Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2503/2350 Дата решения 03.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья AMANIYAZOV JALG‘AS JOLDASBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 77cb2de8-edc3-4624-bd9b-40e38d6b7f7c Claim ID PDF Hash 9d533e7d7da3ac62... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 181 символов
4-2302-2503/2350-санлы экономикалық ис судья Ж.Ж.Аманиязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Беруний районы 2025 жыл 3 декабрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Ж.Аманиязов, ХХныӊ ХХ мәпин қорғап, жуўапкер ХХнен кредит бойынша 7 936 440,90 сўм пайыз қарызын банк пайдасына өндириўди сораған даўа арзасын өз суд имаратында әпиўайыластырылған тәртип бойынша көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ХХ (кейинги орынларда – ХХ) даўагер ХХ (кейинги орынларда – даўагер) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер ХХ (кейинги орынларда – жуўапкер) нен 7 936 440,90 сўм пайыз қарызын банк пайдасына өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК) 2034-статьясы екинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин даўа арзаның көширме нусқасы өзине тапсырылған ўақыттан баслап он бес күнлик мүддетте судқа өзи тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның көширме нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады. Даўа арзасы судқа берилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды. Суд, жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 1-май күни дүзилген 577-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 18% бенен 84 ай мүддетке 100 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынлардаПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли кредит бойынша 2025-жыл 21-октябрь ҳалатына 7 936 440,90 сўм пайыз қарыздарлығы пайда болған. Даўагер даўа арзасында жуўапкерден 7 936 440,90 сўм пайыз қарыздарлығын ѳндириўди сораған. Даўагердиң талабы истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 3-декабрь ҳалатына усынылған мағлыўматнамаға қарағанда, жуўапкер судқа мүрәжат қылынғаннан соң пайыз қарыздарлығынан 2 018 272,32 сўмын сөндирген. Сонлықтан, суд даўа талабын қысман қанаатландырып, жуўапкерден даўагер пайдасына 5 918 168,58 сўм пайыз қарыздарлығын ѳндириўди лазым тапты. ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июнь күнги «Ис ҳақи, пенсиялар, степендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сўм етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден Республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының 1 Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179, 203 -2035-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер ХХнен ХХ пайдасына 5 918 168,58 сўм пайыз қарызы ҳәм 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Даўа талабының қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер ХХнен Республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарары қабыл етилгеннен кейин он күнлик мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарары үстинен қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Ж.Ж.Аманиязов