← Назад
Решение #2839310 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
4 798 символов
4-2301-2502/2314-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 02-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили
Б.Турдыханова (2025-жыл 07-октябрьдеги ЖЕ-02-06/1779-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, даўагер «Худудий электр тармоқлари» АЖниң
жуўапкер “Mid si t
lust r” ЖШЖнен 40 268 826.03 сом қарыз, 1 959 999.54
сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «Худудий электр тармоқлари» АЖти жуўапкер “Mid si t
lust r” ЖШЖнен 40 268 826.03 сом қарыз, 1 959 999.54 сом пеня өндириўди
сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған
жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында
шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул
табады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң
түсинигин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талапларын қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке
энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл қылынған
энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия
пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбуриятын алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 05-январь
күни 09-2042- анлы электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳаққындағы шәртнама
дүзилген. Шәртнамаға көре, даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткизиў
миннетлемеси алған. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын
ала 50% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
ЭПК 72-статьясына тийкар нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер
менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес.
Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жуўапкерге
жеткизилгени тастыйықланады. Тәреплер орталарындағы 2025-жыл 01-октябрь
күнине дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң 40 268 826,03 сом қарызы,
пеня бойынша 1 959 999,54 сом қарызлары көрсетилген.
Шәртнаманың 3.12-бәнтине тийкар, төлеўди кешиктиргени ушын қарыз
суммасы 50% есабынан аспаған жағдайда пеня төлеў миннетлемеси жуўапкерге
жүкленген. Сонлықтан төлеўди кешиктиргени ушын 1 959 999,54 сом пеня талап
қылынғаны тийкарлы табылады.
Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы жуўапсыз қалған
яғный, төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Нәтийжеде қарызлар
төленбестен қалған. Бул жағдайда даўа арзаның қарыз, пеня өндириў талаплары
тийкарлы табылады.
Солай етип, суд даўаның талапларын қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 40 268 826,03 сом қарызы, 1 959 999,54 сом пеня, 41 200 сом
почта қәрежетин өндириўди мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Даўа талаплары суммасының 2% есабынан мәмлекетлик бажы жуўапкерден
мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қанаатландырылсын.
“Mid si t
lust r” ЖШЖнен «Худудий электр тармоқлари» АЖниң
пайдасына 40 268 826.03 сом қарыз, 1 959 999.54 сом пеня, 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
“Mid si t
lust r” ЖШЖнен мәмлекет пайдасына 844 576,51 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов