← Назад
Решение #2839155 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
6 523 символов
4-2301-2504/2310-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 2-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили *** (2025-жыл 6-январь күнги 01/01-12-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 2-декабрь күнги 86-санлы
исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер "***" мәмлекетлик
мәкемесиниң жуўапкер "***" ЖШЖнен 64 332 108 сом пеня өндириў
ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Даўагер "***" мәмлекетлик мәкемеси (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер
"***" ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 64 332 108
сом пеня өндириўди сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжлисинде даўа арзаны қоллап-қуўатлап, даўаны
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаны тән алып, аўыр жүк
транспортларының жолда жүриўине шеклеў болғанлығы себепли киши жүк
транспортлары менен жумыс ислегенлиги себепли кешигиўлер болғанлығын,
бүгинги күнде жумыслар толық жуўмақланғанлығын билдирип, даўаны
қысман қанаатландырыўды, пеня муғдарын кемейтириўди сорады.
Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап, ис
бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге
тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери қурылыс кесип-алып ислеў
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 631-статьясының биринши бөлимине муўапық, кесип-алыў
шәртнамасы бойынша бир тәреп (кесип-алыўшы) екинши тәреп
(буйыртпашы)ның тапсырмасына көре белгили бир исти орынлаў ҳәм оның
нәтийжесин белгиленген мүддетте тапсырыў миннетлемесин алады,
буйыртпашы болса ис нәтийжесин қабыл етип алыў ҳәм оның ушын хақы
төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
2
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, тәреплер орталарында
2025-жыл 24-февраль күни 143763-санлы улыўма баҳасы 1 300 179 002,20
сомлық кесип-алыў шәртнамасы (буннан кейин текстте Шәртнама деп
жүритиледи) дүзилген болып, усы шәртнамаға тийкар жуўапкер Қызыл-үй
хожалығы аймағында Әмиўдәрьяның қырғақларын ПК484+00 ден
ПК487+50ге шекем беккемлеў жумысларын ислеӯ, даўагер орынланған
жумысларды қабыл етиў ҳәм ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Бирақ, жуӯапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбастан, 2025-жыл август айында 84 931 184 сомлық, сентябрь айында
266 931 184 сомлық, октябрь айында 462 110 184 сомлық
қурылыс
жумыслары өз мүддетинде исленбеген.
ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги “Хожалық
жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы
ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама
миннетлемелерин орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда
екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп бериўи
белгиленген.
Шәртнаманыӊ 64-бәнтине муўапық, кесип алыўшы буйыртпашыға
объектти өз ўақтында иске түсириў бойынша миннетлемелер орынланыўы
кешиктирилген ҳәр бир күн ушын миннетлемелер орынланбаған бөлегиниӊ
0,5 пайызы муғдарында, бирақ орынланбаған миннетлеме баҳасының 30
пайызынан аспаған ҳалда пеня төлейди.
Суд даўагердиң жуўапкерден 64 332 108 сом пеня өндириў талабын
тийкарлы деп есаплайды.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени
қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң
мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына
ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы "Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым
мәселелери ҳаққында"ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў
дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-
3
ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге
ҳақылы екенлиги түсиндирилген.
Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, пеня муғдарын
кемейтириўди ҳәм жуўапкерден 10 000 000 сом пеня өндириўди мақул табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң
118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 10 000 000 сом пеня,
41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкерден республика бюджетине
1 286 643 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер
"***" мәмлекетлик мәкемеси пайдасына 10 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика
бюджетине 1 286 643 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап
бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов