
кешиктирилган төлеў суммасының 50 пайызынан артық болмаған муғдарында
пеня төлейди.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым
дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
Суд, жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин,
пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир
кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин, даўагер тәрепинен қарызды
ѳндириў илажлары ѳз ўақтында кѳрилместен пеня муғдарының ѳсиўине жол
қойғанлығын итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтип, 2 000 000 сўм пеня
өндириўди, пеня талабының қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды
лазым тапты.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлийллеўи керек.
ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине
муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған
даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Сол себепли, суд даӯа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 15 750 000 сӯм тийкарғы қарыз ҳәм 2 000 000 сўм пеня,
41 200 сўм почта қәрежети, республика бюджетине 463 680 сўм мәмлекетлик
бажы, исти Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозитине
видеоконференцалоқа режиминде көриў менен байланыслы 103 000 сўм суд
қәрежетлерин
ѳндириўди,
даўа
талапларының
қалған
бѳлимин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық
процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даӯа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер “ХХХ” жууапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер
“ХХХ” жууапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына 15 750 000 сӯм
тийкарғы қарыз ҳәм 2 000 000 сўм пеня, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даўа талапларының қалған бѳлими қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер “ХХХ” жууапкершилиги шекленген жәмийетинен республика
бюджетине 463 680 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин.
Жуўапкер “ХХХ” жууапкершилиги шекленген жәмийетинен Ѳзбекстан
Республикасы
Жоқарғы
суды
депозит
есап
бетине
103 000 сўм суд қәрежети ѳндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
ХХХ