Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2303-2502/1264 Дата решения 01.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 4d08b765-b5d3-4abe-80a6-63ed76e2e347 Claim ID PDF Hash aac78abde02bd3b0... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 12 270 символов
4-2303-2502/1264-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 1-декабрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкиллери А.А*** (2025-жыл 1-декабрь күнги 17-санлы исеним хат), адвокаты Д.А*** (2025-жыл 4-ноябрь күнги 105-санлы ордер) ҳәм үшинши шахс Қ*** ўәкили бөлим бас қәнигеси Г.А*** (2025-жыл 24-ноябрь күнги НЕ/03-09/163-санлы исеним хат)лардың қатнасыўында, даўагер «N*** F*** S*** 7***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер Қоңырат районы медицина бирлеспесинен тийкарсыз арттырылған 333 235 700 сом пул қаржыларын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Қ***н ҳәмде Қ*** иске даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартқан ҳалда судтың имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «N*** F*** S*** ***7» ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер Қоңырат районы медицина бирлеспеси (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен тийкарсыз арттырылған 333 235 700 сом пул қаржыларын өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 12-ноябрь күнги уйғарыўы менен иске Қ*** ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған. Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында жуўапкер ҳәм үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы тийисли тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлемеди. Сол себепли, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық исти олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкиллери суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, тәреплер ортасында буннан алдын да шәртнамалық-ҳуқықый қатнасықлар болып келгенлигин, бирақ ортасында дүзилген шәртнаманың мүддети таўсылып қалғанлығы себепли жаңадан таңлаў арқалы жеңимпаз анықланғанға шекем өзара 2025-жыл 12-июнь күни 8 ҳәм 9-санлы жазба түрдеги шәртнамаларға муўапық 2025-жылдың июнь ҳәм июль айларында аутсорсинг хызметлерин көрсеткенлигин, бирақ шәртнамасы қазнашылық бөлиминен дизимнен 2 өтпегенлигин, көрсеткен хызметлери ушын жуўапкердиң 333 235 700 сом қарызы төленбей қалып кеткенлигин, жуўапкердиң буннан хабары бар екенлигин, ортасындағы қарыздарлық судқа усынылған ҳүжжетлер менен өз тастыйығын табатуғынлығын билдирип, исбилерменлик субъектине жәрдем бериўди ҳәм даўа арзасын толық қанаатландырыўды сорады. Үшинши шахс Қ*** ўәкили тәреплер ортасында дүзилген шәртнамалар қазнашылық бөлиминен дизимнен өтпегенлигин, жуўапкердиң көрсеткен хызметлериниң ҳақысының өндирип берилиўине қарсы емес екенлигин билдирди. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндириўлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери аутсорсинг хызметлерин көрсетиў ҳаққындағы шәртнамадан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2025-жыл 12-июнь күни аутсорсинг шәртлери тийкарында хызметлер көрсетиў бойынша 8 ҳәм 9-санлы шәртнамалар дүзилген. Жуўапкер бюджеттен қаржыландырылатуғын мәкеме болғанлықтан хожалық искерлигин жүргизиў даўамында әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўлары Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлары ҳаққында»ғы Нызамы (буннан кейинги текстте Нызам деп жүритиледи)нда белгиленген тәртипте әмелге асырылыўы лазым. Нызамның 4-статьясына муўапық, мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы шәртнама - мәмлекетлик буйыртпашы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлардың орынлаўшысы арасындағы мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша ҳуқықлар ҳәм миннетлемелерди белгилеў, өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы келисим болып есапланады. Нызам 26-статьясының биринши бөлимине муўапық, мәмлекетлик сатып алыўлар процеси төмендеги басқышларды өз ишине алады: мәмлекетлик сатып алыўларды режелестириў; сатып алыў тәртип-процедураларын әмелге асырыў; шәртнаманы дүзиў ҳәм орынлаў; мәмлекетлик сатып алыўлар мониторинги. Нызам 27-статьясының төртинши бөлимине муўапық, бюджет буйыртпашыларының мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша төлемлери арнаўлы мәлимлеме порталында мәмлекетлик сатып алыўларды режелестириў, сатып алыў тәртип-процедураларын әмелге асырыў, шәртнама дүзиў ҳәм олар ҳаққында мәлимлеме жайластырыў процесслери жуўмақланғаннан кейин Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Қазнашылық хызмети комитети тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырылады. 3 Нызам 71-статьясы биринши бөлиминиң 18-бәндинде емлеўпрофилактика мекемелери ушын азық-аўқат өнимлериниң мәмлекетлик сатып алыўы туўрыдан-туўры шәртнамалар бойынша әмелге асырылатуғынлығы көрсетилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 10-январьдағы 16-санлы қарары менен тастыйықланған «Өзбекстан Республикасы Ден-саўлықты сақлаў министрлиги структурасындағы шөлкемлерде аутсорсинг хызметлерин көрсетиў тәртиби ҳаққында»ғы Реже (буннан кейин текстте Реже деп жүритиледи) 9-бәндиниң биринши хатбасына көре, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамын әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 27-сентябрьдеги ПҚ-3953-санлы қарарына муўапық, мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен туўрыдан-туўры шәртнамалар бойынша сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) дизиминен тысқары барлық жағдайларда аутсорсерди таңлаў белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасы Бюджет кодекси 122-статьясының үшинши бөлимине муўапық, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржыларын алыўшылардың бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар бойынша товарларды (ислерди, хызметлерди) жеткизип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары, сондай-ақ оларға киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар олар қазнашылық бөлимлеринде дизимнен өткизилгенинен кейин күшке киреди. Бул жағдайда тәреплер ортасында дүзилген 2025-жыл 12-июнь күнги аутсорсинг шәртлери тийкарында хызметлер көрсетиў бойынша 8 ҳәм 9-санлы шәртнамалар қазнашылық бөлиминен дизимнен өткизилмеген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2014-жыл 28-ноябрь күнги «Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызамшылығы нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 269-санлы қарары (буннан кейин текстте Пленум қарары деп жүритиледи) 11-бәндиниң төртинши хатбасында бюджет шөлкемлери ҳәм бюджеттен қаржы алыўшыларға қарата товарларды (ислерди, хызметлерди) жеткизип бергенлик ушын ҳақы өндириў ҳаққындағы даўалар көрилип атырғанда шәртнама Өзбекстан Республикасы Бюджет кодекси 122-статьясының үшинши бөлиминде белгиленген тәртипте дизимнен өткизилмегенлиги, шәртнаманың өз-өзинен ҳақыйқый емеслигине алып келмейтуғынлығы, бундай жағдайда шәртнама дүзилмеген деп есапланатуғынлығы ҳаққында түсиник берилген. Усы Пленум қарары 9-бәндиниң үшинши хатбасында, егер питимди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққында талап билдирилген болып, ол ПКниң қағыйдаларына көре дүзилмеген деп есапланса, бундай талап қанаатландырыўсыз қалдырылатуғынлығы ҳаққында түсиник берилген. Демек, бул жағдайда тәреплер ортасындағы 2025-жыл 12-июнь күнги аутсорсинг шәртлери тийкарында хызметлер көрсетиў бойынша 8 ҳәм 9-санлы шәртнамаларды дүзилген деп баҳалап болмайды. Дүзилмеген шәртнама болса, ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин емес. Жоқарыдағы Пленум қарары 27-бәндиниң екинши хатбасында питим суд тәрепинен дүзилмеген деп табылған жағдайларда ҳәмде бундай питим бойынша 4 белгили ис-ҳәрекетлер (мал-мүлик тапсырылған яки төлем төленген) әмелге асырылған болса, дүзилмеген питим бойынша миннетлемени орынлаған шахс ПКниң 1023-статьясына муўапық тийкарсыз арттырылған мал-мүликти яки төленген пул қаржыларын қайтарыўды талап етиў ҳуқықына ийе екенлиги ҳаққында түсиник берилген. ПК 1023-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, нызамшылықта яки питимде белгиленген тийкарларсыз басқа шахс (жәбирлениўши)тың есабынан мал-мүлкти ийелеп алған яки тежеп қалған шахс (қолға киритиўши) тийкарсыз ийелеп алынған яки тежеп қалынған мал-мүлкти (тийкарсыз арттырылған байлықты) жәбирлениўшиге қайтарып бериўи шәрт, усы Кодекстиң 1030-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Усы статьяның биринши бөлиминде белгиленген миннетлеме, сондай-ақ мал-мүлкти ийелеп алыў яки тежеп қалыў тийкары кейин ала бийкар етилгенде де жүзеге келеди. ПК 1026-статьясының биринши бөлимине муўапық, тийкарсыз алынған яки тежеп қалынған мал-мүлкти түп ҳалында қайтарыўдың мүмкиншилиги болмаған жағдайда, қолға киргизиўши жәбирлениўшиге бул мал-мүлктиң қолға киргизиў ўақтындағы ҳақыйқый баҳасын төлеўи, сондай-ақ, егер қолға киргизиўши арттырылған байлықтың тийкарсызлығын билгеннен кейин дәрҳал оның баҳасын төлемеген болса, мал-мүлк баҳасының кейинги өзгериўи себепли көрилген зыянды төлеўи лазым. Бул жағдайда даўагер тәрепинен жуўапкерге 2025-жылдың июнь-июль айлары даўамында жәми 333 235 700 сомлық аутсорсинг хызметлери көрсетилгенлиги истеги менюлер, салыстырыў атклери ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен өз тастыйығын табады. Жуўапкер бүгинги күнде даўагерге көрсетилген аутсорсинг хызметлери бойынша тийкарсыз қолға киргизилген мал-мүликлерди түп ҳалында қайтарыў мүмкиншилигине ийе емес. Сол себепли жуўапкер бул мал-мүликлердиң ҳақыйқый баҳасын төлеўи лазым болады. Сол себепли суд даўа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына тийкарсыз арттырылған 333 235 700 сом пул қаржыларын өндириўди лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў 5 муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 6 664 714 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети төленген. Сол себепли, суд жуўапкерден даўагердиң пайдасына 6 664 714 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер Қоңырат районы медицина бирлеспесинен даўагер «N*** F*** S*** ***7» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына тийкарсыз арттырылған 333 235 700 сом пул қаржылары, 6 664 714 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов