Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2503/2280 Дата решения 01.12.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a4221f00-fdfa-4917-81e4-746c72abef66 Claim ID PDF Hash 40672e6d8540bc59... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 171 символов
4-2301-2503/2280-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 01-декабрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваеның хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили А.Ажимов (2025-жыл 01-декабрь күнги 01-09/4530-санлы исеним хат тийкарында) қатнасында, арза бериўши Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитетиниң жуўапкер Хожели районы “Su r b- uj li” ЖШЖне 2 529 280 сом жәрийма қоллаў ҳәмде өндириў ҳаққындағы арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети (кейинги орынларда арза бериўши деп жүритиледи) “Su r b- uj li” ЖШЖне (кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи) 2 529 280 сом жәрийма қоллаўды ҳәм өндириўди сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арза талабы тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд, арза бериўши ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерин үйренип шығып, арза талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, Өзбекстан Республикасы «Бәсекилик ҳаққында»ғы Нызам талапларына жуўапкердиң әмел етиўи бойынша арза бериўшиниң буйрығы тийкарында тексериў өткерилген. Тексериў нәтийжесинде жуўапкерге тийисли аўқатланыў (кафе) орны алды көринисинде 1-санлы белгиси орнатылған болып, “inst gr m” социаллық тармақларына дағаза берип атырғаны анықланған. Анықланған жағдайларға көре арза бериўши жуўапкерге қарата әмелдеги нызамшылық талаплары бузылғанлығы белгилери бойынша ис қозғатқан. 1 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 29декабрьдеги “Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олар жойбарларының бәсекиге тәсирин баҳалаў тәртиби туўрысындағы Режени ҳәмде Инсапсыз бәсекини анықлаў методикасын тастыйықлаў ҳаққында”ғы 694-санлы қарары менен тастыйықланған “Инсапсыз бәсекиликти анықлаў” методикасының 6бәнти в) киши бәнтине тийкар, хожалық жүргизиўши субъект ямаса шахслар топары ямаса оның мәплерин гөзлеп басқа шахслар тәрепинен өзин ямаса өзине тийисли товарды бәсекилес хожалық жүргизиўши субъект ямаса оның товарынан үстинлиги ҳаққында объектив тастыйықлаўға ийе болған товардың сыпатламасын ямаса салыстырыў параметрлерин көрсетпестен салыстырыў, соның ишинде: "ең жақсы," "ең жақсы," "биринши," "тек ғана," "тек ғана" ҳәм басқа арттырыўшы қатнаслардан пайдаланған ҳалда салыстырыў - инсапсыз бәсеки белгилери болып есапланады. Өзбекстан Республикасы “Бәсекилик ҳаққында”ғы Нызамының 21статьясы биринши бөлими 3-хат басында надурыс салыстырыў, яғный бәсекилес хожалық жүргизиўши субъектин яки оның товарын товардың үстинлиги ҳаққында түсиник пайда етиўши сөзлерден ямаса белгилерден пайдаланып товардың қалыс тастыйықлаўға ийе болған сыпатламасын ямаса салыстырыў параметрлерин көрсетпеген ҳалда пайдаланып салыстырыў қадаған етилген. Сондай-ақ, усы Нызамының 42-статьясы биринши бөлими 4-бәнтине тийкар, инсапсыз бәсеки жүз бергенлиги ушын - хожалық жүргизиўши субектлерге товар ямаса финанс базарында бәсеки ҳаққындағы нызамшылық бузылған дәўирде, бирақ ақырғы үш жылдан көп болмаған дәўирде, бәсеки ҳаққындағы нызамшылық бузылған товар ямаса финанс базарында товарды реализациялаўдан алынған түсим суммасының 2-проценти муғдарында жәрийма салыўға себеп болады. Жуўапкер тәрепинен 2024-жыл ҳәм 2025-жыл январь-июнь айлары даўамында товарларды реализациялаўдан алынған түсим суммасы 126 464 000 сомды қураған. Сонлықтан бул жағдайда арза талабы суммасы 2 529 280 сомды қурағаны тийкарлы табалады. Ис материалларына қосылған арза бериўшиниң 2025-жыл 30-июльдеги 1-23-2025/82-санлы қарарында жуўапкер тәрепинен Өзбекстан Республикасы “Бәсекилик ҳаққында”ғы Нызамының 42-статьясы биринши бөлими 4бәнтине тийкар, товарларды реализациялаўдан алынған түсим 126 464 000 сомның 2% муғдарында 2 529 280 сом жәрийманы ықтыяри рәўиште төлеў усыныс етилген. Қарар тийкарында берилген арза бериўшиниң 2025-жыл 30-июльдеги көрсетпесинде бир айлық мүддет ишинде көрсетпениң орынланғаны ҳақкында жуўапкер мағлыўмат бериўи тийис болған. Бирақ жуўапкер көрсетпени орынламаған. Жоқарыдағылар есапқа алынғанда арза талабы тийкарлы табылады. Сонлықтан суд арза талабын қанаатландырыўды, жуўапкерге 2 529 280 сом жәрийманы қоллаўды ҳәм оны өндириўди мақул табады. 2 ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Суд исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден мәмлекет бюджетине базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги 412 000 сом мәмлекетлик бажыны ҳәм оннан арза бериўши пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР Е Т Т И: Арза талабы қанаатландырылсын. Хожели районы “Su r b- uj li” ЖШЖне 2 529 280 сом жәрийма қолланылсын. Қолланылған жәрийма ҳәм 41 200 сом почта қәрежети Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң пайдасына өндирилсин. “Su r b- uj li” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов 3