Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2502/2278 Дата решения 01.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 81176e31-db79-4f69-80a4-cae0984d5ac0 Claim ID PDF Hash f31b084008596dda... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 4 578 символов
4-2301-2502/2278-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов УЙҒАРЫЎ (даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025-жыл 01-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, жуўапкер ўәкили Қ.Ермағамбетов (2025-жыл 24-ноябрь күнги 9-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Тахыятас районы фермерлер Кеңеси даўагер Тахыятас районы “B g N z r X j li ilmi m rk zning” фермер хожалығының мәпин қорғап, жуўапкер « khi t sh Agr t lust r» ЖШЖнен 223 242 845 сом қарыз, 111 621 422,5 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Тахыятас районы фермерлер Кеңеси даўагер “B g N z r X j li ilmi m rk zning” фермер хожалығының мәпинде жуўапкер « khi t sh Agr t lust r» ЖШЖнен 223 242 845 сом қарыз, 111 621 422,5 сом пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде жуўапкер ўәкили усы судтың 2025-жыл 28-ноябрьдеги 4-2301-2503/2041-санлы шешиўши қарары менен жәмийет төлеўге қабилетсиз деп табылғанын билдирип, даўа арзаны көрместен қалдырыў соралған. Суд мәжилисине Кеңес ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Даўагер ҳәм оның адвокаты суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында даўагердиң хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде даўаның талаплары тийкарлы екенин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы екинши бөлимине тийкар суд исти көрип шығыўды мақул тапты. Суд, жуўапкер ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты. Анықланыўынша, “Gurl n Gl b l ks” ЖШЖти экономикалық судына арзасы менен мүрәжат етип, қарыздар “ khi t sh Agr t lust r” ЖШЖтин банкротлықтыӊ улыўма процедурасы бойынша төлеўге қабилетсиз деп табыўды сораған. Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 28-ноябрь күнги 4-2301-2503/2041-санлы шешиўши қарары тийкарында қарыздар “ khi t sh Agr t lust r” ЖШЖти төлеўге қабилетсиз деп табылған, сапластырыў өндириси ашылған ҳәм сапластырыў басқарыўшысы сыпатында Х.Эгамберганов тайынланған. Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамының 12-статьясы биринши бөлимине тийкар, төлеўге қәбилетсизлик тәртип-процедурасы қолланылғанда барлық кредиторлардың мәплерин кредиторлар жыйналысы яки кредиторлар комитети қорғайды. Суд қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик туўрысында ис қозғатыў ҳаққындағы арзаны ис жүритиўге қабыллаған күнинен кредиторлар карыздарға өз талапларын жеке тәртипте канаатландырыў мақсетинде мүрәжат етиўге ҳақылы емес. ЭПК 107-статьясы биринши бөлими 9-бәнтине тийкар, жуўапкерге қарата банкротлық туўрысында ис қозғатылған болса ҳәм жуўапкерге қарата усынылған талап нызамға көре банкротлық туўрысындағы ис шеңберинде көрилиўи лазым болса, суд даўа арзаны көрместен қалдырады. Даўа талаплары қарыздарлық өндириў болыўы себепли бул талаплар сапластырыў ислери шеңберинде шешилиўи лазым. Солай етип, суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып арзаны көрместен қалдырыўды макул табады. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 18-бәнтине муўапық, Кеңес мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрьдеги «Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери искерлигин жәнеде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ3318-санлы қарарының 3-бәнди бесинши хатбасына муўапық фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәплерин қорғап судқа мәмлекетлик бажы төлеместен даўа арзалар, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органлары, жергиликли ҳәкимияты органларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахслары ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен наразылық арза усыныў, бунда даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылғанда мәпи қорғалып даўа арзасы киритилген фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелеринен мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Сонлықтан мәмлекетлик бажы өндирилместен қалдырылады. Төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылыўға жатады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107, 108статьяларын басшылыққа алып, суд У Й Ғ А Р Д Ы: Даўа арза көрместен қалдырылсын. Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериўге (прокурор протест келтириўге) ҳақылы. Судья Б.Баймуратов