Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2503/1745 Дата решения 03.12.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f518fc46-f699-48a7-ba9d-a09e0d5c8b42 Claim ID PDF Hash 1a0a8e5920ce00df... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 15 193 символов
****-санлы экономикалық ис Биринши инстанция судында исти көрген судья –**** Апелляцияинстанциясында баянатшы судья–**** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы **** жыл 3 декабрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья****ң басшылығында, коллегия ағзалары судья **** ҳәм **** ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси ****ң хаткерлигинде, даўагер ўәкили-**** (**** жыл 20 ноябрь күнги****-санлы исеним хат тийкарында), қосымша жуўапкер ўәкили -**** (**** жыл 11 сентябрь күнги6-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Республикасы “I t k b nk” акционерлик коммерциялық ипотека **** жуўапкерлер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети, **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (алдынғы ****жуўапкершилиги шекленген жәмийети) мүддети өткен **** ****,20 сом кредит, мүддети өткен **** ****,20 сом пайыз қарыздарлығын, ****,72 сом пеня жәми **** ****,12 сом, соннан **** **** сомды ****жуўапкершилиги шекленген жәмийети (алдынғы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети)ненсолидар тәртипте өндириўди ҳәмде өндириўди гиреў мүлклерине қаратыўды, мүлклердиң дәслепки сатылыў баҳаларын белгилеўди сораған даўа арзасы бойынша жүритилген ис жүзесинен қабыл етилген Нөкис районлараралық экономикалық судының **** жыл 7 октябрь күнги шешиўши қарарына наразы болып даўагер Өзбекстан Республикасы “I t k -b nk” акционерлик коммерциялық ипотека ****тәрепинен берилген апелляциялық тәртибиндеги шағымын суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер Өзбекстан Республикасы “I t k -b nk” акционерлик коммерциялық ипотека **** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкерлер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (алдынғы **** ЖШЖ) (буннан кейин текстте қосымша жуўапкер деп жүритиледи)нен мүддети өткен **** ****,20 сом кредит, мүддети өткен **** ****,20 сом пайыз қарыздарлығын ҳәм****,72 сом пеня жәми **** ****,12 сом өндириўди, соннан, қосымша жуўапкерден **** **** сом солидар тәртипте өндириў ҳәмде өндириўди гиреў мүлклерине қаратыўды, мүлклердиң дәслепки сатылыў баҳаларын белгилеўди сораған. Сондай-****, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы **** Республикасы басқармасы қосымша жуўапкердиң мәпинде судқа қарсы даўа арзасы менен мүрәжат етип, даўагер, жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкер орталарында **** 2 жыл 25 ноябрь күни дүзилген кепиллик шәртнамасың **** емес деп табыў сораған. Судтың **** жыл 11 сентябрь күнги уйгарыўы менен даўагердиң дәслепки даўа арзасына берилген қарсы даўа арза судтың ис жүритиўине қабыл етилген. Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 7 октябрь күнги шешиўши қарары менен дәслепки даўа арза қысман қанаатландырылып, жуўапкерден даўагер пайдасына мүддети өткен **** ****,20 сом кредит қарыздарлығы, мүддети өткен **** ****,20 сом пайыз қарыздарлығы, **** сом пеня ҳәм**** сом почта қәрежети өндирилип, даўаның қалған бөлеги ҳәм солидар тәртипте өндириў талабы қанаатландырыўсыз қалдырылып, қарсы даўа арза талабы қанаатландырылып, даўагер, жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкер орталарында дүзилген **** жыл 25 ноябрь күнги кепиллик шәртнамасы **** емес деп табылған. Даўагер, шешиўши қарарының солидар тәртипте өндириўди қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳәм қарсы даўа арза талабын қанаатландырып, даўагер, жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкер орталарында дүзилген **** жыл 25 ноябрь күнги кепиллик шәртнамасын **** емес деп табылған бөлегине наразы болып апелляциялық шағым берип, шағымында биринши инстанция судыис ушын әҳмийетли жағдайларды толық анықламағанлығын,исте қатнасқан гуўалар тәрепинен жәмийет баслығы ****емлеўханада болғанда ҳәрекет уқыплылығына ийе екенлигин билдиргенлигин, 3-санлы жыйналыс баянламасы **** жыл 20 ноябрь күни имзаланғанлығын яғный **** кепиллик шәртнамасын дүзиўге разы болғанлығын, жуўапкержәмийет баслығы ****ңсуд мәжилисиндеги көрсетпесинде**** өз қәлеўи менен **** барып кепиллик шәртнамасын имзалағанлығы **** көрсетпе бергенлигин келтирген. Суд мәжилисиндедаўагерўәкили апелляциялық шағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап, шағымын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқанқосымшажуўапкер ўәкили апелляциялық шағымын қанаатландырыўсыз қалдырыўдысорады. Жуўапкеристи өзиниң қатнасыўысыз көриўди сорап арза берген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК депжүритиледи) ****-статьясының төртинши бөлимине муўапық,апелляцияинстанция судының суд мәжилисине суд додалаўын өткериў **** ҳәм орны **** тийисли тәризде хабардар қылынған,апелляциялық шағымын (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы истижуўапкерўәкилиниңқатнасыўысызкөриўдилазым тапты. Судлаў коллегиясыисте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң көрсетпелерин тыңлап,ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар шешиўши қарардықысман бийкар етиўди, апелляциялық шағымды қанаатландырыўдылазым тапты. 3 Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (буннан кейин тексттеПКдепжүритиледи) 8 ҳәм ****-статьяларына муўапық,миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында**** жыл 5 август күни дүзилген ****-санлы кредит шәртнамасы тийкарында, **** тәрепинен жыллық 22,5% ставкада 24 ай мүддеткежуўапкерге **** **** сом муғдарында кредит ****ыратылған. Кредиттиң **** Нөкис қаласы,“Гөне қала”МПЖ аймағындажайласатуғын7 қабатлы, 42 ханалы, үйжай қурыў болып белгиленген.Усы кредит шәртнамасына тәреплер ортасында **** жыл 25 ноябрь күни 2-санлы қосымша келисим дүзилген болып, кредит шәртнамасының 6.1-бәнтине өзгерис киритилген. ПК ****-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - **** яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. Кредиттиң өз **** қайтарылыўынтәмийинлеў **** **** жыл 25 ноябрь күнидүзилген2-санлы қосымша келисимге тийкар, ****, жуўапкер ҳәм **** ЖШЖ орталарында **** жыл 25 ноябрь күни кепиллик шәртнамасы рәсмийлестирилген.Бул шәртнаманың 2.4-бәнтинде кепиллик суммасы **** **** сомдеп келисилген. Нөкис қаласы Әдиллик бөлиминиң **** жыл 15 август күнги ****-санлы хат мазмунында, **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (СТИН: ****) атамасы **** жыл 30 май күни қайта дизимге алынып, алдынғы атамасы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети болып өзгергени көрсетилген. Соның менен бирге, **** Республикасы суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы кассация инстанциясының **** жыл 12 июнь күнги ****-санлы қарарында, истеги даўагер ҳәм жуўапкер орталарында Нөкис қаласы, **** көшеси ****-жайда жайласқан 7 қабатлы, 42ханалы, кадастр нөмери 23:17:01:22:01:**** болған көп қабатлы **** жай имаратының 2, 3, 4, 5, 6, 7, 8, 9, 10, 11, 12, 13, 16, 17, 18, 19, 20, 21, 22, 23, 24, 25, 26, 27, 28, 30, 31, 32, 34, 35, 36, 37, 38, 39, 40, 41-санлы квартираларын гиреўге қойыў ҳәмде гиреў шәртнамасын дүзиў белгиленген. Сондай-****, гиреўге қойылған жәми 36-квартиралар **** **** сомға баҳаланған. Кассация инстанциясудыныңқарарыбүгинги күнденызамлы күшинде. Кредит шәртнамасының 1.1, 3.2-бәнтлеринде жуўапкер кредит,пайызтөлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў миннетлемесин алған болсада, шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. 4 Иске қосылған **** **** жыл 19 август күнги мағлыўматында, жуўапкердиң мүддети өткен **** ****,20 сом кредит, мүддети өткен **** ****,20 сомпайызқарыздарлығы ҳәм****,72 сомпеня есапланғанлығыкөрсетилген. Сонлықтан,жуўапкер тәрепинен **** кредит өз **** қайтарылмағанлығы себепли даўагер усы даўа арзасы менен судқа мүрәжат еткен. ПК ****-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. ПК ****-статьясы биринши бөлимине тийкар, гиреўге алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди қарыздар гиреў менен тәмийинленген мәжбүриятты өзи жуўапкер болған жағдайларда орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған **** гиреўге қойылған малмүлкине қаратыў мүмкин. ϴзбекстан Республикасының “Гиреў ****”ғы Нызамның 26- статьясына муўапық гиреўге алыўшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди қарыздар гиреў менен тәмийнленген мәжбүриятты өзи жуўапкер болған жағдайларда орынламаған ямаса лазым дарежеде орынламағанда гиреўге қойылған мал-мүлкке каратыўы мүмкинлиги белгиленген. ПК ****-статьясы биринши бөлимине көре, нызамшылық ҳүжжетлеринде яки шәртнама менен белгиленген, қарыздар миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кредиторға төлеўи шәрт болған пул суммасы неустойка есапланады. ПК ****-статьясы биринши бөлимине муўапық, неустойка жәрийма яки пеня формасында болады.Даўагер **** кредит шәртнамасының 9.3-бәнтине тийкарланып, жуўапкерден ****,72 сом пеня талап қылған. ПК ****-статьясы екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының **** жыл 15 июндағы “Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершиликҳ**** пуқаралық нызамҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелериҳ****”ғы ****санлықарарының 4-бәнтинде,ПКниң ****-статьясына муўапық, суд қарыздартәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-****, кредиторлардың мәплерин итибарға алып неустойка муғдарын кемейтиўгеҳ**** екенлиги, соның менен бирге судлардың итибары неустойканың ең кем муғдары ПКниң ****-статьясында көрсетилген пайызлар муғдарынан кем болмаслығы керек, дептүсиндирилген. Жоқарыдағыларға тийкар, судлаў коллегиясы биринши инстанция суды 5 тәрепинен жуўапкерден тийкарғы кредит,пайызқарыздарлығын өндириўди сораған талабынтолық ҳәм пеня өндириўди сораған талабын қысман қанаатландырыў **** дурыс **** келген деп есаплайды. ****, биринши инстанция суды дәслепки даўа арзаның солидар тәртипте өндириў талабын қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳәм қарсыдаўа арзаны қанаатландырыў **** надурыс **** келген. Себеби,**** жыл 20 ноябрь күнги 3-санлы алдынғы **** жуўапкершилиги шекленгенжәмийетибаслығыҳәм шөлкемлестириўшиси**** тәрепиненимзаланғанқарарға тийкар, жуўапкерге **** кредит бойынша кепиллик шәртнамасын дүзиўжүзесинен қарар қабыл қылынған ҳәмде **** жыл 20 ноябрь күни 5-санлы разылық хаты берилген. Буннан тысқары,биринши инстанция суды ПКниң ****-статьясына тийкар кепиллик шәртнамасын **** емес деп табыў **** надурыс шешимге келген. Себеби, ПК ****-статьяның биринши бөлимине тийкар,ҳәрекет уқыплылығынаийе болса да, **** питим дүзиў **** өз ҳәрекетлериниң әҳмийетин түсинбейтуғын ямаса оларды басқара алмайтуғын жағдайда болған пуқара тәрепинен дүзилген питим усыпуқараның ямаса нызам менен қоргалатуғын мәплери бундай питимди