Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2504/2034 Дата решения 04.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID eea5aaab-8e3b-4bdf-affa-6fd09d1d0313 Claim ID PDF Hash 271bd6a2c42c58d4... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 2 718 символов
4-2301-2504/2034-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов УЙҒАРЫЎ (ис жүритиўди өндиристен қысқартыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025-жыл 4-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер “***” ЖШЖниң жуўапкерлер “***” АКБ ҳәм “***” АКБ Қарақалпақстан Республикасы БХОларына қарата 2025-жыл 18-июнь күни дүзилген 1-санлы келисиў питимин ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер “***” ЖШЖ экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкерлер “***” АКБ ҳәм “***” АКБ Қарақалпақстан Республикасы БХОларына қарата 2025-жыл 18-июнь күни дүзилген 1-санлы келисиў питимин ҳақыйқый емес деп табыўды сораған. Судтың 2025-жыл 7-октябрь күнги уйғарыўы менен “LES STR Y T RG” ЖШЖ даўа предметине қарата бийғәрез талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Даўагер даўадан ўаз кешиўин билдирип, исти өндиристен қысқартыўды сорап судқа арза берген. Даўагер, жуўапкерлер, үшинши шахс суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьясына тийкар исти даўагер, жуўапкерлер, үшинши шахстың қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагердиң даўадан ўаз кешиўин қабыл етиўди ҳәм ис жүритиўди өндиристен қысқартыўды мақул тапты. ЭПКниӊ 157-статьясы биринши бөлимине муўапық, даўагер исти биринши инстанция судында көриў ўақтында шешиўши қарар қабыл етилгенге шекем даўаныӊ тийкары яки предметин өзгертиў, даўа талаплары муғдарын көбейтириў яки кемейтириў, сондай-ақ даўадан ўаз кешиўге ҳақылы. ЭПКниӊ 110-статьясы 6-бәнтине тийкар даўагер даўасынан ўаз кешкен ҳәм экономикалық суд оны қабыл еткен болса, экономикалық иси бойынша ис жүритиў өндиристен қысқартылады. Даўагер даўа арзасынан ўаз кешиўи ҳаққында судқа арза менен мүрәжат етти. Сонлықтан, суд даўагердиң даўадан ўаз кешиўин қабыл етиўди ҳәм даўа арза бойынша ис жүритиўди өндиристен қысқартыўды, даўагер тәрепинен даўа арза берерде төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин оның мойнында қалдырыўды мақул тапды. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 110, 111, 118, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: Даўагердиң даўасынан ўаз кешиўи қабыл етилсин ҳәм ис жүритиў өндиристен қысқартылсын. Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов