Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2312 Дата решения 02.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID aa6aeb1c-592f-4ce5-85c5-823957948663 Claim ID PDF Hash 4aa6452cede1398b... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 4 487 символов
4-2301-2502/2312-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 02-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер «Худудий электр тармоқлари» АЖниң жуўапкер “N kis b st-s ds” ЖШЖнен 3 715 668 сом қарыз өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «Худудий электр тармоқлари» АЖти жуўапкер “N kis b sts ds” ЖШЖнен 3 715 668 сом қарыз өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 17-ноябрь күнги уйғарыўы тийкарында даўа арза ис жүритиў ушын қабыл етилген, әпиўайыластырылған тәртип бойынша экономикалық ис қозғатылған ҳәмде исти көриў шығыў 2025-жыл 17-ноябрь күнине тайынланған. Судтың 2025-жыл 17-ноябрь күнги уйғарыўы тийкарында қосымша жағдайларды анықлаў зәрурлиги пайда болғаны себепли ис жүритиўдиң улыўма қағыйдалары бойынша исти көрип шығыў мақул табылған. Суд мәжилисине даўагер ўәкили келмеди. Бирақ судқа усынылған илтимаснамасында экономикалық исин даўагер ўәкилисиз көрип шығыў соралған. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Судқа усынылған мағлыўматында 3 715 568 сом қарызын тән алатуғыны мәлим етилген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы екинши, үшинши бөлимлерине тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика 1 шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў мәжбуриятын алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 28март күни 143227-санлы электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жеткизилген. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 100% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жуўапкерге жеткизилгени тастыйықланады. Нәтийжеде даўагер тәрепинен дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң 3 715 568 сом қарызы көрсетилген. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы жуўапсыз қалған яғный, төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Бул жағдайда даўаның қарызын өндириў талабы тийкарлы табылады. Суд, даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 3 715 568 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырылсын. “N kis b st-s ds” ЖШЖнен «Худудий электр тармоқлари» АЖниң пайдасына 3 715 568 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. “N kis b st-s ds” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов 2