Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2503/2119 Дата решения 28.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID dd1878a8-2da3-4af6-886d-e8b47f539d29 Claim ID PDF Hash 46806d1c3294f878... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 6 959 символов
4-2301-2503/2119-санлы ис Нөкис қаласы Судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 28-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың басшылығында, П.Шыныбековтың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили *** (2025-жыл 26-ноябрь күнги 2393-санлы исеним хат тийкарында), ўақтынша бақлаўшы ***лардың қатнасыўында, арза бериўши ***тиң қарыздар "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетин төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арзасын суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди анықлады: *** (буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судқа арза менен мүрәжат етип, "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетин (буннан кейин текстте қарыздар деп жүритиледи) төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сораған. Суд мәжлисинде арза бериўши ўәкили арзаны қуўатлап, қарыздардың қарызын төлеў имканиятыныӊ жоқлығын, қарыздарлық төленбей атырғанлығын билдирип, қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыўды, арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисине қарыздар ўәкили келмеди. Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд мәжилисине келмеген қарыздар ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд мәжилисинде ўақтынша бақлаўшы қарыздардың қарызын төлеўге бүгинги күнде толық имканияты жоқлығы ҳаққындағы есабатын усынып, қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сорады. Суд арза бериўши ўәкилиниң ҳәм ўақтынша бақлаўшының түсиндирмелерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып төмендегилерге тийкар арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, қарыздар 2019-жылы 17-май күни 723671-саны менен мәмлекетлик дизимнен өтип, оған *** идентификацион саны берилген. Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық судының 2021-жыл 15-март күнги шешиўши қарары менен қарыздардан арза бериўши пайдасына 2 090 897 697 сом кредит қарыздарлығын өндириў белгиленген. Суд қарарына тийкар берилген орынлаў хат тийкарында орынлаў өндириси қозғатылған. Лекин, бул қарыздарлық қарыздар тәрепинен төленбеген. Сонлықтан, арза бериўши судқа қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сорап арза берген. Бақлаў барысында қарыздардыӊ арза бериўши алдында қарыздарлығы 4 431 542 541 сом, нәўбеттен тысқары шығынлары 8 522 400 сом екенлиги анықланған. 2 Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы (буннан кейин текстте - Нызам деп жүритиледи)ның 5-статьясы биринши бөлимине муўапық, төлеўге қәбилетсизлик белгилери төмендегилерден ибарат: ўақтынша төлеўге қәбилетсизлик - егер тийисли миннетлемелер жүзеге келген сәнеден үш ай ишинде қарыздар тәрепинен орынланбаған болса, қаланы қураўшы кәрхана ҳәмде оған теңлестирилген кәрханалар тәрепинен болса - алты ай ишинде орынланбаған болса, судқа мүрәжат етиў сәнесинде қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын қанаатландырыўға ҳәм (яки) салық ҳәм жыйымлар бойынша өз миннетлемелерин орынлаў мүмкин емеслиги; турақлы төлеўге қәбилетсизлик - егер судқа арза бериў сәнесиндеги ҳәм арза берилген жылдың басындағы есабат дәўиринде, егерде арза жылдың биринши шерегинде берилген болса, өткен жылдың басындағы есабат дәўиринде қарыздардың миннетлемелери оның активлери баҳасынан асып кеткенлиги деп белгиленген. Нызамның 37-статьясы биринши бөлимине муўапық, төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ис усы Нызамның 5-статьясы биринши бөлиминде нәзерде тутылған белгилер бар болғанда суд тәрепинен қозғатылыўы мүмкин, буннан усы Нызамда нәзерде тутылған жағдайлар тысқары. Усы статьяның бесинши бөлиминде кредитордың қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик туўрысында ис қозғатыў ҳәмде оны банкрот деп табыў, сондай-ак сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў ҳаққында арза менен судқа мүрәжат етиўи ушын кредитор талапларының тийкарлылығын тастыйықлаўшы дәлиллер, соның менен бирге судтың нызамлы күшке кирген қарары, усы талаплар қарыздар тәрепинен тән алынғанлығын тастыйықлаўшы дәлиллер, нотариустың орынлаў хаты тийкар болатуғынлығы көрсетилген. Қарыздардыӊ қарызларын төлеў мүмкиншилиги жоқлығы, төлеў миннетлемеси пайда болған күннен баслап үш айдан өтип кеткенликтен төлеўге қәбилетсизлик белгиси бар деп есаплаўға жатады. Кредиторлардың 2025-жыл 26-ноябрь күнги жыйналысында ўақтынша бақлаўшының есабаты тийкарлы табылған, кредиторлар реестри тастыйықланған, қарыздарды төлеўге қәбилетсизлик деп табыў ҳәм сапластырыў өндирисин ашыў ҳаққындағы шешимге келген. Суд, қарыздардың қарызлары бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға мүмкин емеслиги себепли арза талабын қанаатландырыўды, қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыўды, оған сапластырыўға байланыслы ис жүритиў процедурасын қоллаўды лазым тапты. Сондай-ақ, кредиторлар жыйналысында сапластырыў басқарыўшысыныӊ кандидатурасына Х.Эгамбергановты усыныў ҳәм оныӊ ис-ҳақысын базалық есаплаў муғдарыныӊ 20 есеси муғдарында белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилген. ЭПКниң 118-статьясының екинши бөлимине муўапық, шешиўши өз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд 3 қәрежетлери басқа тәреп мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Жоқарыдағыларға тийкарланып суд, қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыўды, қарыздардан арза бериўши пайдасына ис бойынша төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, сапластырыў басқарыўшысы етип Х.Эгамбергановты тайынлаўды, оныӊ ис-ҳақысын базалық есаплаў муғдарыныӊ 20 есеси муғдарында белгилеўди, сапластырыў басқарыўшысына жуўмақлаўшы есабатын 2026-жыл 2-март күнине шекем усыныўды жүклеўди мақул тапты. Усы жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179, 210-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Арза қанаатландырылсын. "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (ИНН ***) төлеўге қәбилетсиз деп табылсын, сапластырыў өндириси ашылсын. Сапластырыў басқарыўшысы етип *** тайынлансын ҳәм айлық ис ҳақысы базалық есаплаў муғдарының 20 есеси етип белгиленсин. Сапластырыў басқарыўшысына қарыздар банкрот деп табылғанлығы хаққында газетада жәриялаў, белгиленген тәртипте сапластырыў жумысларын алып барыў, сапластырыў режесин дүзиў, қарыздардың мал-мүлкин анықлаў, егерде анықланған жағдайда өзиниң басқарыўына алыў, экономикалық судының талабына тийкар мағлыўматлар берип барыў ҳәм сапластырыў жуўмағы бойынша жуўмақлаўшы есабатын 2026-жыл 2-март күнине шекем экономикалық судына усыныў жүклетилсин. "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен *** пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы бир ай ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья С.Ниязов