Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2503/2338 Дата решения 02.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья AMANIYAZOV JALG‘AS JOLDASBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 6c8435a1-3598-4d88-818c-640a09f2779e Claim ID PDF Hash 11fe5637b4548a16... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 5 776 символов
4-2302-2503/2338-санлы экономикалық ис судья Ж.Аманиязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Беруний районы 2025 жыл 2 декабрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Ж.Аманиязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили XXтың қатнасыўында, XXның даўагер XX»ниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер XXнан 8 319 699,76 сўм пайыз ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: XX (кейинги текстте – палата деп жүритиледи) даўагер XX» (кейинги текстте – даўагер деп жүритиледи) ниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер XX (кейинги текстте – жуўапкер деп жүритиледи) дан 8 319 699,76 сўм пайыз ѳндириўди сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, судқа мүражат етилгеннен соӊ қарыздарлық қысман төленгенлигини билдирип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды сорады. Палата ҳәм жуўапкер ўәкиллери суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзлериниң жазба пикирлерин судқа усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде олардың суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 129 ҳәм 170-статьяларына муўапық олардың қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 16-апрель күни дүзилген кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге жыллық 18% бенен 84 ай мүддетке 100 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги текстте – ПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли кредит бойынша 2025 жыл 21 октябрь жағдайына кредит бойынша 8 319 699,76 сўм пайыз қарыздарлығы пайда болған. Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 2-декабрь ҳалатына усынылған мағлыўматнамаға тийкар жуўапкердиң кредит бойынша 7 680 805,95 сўм пайыз қарыздарлығы есапланып, пайыз қарыздарлығы қысман төленген. Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўа талабын 7 680 805,95 сўмға қысман қанаатландырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июнь күнги «Ис ҳақи, пенсиялар, степендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сўм етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден Республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер XXнан XX» пайдасына 7 680 805,95 сўм пайыз ҳәм 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Даўаныӊ қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер XX дан республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Ж.Ж.Аманиязов