← Назад
Решение #2839270 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
5 681 символов
4-2301-2502/2318-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 02-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили Р.Сарсенбаев (2025-жыл 06-август күнги 177-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, даўагер Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр
экономиканы
раўажландырыў
агентлиги
жанындағы
«Шығынды
полигонларын
басқарыў
дирекциясы»
мәмлекетлик
мәкемеси
Қарақалалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының жуўапкер «T rtk l
t z hudud kl st r» ЖШЖнен 79 813 615,73 сом тийкарғы қарыз, 25 584 272,1
сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы
раўажландырыў агентлиги жанындағы «Шығынды полигонларын басқарыў
дирекциясы» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалалпақстан Республикасы
аймақлық басқармасы экономикалық судына мүрәжат етип, жуўапкер «T rtk l
t z hudud kl st r» ЖШЖнен 79 813 615,73 сом тийкарғы қарыз, 25 584 272,1
сом пеня өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның қарыз өндириў талабы
тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа
олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд
исти көрип шығыўды мақул табады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талапларын қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда
ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият
шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм
талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 17январь күни турмыслық шығындыларды полигонға жайластыў ҳаққындағы
01/15-санлы шәртнама дүзилген.
Шәртнамаға көре хызметлер баҳасы 187 528 320 сомды қураған.
Шәртнаманың 1.1,1.2,1.3-бәнтлерине көре, даўагер ҳақы есесине
турмыслық шығындыларды алып кетиў хызметлерин әмелге асырыў, ал
жуўапкер алдынан ҳақысын төлеў есесине турмыслық шығындыларды
полигонға тапсырыў миннетлемелерин алған.
Сондай-ақ, шәртнаманың 2.2-бәнтинде алдын ала 30% төлемниң әмелге
асырылыўы нәзерде тутылған.
ЭПК 72-статьясына тийкар нызамшылықа муўапық анық дәлийллер
менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен
тастыйықланыўы мүмкин.
Иске қосылған электрон есапбет-фактураларда жәми 79 813 615,73
сомлық хызметлердиң көрсетилгени тастыйықланады. Бул қарыз төленбегени
себепли оның талап қылынғаны тийкарлы табылады. Себеби қарызды төлеў
ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 23-октябрьдеги талапнамасы жуўапкер
мәнзилине почта арқалы жиберилген болсада, төлемлер лазым дәрежеде
әмелге асырылмаған.
Шәртнаманың 4.2-бәнтинде ҳәр бир кешиктирилген күн ушын
нызамшылықта белгиленген тәртипте пеня төлеў нәзерде тутылғаны себепли
даўагер жәми 25 584 272,1 сом пеня талап қылған.
ПК 326-статьясының екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм
кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған
неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги
«Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин
қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде
түсиник берилген.
Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 4 000 000 сом
ондириўди мақул табады.
Солай етип, суд даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 79 813 615,73 сом тийкарғы қарыз, 4 000 000
сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын.
«T rtk l t z hudud kl st r» ЖШЖнен Шығындыларды басқарыў ҳәм
циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги жанындағы «Шығынды
полигонларын
басқарыў
дирекциясы»
мәмлекетлик
мәкемеси
Қарақалалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының пайдасына
79 813 615,73 сом тийкарғы қарыз, 4 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз
қалдырылсын.
«T rtk l t z hudud kl st r» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 2 107 957,75
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов