Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2303-2502/1258 Дата решения 01.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID c6f1fb6c-0c20-4d5a-b131-c44640165ee9 Claim ID PDF Hash 8fb2af696e35b347... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 10 131 символов
4-2303-2502/1258-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 1-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалғасбаевтың хаткерлигинде, тәреплер ўәкиллериниң қатнасыўысыз, даўагер Қ*** М*** а*** б***ның жуўапкер « *** SH*** *** T*** K***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 19 584 050,1 сом тийкарғы қарызын ҳәм 2 767 879,08 сом пеня ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Өзбекстан Республикасы М*** а***ди басқарыў агентлиги жанындағы М*** мүлик объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының Қ*** аймақлық б***н иске даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартқан ҳалда судтың имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер Қ*** М*** а*** б*** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер « *** SH*** *** T*** K***» ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 19 584 050,1 сом тийкарғы қарызын ҳәм 2 767 879,08 сом пеня ѳндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 12-ноябрь күнги уйғарыўы менен иске Өзбекстан Республикасы М*** а***ди басқарыў агентлиги жанындағы М*** мүлик объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының Қ*** аймақлық б*** буннан кейин текстте үшинши шахс деп жүритиледи) даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Даўагер даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сорағанлығын есапқа алып, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 170-статьясының екинши бөлимине муўапық оның ўәкили қатнасыўысыз көриўди лазым тапты. Жуўапкер ҳәмде үшинши шахс суд мәжилисинде өз ўәкиллериниң қатнасыўларын тәмийинлемеди. Суд истеги ҳүжжетлерде оларды суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти ЭПКниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. 2 Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатты шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды екинши тәреп (сатып алыўшы)ке мүлк қылып тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл қылыў ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасын (баҳасы) төлеў миннетлемесин алады. ПК 420-статьясының биринши бөлимине муўапық, алды-сатты шәртнамасында сатыўшы товарды тапсырмастан алдын сатып алыўшы оның ҳақын толық яки қысман төлеў (алдыннан ҳақ төлеў) миннетлемеси нәзерде тутылған ҳалларда, сатып алыўшы товар ҳақысын шәртнамада нәзерде тутылған мүддетте, егер шәртнамада бундай мүддет нәзерде тутылмаған болса, усы Кодекстиң 242-статьясына муўапық белгиленген мүддетте төлеўи лазым. ПКниң 236-статьясына тийкар, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл 23-июль күни 02/01-1051297а-санлы алды-сатты шәртнамасы (буннан кейин текстте шәртнама деп жүритиледи) дүзилип, шәртнамаға тийкар жуўапкер тәрепинен Кегейли районы, Абат мәкан МПЖ, Жақабай палўан көшеси, 3-жайда жайласқан «Алдынғы ҳәкимшилик имараты» сатып алынған. Шәртнаманың 3.1-бәндинде объектти сатып алыў баҳасы 561 105 807,9 сом екенлиги көрсетилген. Алдыннан закалат пулы сыпатында 12 752 404,73 сом төленген болып, бул сумма объектти сатып алыў төлемлериниң бир бөлеги сыпатында қабыл қылынған. Жуўапкерден жоқарыдағы төленген закалат пул муғдары шегирип қалынғаннан кейинги 548 353 403,17 сом муғдардағы парықты жуўапкер 2032-жыл 23-июльге шекем белгиленген графикке тийкар кесте бойынша бөлип-бөлип төлеў миннетлемесин алған. Жуўапкер графикке муўапық 2025-жылдың 23-августинен 23-октябрине шекем есапланған 19 584 050,1 сом төлемди ўақтында төлемегенлиги себепли даўагер экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етиўге мәжбүр болған. Даўагердиң жуўапкерге жоллаған 2025-жыл 14-октябрь күнги МА 01/02-10/2553-санлы талапнамасы жуўапкер тәрепинен орынланбастан, ақыбетсиз қалдырылған. 3 Сонлықтан суд даўагердиң бул даўа талабын тийкарлы деп есаплап, оны толық қанааатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 19 584 050,1 сом тийкарғы қарызын өндириўди лазым тапты. Соның менен бирге, суд даўагердиң жуўапкерден 2 767 879,08 сом пеня ѳндириў ҳаққындағы талабын да тийкарлы деп есаплайды. Себеби тәреплер ортасында дүзилген шәртнаманың 5.3-бәндинде усы шәртнаманың 3-бөлимине муўапық қарыйдар тәрепинен сатып алыў төлемлери өз ўақтында төленбеген жағдайда, қарыйдар ҳәр бир кешиктирилген күн ушын өз ўақтында төленбеген төлемлердиң 0,4 пайызы муғдарында, лекин өз ўақтында тѳленбеген сумманың 50 пайызынан артық болмаған муғдарда сатыўшыға пеня төлейтуғынлығы көрсетилген. Жуўапкер тәрепинен алды-сатты шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған. ПК 261-статьясының үшинши бѳлимине тийкар қарыздар миннетлемелердиң орынланыўын кешиктирип жибергенде тѳлейтуғын ҳәм ѳткерип жиберилген мүддеттиң ҳәр бир күни ушын миннетлемениң орынланбаған бѳлегине пайызлар менен есапланатуғын неустойка пеня есапланады. ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. ПКниң 326-статьясына көре, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сай емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтириўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий жағдайы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтириў ҳуқықына ийе. Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин итибарға алып, пеняны 800 000 сомға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. 4 Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп м*** бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасының «М*** бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған М*** бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда м*** бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 447 038,58 сом м*** бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер « *** SH*** *** T*** K***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер Қ*** М*** а*** б***ның пайдасына 19 584 050,1 сом тийкарғы қарызы, 800 000 сом пеня ҳәмде ис бойынша алдыннан төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўа арзаның қалған бѳлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер « *** SH*** *** T*** K***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 800 000 сом м*** бажы өндирилсин. 5 Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қ*** судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов