Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2302-2503/2308 Дата решения 01.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья AMANIYAZOV JALG‘AS JOLDASBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b1236588-98dd-4203-8cff-a79252f390d3 Claim ID PDF Hash 482a5e432aa26320... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 11 255 символов
4-2302-2503/2308-санлы экономикалық ис судья Ж.Аманиязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Беруний районы 2025-жыл 1 декабрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы Ж.Аманиязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси Г.Базарбаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили юрисконсульт М.Мурзамбетов (2024-жыл 22-ноябрь күнги 11-06/58-санлы исеним хат тийкарында) тиң қатнасыўында, ХХның даўагер ХХниң мәпин қорғап, жуўапкерлер ХХ, ХХ ҳәмде ХХ есабынан солидар тәртипте 116 196 452 сўм лизинг төлемлерин ҳәмде 18 021 050 сўм пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын судтың өз имәратында, ашық суд мәжилисинде видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ХХ (кейинги орынларда текстте– ХХ деп жүритиледи) ХХниң (кейинги орынларда текстте – даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, ХХ (кейинги орынларда текстте –жуўапкер деп жүритиледи), ХХ ҳәмде ХХ есабынан солидар тәртипте 116 196 452 сўм лизинг төлемлерин ҳәмде 18 021 050 сўм пеня өндириўди сораған. Суд мәжлисинде даўагер ўәкили жуўапкер судқа арза берилгеннен кейин тийкарғы қарызын толық төлегенлигин билдирип, нызамлы қарар қабыл етиўди сорады. ХХ ҳәмде жуўапкерлер ўәкиллери суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзлериниң жазба пикирлерин судқа усынбады. Суд истеги ҳүжжетлеринде олардың суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда текстте – ЭПК деп жүритиледи) ниң 128, 170-статьяларына муўапық олардың ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даўагер ўәкилиниӊ түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда текстте – ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери лизинг ҳәм кепиллик шәртнамаларынан келип шыққан. ПКниң 587-статьясына көре, лизинг шәртнамасы бойынша лизинг бериўши (ижараға бериўши) бир тәреп лизинг алыўшы (ижараға алыўшы) екинши тәрептиң тапсырыўына көре сатыўшы үшинши тәреп пенен оннан лизинг алыўшы ушын мал-мүлк сатып алыў ҳаққында келисиў миннетлемесин алады, лизинг алыўшы болса буның ушын лизинг бериўшиге лизинг төлемлерин төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда жуўапкер ҳәм даўагер ортасында дүзилген 2018-жыл 27 ноябрь күнги 18/01-4-307-санлы лизинг шәртнамасына тийкар 1 (бир) дана «N w H ll nd T6070 4WD» маркалы трактор, 2025-жыл 3 январь күнги 25/01-4-001-санлы лизинг шәртнамасына тийкар 1 (бир) дана « SE U 210» маркалы трактор, 2025-жыл 9 январь күнги 25/01-4-011-санлы лизинг шәртнамасына тийкар 1 (бир) дана « L 5» маркалы лазерли жер тегислегиш, жеткерип берилген. Жоқарыдағы шәртнамалардың ажыралмас бөлеги болған графикке тийкар жуўапкер алынған лизинг объекти ушын лизинг тѳлемлерин төлеп барыў миннетлемесин алған. Сондай-ақ, лизинг төлемлериниң ўақтында төлениўин тәмийинлеў мақсетинде шерик жуўапкерлер ХХ ҳәмде ХХның кепиллиги қабыл етилген. Тәреплер ортасында 2025-жыл 3-январь ҳәм 9-январь күнлери дүзилген кепиллик шәртнамаларының 1.1-бәндине муўапық кепиллер лизинг шәртнамасы бойынша лизинг мәжбүриятлары ўақтында қайтарылмағанда лизинг бериўшиге төлеп бериў мәжбүриятын алған. Шәртнамалардың 3-бәндине тийкар шерик жуӯапкерлер (кепиллер) лизинг төлемлери ҳәм пенядан жәми 1 859 692 000 сўм муғдарында төлеп бериў кепиллигин берген. ПКниң 292-статьясының биринши бөлимине тийкар, кепиллик шәртнамасы бойынша кепил басқа шахс өз мәжбуриятларын толық яки қысман орынлаўы ушын оның кредиторы алдында жуўап бериўди өз мойнына алады. ПКниң 293-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине көре, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған тәғдирде кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап береди, егер нызам яки кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидиар жуўапкер болыўы нәзерде тутылмаған болса. Егер, кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепил кредитор алдында қарыздар менен тең муғдарда жуўап береди, соның ишинде пайызлар төлейди, қарызды өндирип алыў бойынша суд шығынларын ҳәм қарыздар мәжбуриятын орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор көрген басқа зыянларды төлейди. ПК 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. Жуўапкер тәрепинен миннетлемелер лазым дәрежеде орынланбағанлығы ақыбетинде 2025-жыл 20-октябрь күнине 116 196 452 сўм лизинг төлемлеринен қарыз жүзеге келген. Бул жағдайлар истеги шәртнамалар, қабыллаў-тапсырыў акти, тѳлем графиги ҳәм мағлыўматнамалар менен толық тастыйықланады. Бирақ, жуўапке тәрепинен судқа арза берилгеннен кейин қарыздарлығын толық төлеген. Сол себепли, суд даўагердиң лизинг төлемлеринен тийкарғы қарызын өндириўди сораған талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Сондай-ақ, ПКниң 263-статьясына муўапық неустойка төлеў тәреплердиң келисиўинде нәзерде тутылған яки тутылмағанлығына қарамастан, кредитор нызамда белгиленген неустойка (нызамлы неустойка) ны төлеўди талап қылыўға ҳақылы. Тәреплер ортасында дүзилген лизинг шәртнамасының 8.3-бәнтинде лизинг тѳлемлери графиклерде белгиленген муғдар ҳәм мүддетлерде әмелге асырылмаса, лизинг алыўшы тѳлем мүддети ѳткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген тѳлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, бирақ кешиктирилген жәми тѳлем суммасының 50 пайызынан аспаған муғдарда пеня тѳлейтуғынлығы кѳрсетилген. Жуўапкер тәрепинен лизинг төлемлерин тѳлеў мүддетлери бузылған ҳәм сонлықтан даўагер тәрепинен төлемлер кешиктирилгенлиги ушын 2018-жыл 27 ноябрь күнги 18/01-4-307-санлы лизинг шәртнамасына тийкар 3 354 940,32 сўм, 2025-жыл 3 январь күнги 25/01-4-001-санлы лизинг шәртнамасына тийкар 12 793899,96 сўм ҳәмде 2025-жыл 9 январь күнги 25/01-4-011-санлы лизинг шәртнамасына тийкар 1 872 210,36 сўм жәми 18 021 050 сўм пеня есапланған. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда шерик жуўапкерлер 2018-жыл 27 ноябрь күнги 18/01-4-307-санлы лизинг шәртнамасы бойынша өз кепилликлерин бермеген. Талап етилген жәми 18 021 050 сўм пеняныӊ 3 354 940,32 сўмына, яғный 18,62 пайызына кепиллик берилмеген. Демек, даўа талабыныӊ солидар тәртипте өндириў бөлеги қысман тийкарлы болып есапланады. ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, пеняның толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин итибарға алып, 18 021 050 сўм пеняны 30 пайызға, яғный 5 406 315 сўмға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши бесинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүражат еткеннен соң жуўапкер тәрепинен ыхтиярий түрде қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүкленеди. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ҳәмде Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында базалық есаплаў муғдарының 25 пайызы муғдарында видеоконференцбайланыс режимиинде исти көриў менен байланыслы суд қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июнь күнги «Ис ҳақи, пенсиялар, степендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сўм етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден даўагер пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин, республика бюджетине 2 684 350,04 сўм мәмлекетлик бажы ҳәмде ϴзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине истиң видеоконференцбайланыс режиминде өткерилгенлиги менен байланыслы 103 000 сўм суд қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа талабы қысман қанаатландырылсын. Жуўапкерлер ХХ, ХХ ҳәмде ХХ есабынан даўагер ХХниң пайдасына солидар тәртипте 4 399 659,15 сўм пеня өндирилсин. Жуўапкер ХХ есабынан даўагер ХХниң пайдасына 1 006 655,85 сўм пеня өндирилсин. Жуўапкер ХХ есабынан даўагер ХХниң пайдасына 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер ХХ есабынан республика бюджетине 2 684 350,04 сўм мәмлекетлик бажы пул өндирилсин. Жуўапкер ХХ есабынан ϴзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сўм суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Ж.Аманиязов