Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2504/1565 Дата решения 01.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 89f212d7-5feb-462e-b595-f5e72cb7d386 Claim ID PDF Hash 16fe2857fbedd384... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 11 162 символов
4-2304-2504/1565-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 1-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили А.У*** (2025-жыл 4-февраль күнги 12-01/SH378-санлы исеним хат) ҳәм жуўапкер ўәкили кәрхана баслығы З.С***лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ «М*** б***» акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер «Z***» жеке меншик кәрханасынан 101 837 541,29 сом пайыз қарыздарлығын ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың имаратында видеоконференцбайланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ «М*** б***» АЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ниң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер «Z***» ЖМК (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 101 837 541,29 сом пайыз қарыздарлығын өндириўди сораған. Палата даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сорағанлығы себепли суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясына муўапық исти оның ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын қысман қоллапқуўатлап, пайызларды есаплаўда қәте-кемшиликке жол қойылғанлығын, даўа суммасының 13 949 089,71 сомы пайызға кирмейтуғынлығын, сондай-ақ, судқа даўа арза киритилгенинен кейин жуўапкер тәрепинен 1 600 000 сомы төлеп берилгенлигин, солай етип жуўапкердиң қарызы 2021-жыл 11-март күнинен 2024-жыл 1-январь күнине шекем 86 288 451,58 сомды қурайтуғынлығын билдирип, даўа арзасын қысман қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде қайта есап-китап қылынған қарыздарлықты мойынлайтуғынлығын билдирип, ис бойынша нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. 2 Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиндириўлерин тыңлап ҳәмде истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. ПК 734-статьясының биринши бѳлимине муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2018-жыл 8-июнь күни дүзилген 200816-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк филиалы тәрепинен жуўапкерге шайхана имаратын оңлаў ушын жыллық 18% бенен 36 ай мүддетке 170 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылып, шәртнама миннетлемелери толық орынланған. Бул истен алдын кредит ҳәм оған есапланылған пайызлар өз ўақтында қайтарылмағанлығы себепли даўагер судқа даўа арза менен мүрәжат еткен болып, Шымбай районлар аралық экономикалық судының 4-2304-2103/459санлы иси бойынша 2021-жыл 5-май күнги шешиўши қарарына тийкар жуўапкерден даўагердиң пайдасына 24 750 672 сом тийкарғы қарызын, 105 035 734 сом мүддети өткен қарызын, 33 384 712 сом мүддети өткен пайызын, жәми 163 171 118 сом ҳәмде 19 600 сом почта қәрежетин өндириў, өндириўди жуўапкерге тийисли Шымбай районы, Кенес АПЖ аймағында 0,131 гектар жер орнында жайласқан Шайхана имаратына қаратыў белгиленген. Суд қарары ўақтында орынланбағанлығы себепли даўагер тәрепинен жуўапкерге 101 837 541,29 сом пайыз есапланып, бул сумманы өндириў бойынша экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етилген. Исти суд мәжилисинде көриў барысында жуўапкерге есапланылған 101 837 541,29 сом пайыз суммасы қайта есап-китап қылынғанында, Шымбай районлар аралық экономикалық суды тәрепинен шешиўши қарар қабыл етилген сәнеден баслап 2024-жылдың 1-январына дейин жуўапкердиң 86 288 451,58 сом пайыз қарыздарлығы жүзеге келгенлиги, 13 949 089,71 сомы тийкарсыз есапланылғанлығы ҳәм 1 600 000 сомы жуўапкер тәрепинен ықтыярый төлеп берилгенлиги анықланған. 3 Кредит шәртнамасының 2.3-бәндинде берилген кредит ушын ҳәр күнлик пайыз есаплап барыў белгилеп қойылған. Сондай-ақ, кредит шәртнамасының 3.10-бәндине муўапық қарыз алыўшы банкке алынған кредит ушын 20 пайыз муғдарында есапланылған пайызларды ҳәр айдың 6-сәнесинен кешикпестен тѳлеп барыўы лазым болған. Кредит шәртнамасының 3.11-бәндинде қарыз алыўшы тәрепинен кредитти қайтарыў мүддети бузылған жағдайда, кешиктирилген қарыздарлық ушын жыллық 24 жоқарылатылған пайыз төленетуғынлығы нәзерде тутылған. ПКниң 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПК 327-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, басқа шахслардың пул қаржыларын нызамға қайшы услап қалыў, оларды қайтарып бериўден бас тартыў, оларды төлеўди басқаша тәризде кешиктириў ямаса басқа шахс есабынан тийкарсыз алыў яки топлаў нәтийжесинде олардан пайдаланғанлық ушын усы қаржылар суммасына пайыз төлениўи керек. Пайызлар муғдары кредитор жасайтуғын жерде, кредитор юридикалық шахс болғанында болса, оның жайласқан жеринде пул миннетлемеси яки оның тийисли бөлеги орынланған күнде орнатылған банк пайызының есап ставкасы менен белгиленеди. Қарыз суд тәртибинде өндирип алынғанында суд кредитордың талабын даўа қозғатылған күндеги яки қарар шығарылған күндеги банк пайызының есап ставкасына қарап қанаатландырыўы мүмкин. Бул қағыйдалар нызамда яки шәртнамада басқа пайыз муғдары белгиленген болмаса қолланылады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2006-жыл 22-декабрьдеги «Кредит шәртнамаларынан келип шығатуғын миннетлемелер орынланыўын тәмийинлеў ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 13/150-санлы қарары 5-бәндиниң екинши хатбасында кредиттен пайдаланғанлық ушын пайызлар, кредит шөлкеми тәрепинен қарыз алыўшы (қарыздар) банктиң пул қаржыларынан әмелде пайдаланған пүткил дәўири ушын, ҳәттеки актив (кредит/қарыз) өстирмеслик статусына өткизилген жағдайда да, пул миннетлемелерин кешиктириў дәўирин қосқан ҳалда есапланыўы мүмкинлиги ҳаққында түсиник берилген. Сондай-ақ, усы Пленум қарары 10-бәндиниң биринши хатбасында ПКниң 736-статьясы биринши бөлимине муўапық, егер нызам ҳүжжетлеринде яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз алыўшы қарыз суммасын ўақтында қайтармаған жағдайларда ПКниң 734-статьясы биринши бөлиминде нәзерде тутылған пайызлар төленген болыўына қарамастан, қарыз қайтарып берилиўи керек болған күннен баслап ол қарыз бериўшиге қайтарып берилген күнге шекем бул 4 сумма бойынша ПКниң 327-статьясы биринши ҳәм екинши бөлимлеринде нәзерде тутылған муғдарда пайызлар төлениўи кереклиги ҳаққында түсиник берилген. Сонлықтан, суд даўа талабы истеги ҳүжжетлер менен өз тастыйығын қысман тапқанлығы себепли даўа талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 86 2888 451,58 сом пайыз қарыздарлығын өндриўди, қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПКниң 118-статьясы биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ҳәм 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 25 пайызы муғдарында видеоконференцбайланыс режиминде исти кѳриў менен байланыслы суд қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли суд даўа талабының тийкарлы бөлеги бойынша жуўапкерден республика бюджетине 1 757 769,03 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд қәрежетин, сондай-ақ, тийкарсыз бөлеги бойынша даўагерден республика бюджетине 278 981,79 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд 5 ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «Z***» жеке меншик кәрханасынан даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ «М*** б***» акционерлик жәмийетиниң пайдасына 86 288 451,58 сом пайыз қарыздарлығы ҳәм ис бойынша алдыннан төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўа талабының қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер «Z***» жеке меншик кәрханасынан республика бюджетине 1 757 769,03 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Жуўапкер «Z***» жеке меншик кәрханасынан Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд қәрежети ѳндирилсин. Даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ «М*** б***» акционерлик жәмийетинен республика бюджетине 278 981,79 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов