Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2304-2503/1450 Дата решения 27.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукус туманлараро иқтисодий суди Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a1b73fef-5c01-45cf-a88a-f8426131f6f5 Claim ID PDF Hash 37c7ee9723c8bf16... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения 13 133 символов
4-2304-2503/ХХХ-санлы ис Судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 27 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованыӊ басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагерлер ХХХХХ, жуўапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 06 январь күнги 02-01/2-санлы исеним хат тийкарында), үшиншы шахс ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 29 сентябрьдаги MR-01/14-16/813-санлы исеним хат тийкарында), үшиншы шахс ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 21 августдаги MR-01/01-12/2110санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс «ХХХХХ» акционерлик компаниясы сапластырыў жойбары топары ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 25 ноябрь күнги 9-санлы исеним хат тийкарында) лардың қатнасыўында, даўагерлер "ХХХХХ" акционерлик жәмийетиниң акционерлери ХХХХХ "ХХХХХ" акционерлик жәмийетине қарата ХХХХХдаги улыўма жыйналыс қарарың ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагерлер "ХХХХХ" акционерлик жәмийетинин акционерлери ХХХХХ, ХХХХХ, ХХХХХ, ХХХХХ, ХХХХХ, ХХХХХ, ХХХХХлар "ХХХХХ" акционерлик жәмийетине карата ХХХХХдаги улыўма жыйналыс қарарын хакыйкый емес деп табыў ҳаққындағы дауа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Судтың 2025 жыл 14 октябрьдаги уйгарыўы менен иске даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлер басқарыў агентлиги хәм «ХХХХХ» акционерлик жәмийети тартылған. Судка катнаскан даўагерлер ХХХХХ, ХХХХХ, ХХХХХ, ХХХХХ, ХХХХХлар суд мǝжилисинде даўа талабын қоллап- қуўатлап, "ХХХХХ" акционерлик жәмийетинин ХХХХХдаги улыўма жыйналыс өткерилмегенин, жыйналыс өтиў бойынша акционерлерге хабар берилмегенин билдирип, даўа талабын толық канаатландырыўды сорады. Судта қатнасқан жуўапкер "ХХХХХ" акционерлик жәмийетиниң ўәкили даўа талабын тән алып, "ХХХХХ" акционерлик жәмийетинин ХХХХХдаги улыўма жыйналыс өткерилмегенин, жыйналыс өткерилгенлиги ҳаққында жәмийетте тастыйықлаўшы ҳүжжетлер жоқ екенлигин билдирип, даўа арзаны канаатландырыўды сорады. Судта қатнасқан үшиншы шахс Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасы ўәкиллери С.Ганиев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасы ўәкили Н.Аметовлар суд мǝжилисинде 1 даўа арза тийкарсыз екенлигин, себеби ХХХХХ" акционерлик жәмийетиниң устав фондынын 80,2 % акциялары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине тийисли екенлигин, жәмийеттиң улыўма жыйналысы нызам талапларына муўапық откерилгенин билдирип, даўа арза талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Судта катнасқан үшинши шахс «ХХХХХ» акционерлик компаниясы сапластырыў жойбары топары ўәкили ХХХХХ суд мәжилисинде жәмийеттиң ХХХХХдаги улыўма жыйналысы нызам талапларына муўапық дурыс откерилгенин, акционерлерге хабар берилгенин билдирип, даўа арза талабын канаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында даўагерлер ХХХХХ, ХХХХХлар тийисли тәртипте хабарландырылғанлығына қарамастан суд мәжлисине келмеди. Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалык процессуал кодекси (буннан кейин текстте ЭПК-деп жүритиледи)нин 128, 170-статьялары талапларына муўапық исти олардың қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуумакка келди. Суд, иске катнасыўшы шахслардың түсинигин тынлап, истеги хүжжетлерди уйренип шығып, дауа талабын канаатландырыўды макул тапты. Истеги хүжжетлерден аныкланыўынша, ХХХХХ куни "ХХХХХ" акционерлик жәмийети акционерлердин 2024 жыл жуўмағы бойынша гезектеги улыўма жыйналысы өткерилген хәм 1-санлы баянламасы дузилген. Баянламада жыйналысты ХХХХХ агентлиги тәрепинен берилген 2025 жыл 26 июндаги 02/09- 2-17/435-санлы исеним хат тийкарында ХХХХХ баскарган, жыйналыста акционерлер ҳәм олардын атынан келген ўәкиллер, жәмийеттиң баклаў кенеси ҳәм басқарыў агзалары дизимге алынган ҳалда қатнаскан деп корсетилген. Сондай-ақ, ХХХХХ, даўагер ХХХХХ, даўагер ХХХХХлар қурамында санақ комиссиясы тастыйыланган. Жуўапкер тәреп тәрепинен усынылған "ХХХХХ" акционерлик жәмийетиниң уставы 2020 жылы 31 март күни 256119-сан менен Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайынан қайта дизимге алынған. Уставтың 3.3-бәнтинде уставты дизимге алынған ўакытта улыўма бахасы 947 967 000 сомға тенг болған 1 263 876 дана әпиўайы акция ҳәм 80 дана имтиязлы акциялар шығарылған ҳәм жайластырылған болып, акция номинал баҳасы 750 сом деп белгиленген. 2024 жылы 17 сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 14 декабрьдеги ПҚ-47-санлы қарары тийкарында «ХХХХХ» акционерлик жәмийети Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ортасында баҳалы қағазларды өткериў ҳаққындағы келисим дүзилген. Келисимге тийкар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022 жыл 18 марттағы "Экономикада мәмлекеттиң қатнасыўын буннан былай да 2 қысқартыў ҳәм меншиклестириўди жеделлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы ПҚ-168-санлы қарарына муўапық «ХХХХХ» акционерлик жәмиетиниң устав фондындағы мәмлекетлик үлести кейин- ала азайтыў шәрти менен "ХХХХХ" акционерлик жәмийетиниң 760 164 750 сомлық 1 013 553 дана, устав фондының 80,2 % акциялары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине өткерилген ҳәм 2024 жылы 17 сентябрь күни Қымбатлы қағазлар орайлық депозитарий акционерлик жәмийетинен дизимге алынған. «Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы 2014 жыл 6 май күнги ЗРУ-370-санлы Нызамының (буннан кейин тексте Нызам деп жүритиледи) 61-статьясында акционерлердиң улыўма жыйналысында қатнасыў ҳуқықына акционерлердиң улыўма жыйналысы өткерилетуғын сәнеден үш жумыс күн алдын қәлиплестирилген жәмийет акционерлериниң реестринде дизимге алынған акционерлер ийе. Акционердиң талабына муўапық жәмийет оған оның акционерлердиң улыўма жыйналысын өткериў ушын қәлиплестирилген жәмийет акционерлериниң реестрине киргизилгенлиги ҳаққындағы мағлыўматты бериўи шәрт. Нызамның 62-статьясында акционерлердиң улыўма жыйналысын өткериў ҳаққындағы хабар Корпоративлик мәлимлемениң бирден-бир порталында, жәмийеттиң рәсмий веб-сайтында ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәрияланады, сондай-ақ акционерлердиң улыўма жыйналысы өткерилетуғын сәнеден кеминде жигирма бир күн, бирақ кеминде отыз күн алдын электрон почта арқалы жибериледи. Акционерлердиң улыўма жыйналысын өткериў ҳаққындағы хабарда төмендегилер көрсетилиўи керек : жәмийеттиң атамасы, жайласқан жери (почта мәнзили) ҳәм электрон почта мәнзили; улыўма жыйналысты өткериў сәнеси, ўақты ҳәм орны; жәмийет акционерлериниң реестри қәлиплестирилген сәнени; улыўма мәжилистиң күн тәртибине киргизилген мәселелер; улыўма жыйналысты өткериўге таярлық көриўде акционерлерге берилетуғын мәлимлеме (материаллар) менен акционерлерди таныстырыў тәртиби; акционерлердиң улыўма жыйналысында, соның ишинде, мәлимлемекоммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан қатнасыў ҳәм даўыс бериў тәртиби. Акционерлердиң улыўма жыйналысын өткериўге таярлық көриў ўақтында акционерлерге берилиўи керек болған мағлыўматларға (материалларға) : жәмийеттиң жыллық есабаты, жәмийеттиң жыллық финансхожалық жумысын тексериў нәтийжелери бойынша жәмийеттиң тексериў комиссиясының (ревизорының) ҳәм аудиторлық шөлкеминиң жуўмағы, жәмийеттиң бақлаў кеңесиниң директор (басқарма баслығы), исенимли басқарыўшы менен шәртнаманың мүддетин созыў, қайта дүзиў ямаса бийкарлаў мүмкиншилиги ҳаққындағы жуўмағы, сондай-ақ жәмийеттиң бақлаў кеңеси ҳәм тексериў комиссиясы ағзаларына (ревизорларына) талабанлар ҳаққындағы мағлыўматлар, жәмийеттиң уставына киргизилетуғын 3 өзгерислер ҳәм қосымшалардың жойбары ямаса жаңа редакциядағы жәмиет уставының жойбары. Акционерлердиң улыўма жыйналысын өткериўге таярлық көриў ўақтында акционерлерге усынылыўы шәрт болған қосымша мәлимлемениң (материаллардың) дизими баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен белгиленетуғыны мүмкин. Акционерлердиң улыўма жыйналысын өткериўден алдын ҳәм оны өткериў ўақтында акционерлердиң улыўма жыйналысында қатнасып атырған шахслар ушын акционерлерге ҳәм мәмлекет ўәкилине берилиўи керек болған мәлимлемеден (материаллардан), соның ишинде аралықтан турып, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда пайдаланыў имканияты болыўы керек. Судтың 07 ноябрь, 18 ноябрь күнги уйғарыўлары менен "ХХХХХ" акционерлик жәмийетине Нызам талапларына муўапық, акционерлердин улыўма жыйналысы өткерилетуғын сǝнеден үш жумыс күни алдын қәлиплестирилген жәмийет акционерлериниң реестринде дизимге алынған акционерлердиң дизимин, акционерлердин улыўма жыйналысын өткериў ҳаққындағы хабар берилгени бойынша мағлыўматларды, улыўма жыйналыска катнасқан акционерлердин дизимин судка усыныў усыныс етилген. Лекин, "ХХХХХ" акционерлик жәмийети тәрепинен судтын уйғарыўы талаплары өз ўақтында орынланбаған, жыйналыс өткерилгени ҳаққында тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди судка усынбады. ЭПКнин 68-статьясынын биринши болимине муўапық исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабын ҳәм наразылығына тийкар кылып келтиретуғын жағдайларды дәлиллеўи керек. Егер тәреп суд тәрепинен талап етилип атырған дәлилди өзинде саклап турған ҳәм суд сораўы менен белгиленген мүддетте оны усынбай атырған болса, ондағы мағлыўматлар усы тәреп мәплерине қарсы қаратылған деп болжанады ҳәм ол тәрепинен тән алынған деп есапланады. ЭПКниң 72-статьясына муўапық, нызамшылыққа муўапық белгили бир дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған истиң жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес. ЭПКниң 89-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы шахслардың ис ушын әҳмийетли болған өзлерине белгили жағдайлар ҳаққындағы түсиндирмелериниң тексерилиўи ҳәм басқа дәлийллер менен бирге баҳаланыўы лазымлығы белгиленген. Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының “Экономикалық судлар тәрепинен корпоратив даўларды шешиўдин айырым мәселелери ҳаққында" қарарының 14-бәнтинде Өзбекстан Республикасының "Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы Нызамының 60-статьясының тоғызыншы бөлимине муўапық, егер акционер мақул себеплерге байланыслы акционерлердин улыўма жыйналысына қатнаспаған ямаса усындай карардың қабыл етилиўине қарсы 4 даўыс берген болса, акционер улыўма жыйналыста қабыл етилген қарар үстинен судқа шағым етиўге ҳақылы. Пленум қарарының 14.1.бǝнтинде акционерлер улыўма жыйналысының қарары тек ғана, егер ол нызам ҳүжжетлерине қайшы келсе ҳәм (яки) улыўма жыйналыс нызам ҳүжжетлеринде ҳәм жәмийет уставында белгиленген тәртипти бузған ҳалда өткерилген болса, ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Судта, "ХХХХХ" жәмийети акционерлердин ХХХХХ кунги жыйналысы "Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы Нызамға ҳәм жәмийет уставында белгиленген тәртипти бузған ҳалда өткерилген. Бул халатда даўа талабы қанаатландырылыўы лазым. ЭПКниң 118-статьясынын биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте катнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша кылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-банди «а» киши бǝндинде мулкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда, 2-банди «б» киши бәндинде мүлкий түске ийе болмаған даўа арзалар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы төленетуғынлығы көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентинин 2025 жыл 2 июньдағы «Ис хақы, пенсиялар хәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025 жыл 1 августдан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Жоқарыдағылардан келип шығып, даўа талабын арза талабын канаатландырыўды, ХХХХХдаги улыўма жыйналыс қарарын ҳакыйкый емес деп табыўды, жуўапкерден республика бюджет пайдасына 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы, төленген 41 200 сом почта кǝрежетин даўагер ХХХХХ пайдасына, ис видеоконференцбайланыс режиминде корилиўи байланыслы болған 103 000 сом суд қәрежетлери жуўапкерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа арза талабы қанаатландырылсын. "ХХХХХ" акционерлик жәмийетине қарата ХХХХХдагы улыўма жыйналыс қарары ҳақыйқый емес деп табылсын. "ХХХХХ" акционерлик жәмийети есабынан республика бюджет пайдасына 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. 5 "ХХХХХ" акционерлик жәмийети есабынан даўагер ХХХХХтың пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. "ХХХХХ" акционерлик жәмийети есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья З.Хасанова 6