дүзиў нәтийжесинде бузылған басқа шахслардың даўасы бойынша суд тәрепинен **** емес деп табылыўы мүмкин. ****, қосымша жуўапкер жәмийетиниң сол **** баслығы ҳәм шөлкемлестириўшиси ****ңҳәрекет уқыплылығына ийеемеслиги якипитим дүзиў **** өз ҳәрекетлериниң әҳмийетин түсинбейтуғын ямаса оларды басқара алмайтуғын жағдайда болғанлығы ис ҳүжжетлери менен тастыйықланбайды. Соның менен бирге, судлаў коллегиясы биринши инстанция судыныңмүддети питкен кредит шәртнамасы жүзесинен кепиллик шәртнамасы рәсмийлестирилгенлиги тийкарсыз, яғный, дүзилиўине тийкар болған кредит шәртнамасы нызамлы күшинде болмағаны ушын кепиллик шәртнамасының рәсмийлестирилгени нызамшылық талапларына қайшы есапланады деген жуўмағы менен келисе алмайды. Себеби, кепиллик шәртнамасы кредит шәртнамасына қосымша дүзилген **** жыл 25 ноябрь күнги2-санлы қосымша келисимине тийкар дүзилген.Бул жағдай истеги2-санлы қосымша келисимиҳәм кепиллик шәртнамасы менен тастыйықланады. ПК****-статясының биринши бөлимине тийкар, кепиллик шәртнамасыбойынша кепил басқа шахс өз миннетлемесин толық ямаса бир бөлегин орынлаўы ушын оның кредиторыалдында жуўап бериўди өз мойнына алады. Сонлықтан, жуўапкердиң **** кредиттен жүзеге келген қарыздарлығы қосымша жуўапкерден солидар тәртипте өндирилиўи лазым. ЭПК ****-статьясының2-бәнтинетийкар, апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарардытолық яки қысман бийкар қылыўға ҳәм жаңа қарар қабыл 6 қылыўға****. ЭПК ****-статьясы биринши бөлиминиң1ҳәм 2-бǝнтлерине муўапық, ис ушын ǝҳмийетли жағдайлардыӊ толық анықланбағанлығы,суд анықланған деп есаплаған, ис ушын әҳмийетли болған жағдайлардың дәлилленбегенлиги биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгертиў яки бийкар етиў ушын тийкар болады. ЭПК ****-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, судлаў коллегиясы,биринши инстанция судының шешиўши қарарынқысман бийкар етип, жаңа қарар қабыл етиўди,даўа арзаның солидар тәртипте өндириўди сорағанталабын қанаатландырыўсыз қалдырыў бөлегинҳәм қарсы даўа арзаны қанаатландырыў бөлегин бийкар етиўди, даўа арзаның солидар тәртипте өндириў талабын қанаатландырыўды, қарсы даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды,қарсы даўа арза ушын жуўапкерден республика бюджетине **** сом мәмлекетлик **** өндириўди, жуўапкерден даўагер пайдасына **** сом мәмлекетлик **** ҳәм **** сом почта қәрежетинөндириўди лазым табады. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң ****,****-****-статьяларын қоллап,апелляцияинстанциясы суды қ а р а р е т т и: Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 7 октябрь күнги шешиўши қарары қысман бийкар етилсин. Жаңа қарар қабыл етилсин. Даўа арзаның солидар тәртипте өндириўди сораған талабын қанаатландырыўсыз қалдырыў бөлеги ҳәмде қарсы даўа арзаны қанаатландырыў бөлеги бийкар етилсин. Қарсы даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Қосымша жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер Өзбекстан Республикасы “I t k -b nk” акционерлик коммерциялық ипотека ****пайдасына**** **** сом солидар тәртипте өндирилсин. Қосымша жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине ****сом мәмлекетлик **** өндирилсин. Қосымша жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер Өзбекстан Республикасы “I t k -b nk” акционерлик коммерциялық ипотека ****пайдасына 20****сом мәмлекетлик ****ҳәм **** сом почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарарының қалған бөлеги өзгериссиз қалдырылсын. Апелляциялық шағым қанаатландырылсын. Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****. Басшылық етиўши: **** 7 коллегияағзалары: **** ****