← Назад
Решение #2839120 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
7 590 символов
4-2301-2503/2272-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 02-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкиллери С.Авезов, П.Маликов (2025-жыл 18-ноябрь күнги 841-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, даўагер Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты
сақлаў министрлиги С.Султанов атындағы Республика фтизиатрия ҳәм
пульмонология орайның жуўапкер Ташкент қаласы “ si h rm L uks” ЖШЖнен
9 844 800 ом қарыз, 4 922 400 сом материаллық ҳәм мораллық зыян, төленген
мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм
қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлиги
С.Султанов атындағы Республика фтизиатрия ҳәм пульмонология орайы жуўапкер
“ si h rm L uks” ЖШЖнен 9 844 800 ом қарыз, 4 922 400 сом материаллық
ҳәм мораллық зыян, төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириўди
сораған.
Судтың 2025-жыл 25-ноябрьдеги күнги уйғарыўы менен «R q mli
tr nsf rm tsi m rk zi» ЖШЖти даўаның талабына арыз қылмайтуғын үшинши
шахс сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкиллери даўа арза талаплары тийкарлы деп
есаплайтуғынын, себеби жуўапкер менен орталарында дүзилген шәртнамаларына
тийкар «Киносер», «Флукосер» дәрилерин еки күн мүддет ишинде жеткизилиў
шәрти бойынша жәми 9 844 800 сом пуллар биржаның банк есап бетине өткерип
бергенин, бирақ жуўапкер өз миннетлемелерин орынламағанын, жуўапкер
жәмийет баслығы А.Давлетьяров пенен аўыз-еки сойлескенде ол дәрилер
жоқлығын айтқанын, нәтийжеде арадан бир ҳәпте өтиўден соң шәртнама
шәртлерин орынлаўдан бас тартқанын яғный «отказ» басқанын, бирақ оның
«отказ»ы өзинде көринбейтуғынын, сонлықтан өзиде «отказ»ды баспағанын,
әмелдеги нызамшылыққа муўапық алыс-берис факты әмелге асырылыўынан кейин
өткерилген пуллар электрон саўда өткериўши банк есап бетинен жуўапкерге
түсетуғынын, еки күн мүддет ишинде дәрилер жетип келмегени ушын
жуўапкершилик болыў зәрур екенин билдирип, даўа арза талапларын толық
муғдарда қанаатландырыўды сорады.
Истиң көрилиўи барысында тәнепис жәрияланган. Бирақ тәнеписке шекемги
видеоконференция режиминде өткерилген суд мәжилисинде жуўапкер даўа арза
талаплары тийкарсыз деп есаплайтуғынын, себеби даўагердиң провизоры
Г.Есбергенова менен сойлескенде шәртнамалардағы «Киносер», «Флукосер»
дәрилери жоқлығың айтқанын, бирақ орын басатуғын (заменяющий) дәрилерин
жеткизип бериўге таяр екенин, провизор тәрепинен тек сол дәрилер талап
етилгени ушын ҳәм дәрилер жоқ болғаны себепли «отказ»ды кеш басқанынын тән
алатугынын, даўагердиң есапшысы П.Маликов пенен орталарында жеке
келиспеўшилик барлығын, сонлықтан ол «отказ»ды баспай атырғанын, еледе
даўагер «отказ» басқан жағдайда пуллар өзине қайтып келетуғынын, «отказ»
өзинде көринбейди деп есапшы тәрепинен жалған мағлыўмат берилгенин
билдирген.
Тәнепистен кейин видеоконференция байланыс режиминде суд мәжилисин
өткериў имкәны болмады.
Үшинши шахс «R q mli tr nsf rm tsi
m rk zi» ЖШЖниң ўәкили суд
мәжилисине келмеди. Бирақ иске тийисли мағлыўматы судқа усынылған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған
жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында
шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул
табады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўа талапларын қанаатландырмаўды
мақул тапты.
Усынылған ҳүжжетлер менен даўагердиң юридикалық шахс екенлиги
тастыйықланады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 12-август
күни дүзилген В1145533-санлы шәртнама бойынша жуўапкер даўагерге еки күн
мүддет ишинде 300-флакон жәми 9 072 000 сомлық «Киносер» дәрилерин
жеткизип бериўге миннетленген.
Тәреплер орталарында 2025-жыл 12-август күни дүзилген В1145536-санлы
шәртнама бойынша жуўапкер даўагерге еки күн мүддет ишинде 30-флакон жәми
772 800 сомлық «Флукосер» дәрилерин жеткизип бериўге миннетленген.
Шәртнамаладың 2.1-бәнтлерине тийкар, даўагер 100% төлемди оператордың
финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылықтың арнаўлы есап бетине өткерип
бергени иске қосылған төлем тапсырықнамалары менен тастыйықланады.
Шәртнамалардың 2.7-бәнтлерине тийкар, товарларды бўйыртпашы-даўагер
алғаны ҳаққындағы хабар оператор арқалы бериледи ҳәм кейин пуллар жуўапкер
есап бетине өткериледи.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлийллеўи керек.
Суд жуўапкерден 9 844 800 ом қарыз, 4 922 400 сом материаллық ҳәм
мораллық зыян өндириў талаплары менен келисе алмайды.
Үшинши шахс «R q mli tr nsf rm tsi m rk zi» ЖШЖниң судқа усынған
мағлыўматында, истеги тәреплер орталарында 2025-жыл 12-август күни дүзилген
В1145533-санлы шәртнама бойынша 9 072 000 сом, В1145536-санлы шәртнама
бойынша 772 800 сом пул қәрежетлери Экономика ҳәм финанс министрлиги
ғазнашылығында блокланғаны ҳәмде шәртнамалардағы миннетлемелер толық
орынланған яки белгиленген тәртипте шәртнамалар бийкар етилген дәўирге шекем
бәнт салынып туратуғыны мәлим етилген. Сондай-ақ, шәртнамалар бойынша
миннетлемелер орынланбаған статуста екенлиги көрсетилген.
Демек пуллар жуўапкердиң банк есап бетине түспеген, шәртнамалардағы
миннетлемелердиң орынланғаны яки шәртнамалардың белгиленген тәртипте
бийкарланғаны ис ҳүжжетлери менен тастыйықланбайды.
Жоқарыдағылар есапқа алынғанда даўа арзаның қарыз өндириў талабын
қанаатландырыўға тийкарлар жоқ табылады. Бул жағдайда даўаның 4 922 400 сом
материаллық өндириў талабы қанаатландырыўсыз қалдырылады.
ЭПК 26-статьясында экономикалық судлар тәрепинен шешилетуғын даўалар
белгиленген.
Даўа арзадағы мораллық зыян өндириў талабы экономикалық судында
көрилмейди.
ЭПК 110-статьясы 1-бәнтине муўапық, ис экономикалық судқа, пуқаралық
ислери бойынша судқа яки ҳәкимшилик судқа тийисли болмаса, ис жүритиў
қысқартылады.
Сонлықтан даўа арзаның мораллық зыян өндириў талабы бойынша ис
жүритиў өндиристен қысқартылады.
Солай етип, суд даўа талапларын қанаатландырмаўды, төленген почта
қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды мақул табады.
ЭПК 118-статьясына муўапық, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылыўы себепли базалық есаплаў
муғдарының бир есесиндеги алдын ала төленген мәмлекетлик бажы даўагердиң
мойнында қалдырылады.
Истиң көрилиўи жуўмақланыўында видеоконференция режими болмағаны
ушын суд қәрежетин өндириў мақсетке муўапык емес табылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 110, 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Қарақалпақстан Республикасы Ден саўлықты сақлаў министрлиги
С.Султанов атындағы Республика фтизиатрия ҳәм пульмонология орайның даўа
арза талаплары қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўа арзаның мораллық зыян өндириў талабы бойынша ис жүритиў
өндиристен қысқартылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест
келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов