Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2303-2501/1259 Дата решения 02.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 79668841-3930-4f4c-85b4-b7072acb6403 Claim ID PDF Hash b210e99fdf1da6f6... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 7 608 символов
4-2303-2501/1259-санлы ис Судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 2-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов усы күни Қ***ның даўагер «Q*** S*** T***» акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «Z***» жеке меншик кәрханасынан 1 897 550 сом қарыздарлығын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Қ*** даўагер «Q*** S*** T***» АЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ниң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер «Z***» ЖМК (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 1 897 550 сом қарыздарлығын өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 2034-статьясының екинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин даўа арзасын ѳндириске қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддет ишинде судқа өзи тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның көширме нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады. Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды. Суд жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ишимлик ҳәм ақаба суў хызметлерин көрсетиў шәртнамасынан келип шыққан. 2 ПКниң 478-статьясына кѳре, егер нызам ҳүжжетлеринде, шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса яки ол миннетлеме мазмунынан келип шықпаса, тутастырылған тармақ арқалы газ, нефть ҳәм нефть ѳнимлери, суў ҳәм басқа товарлар менен тәмийинлеў қатнасықларына ПКниң «Энергия тәмийнаты» деп аталған 6-параграфының қағыйдалары қолланылады. ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. ПКниң 474-статьясына тийкар, егер нызам ҳүжжетлеринде яки энергия менен тәмийинлеў шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, энергия ҳақысы абонент әмелде қабыл еткен энергия муғдары ушын тѳленеди, бул муғдар усы Кодекстиң 470-статьясына муўапық анықланады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл 3-январь күни III топар тутыныўшыларына ишимлик ҳәм ақаба суў хызметлерин кѳрсетиў ҳаққында шәртнама дүзилген. Тәреплер ортасында дүзилген шәртнаманың 3.2-бәнди «е» киши бәндине муўапық тутыныўшы шәртнама шеңбериндеги миннетлемелерин орынлаў, усы айдың 23-25-сәнесинде суўды есапқа алыў әсбаплары кѳрсеткишлерин дурыс ҳәм ѳз ўақтында белгилеп барыў, усы айдың соңғы сәнесине шекем тәмийнатшыға кѳрсеткиш мағлыўматларын тәмийнатшының электрон мәнзили яки телефон рақамы арқалы ямаса тәмийнатшы жайласқан мәнзилге барған ҳалда усыныў ҳәм тѳлемлерди әмелге асырыў миннетлемелерин алған. Шәртнама миннетлемелери лазым дәрежеде орынланбағанлығы ақыбетинде жуўапкердиң 2025-жылдың 1-октябрь сәнесинен 31-октябрь сәнесине дейин 1 897 550 сом қарызы пайда болған. Бундай қарыздарлықтың бар екенлиги тәреплер ортасында тастыйықланған ѳз-ара салыстырыў актинде ѳз кѳринисин тапқан. ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис-қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Истиң жағдайлар истеги шәртнама, салыстырыў акти ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Бирақ даўагер тәрепинен усынылған 2025-жыл 2-декабрьдеги 2573-санлы мағлыўматнама қарағанда, жуўапкер тәрепинен судқа даўа арза келип түскеннен кейин 910 000 сом төленип, даўа талабында көрсетилген қарыздарлық қысман сөндирилген. 3 Сонлықтан, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 987 550 сом қарыздарлығын өндириўди, қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат етилгеннен соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179, 2031-2035-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «Z***» жеке меншик кәрханасынан даўагер «Q*** S*** T***» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 987 550 сом қарыздарлығы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўа талабының қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер «Z***» жеке меншик кәрханасынан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. 4 Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен кейин он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов