← Назад
Решение #2840037 economic_new
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
6 690 символов
4-1001-2528/107414-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 01-декабрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
Ташкент қаласы «Asr kim inv st» ЖШЖниң жуўапкер Нөкис қаласы «G z
A tmur t str » ЖШЖнен 38 618 988 сом қарыз, 19 309 494 сом пеня, 1 160 000
сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа
арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «Asr kim
inv st» ЖШЖти Ташкент районлар аралық
экономикалық судына мүрәжат етип, жуўапкер «G z A tmur t str » ЖШЖнен
38 618 988 сом қарыз, 19 309 494 сом пеня, 1 160 000 сом мәмлекетлик бажы,
41 200 сом почта қәрежетин өндириўди сораған.
Ташкент районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 23октябрьдеги уйғарыўы тийкарында экономикалық иси тийислилиги бойынша
Нөкис районлар аралық экономикалық судына өткерилген.
Суд мәжилисине даўагер ўәкили келмеди. Бирақ судқа усынылған
илтимаснамасында экономикалық исин даўагер ўәкилисиз көрип шығыў
соралған. Сондай-ак, илтимаснамаға қарыздың қысман сөндирилгени бойынша
2025-жыл 01-декабрь күнине дүзилген салыстырыў акти қосылған.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа
олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти
көрип шығыўды мақул табады.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талапларын
қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери товар жеткизип бериў
шәртнамасынан келип шыққан.
ПК 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық,
исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши
- сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса
сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде
пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған
уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа
мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды
қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 10январь күни Q67-14-санлы белгиленген баҳада, ассортимент ҳәм санында
товарлар жеткизип бериў шәртнамасы дүзилген.
Шәртнаманың 1.1-бәнтинде истеги даўагер жуўапкерге шәртнаманың
ажралмас қосымшасындағы товарларды жеткизип бериўге миннетленген.
Шәртнаманың 3.1-бәнтинде даўагер тәрепинен жуўапкерге жеткизилиўи
тийис товарлар баҳасы 1 000 000 000 сомды қураған.
Шәртнаманың 3.3-бәнтинде жуўапкер тәрепинен алдын ала 100 % төлем
әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
ЭПК 72-статьясына тийкар нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер
менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес.
Иске қосылған электрон счёт-фактураларда жуўапкерге 112 618,987,7
сомлық товарлардың жеткизилгени тастыйықланады. Бирақ бул суммадан
74 000 000 сом төленгени даўа арза көрсетилген.
Даўагердиң усынған 2025-жыл 01-декабрь күнине дүзилген салыстырыў
актинде жуўапкердиң 15 918 987,70 сом қалдық қарызы бар екенлиги
анықланады.
Сонлықтан даўагердиң қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады.
Себеби қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 04-сентябрьдеги 285санлы талапнамасы бойынша жуўапкер қарызларын лазым дәрежеде төлемеген.
Демек даўаның 15 918 987,7 сом қалдық қарыз өндириўге тийкарлар бар.
Шәртнаманың 5.4-бәнтине муўапық, төлеў кешиктирилген сумманың
0.4% есабынан бирақ қарыз суммасы 50% аспаған жағдайда 19 309 494 сом
пеня талап қылынған.
ПК 260-статьясы биринши бөлимине көре, нызамшылық ҳүжжетлеринде
яки шәртнама менен белгиленген, қарыздар миннетлемени орынламаған яки
лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кредиторға төлеўи шәрт болған пул
суммасы неустойка есапланады.
ПК 261-статьясы биринши бөлимине муўапық, неустойка жәрима яки
пеня формасында болады.
ПК 326-статьясының екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм
кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған
неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги
«Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин
қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде
түсиник берилген.
Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 3 000 000 сом
өндириўди мақул табады.
Суд, даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 15 918 987,70 сом қарыз, 3 000 000 сом пеня, 41 200 сом
почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Даўа суммасының 2% есабынан алдын ала 1 158 569,64 сом мәмлекетлик
бажы төлениўи керек. Бирақ 1 160 000 сом төленген. Сонлықтан даўагерге
жўапкерден 1 158 569,36 сом мәмлекетлик бажы өндирилип, даўагерге мәмлекет
бюджетинен 1 430,36 сом қайтарылыўы тийис.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы «G z A tmur t str » ЖШЖнен Ташкент қаласы «Asr
kim
inv st» ЖШЖниң пайдасына 15 918 987,70 сом қарыз, 3 000 000 сом
пеня, 1 158 569,64 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
«Asr kim
inv st» ЖШЖне зыят төленген 1 430,36 сом мәмлекетлик
бажы мәмлекет бюджетинен қайтарылсын. Мағлыўматнама берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов