Реквизиты
Категория economic_new Номер дела 4-2301-2504/2302 Дата решения 27.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 7349ca20-5810-47b3-b1bd-48dd9168c330 Claim ID PDF Hash 27059b8d272c1050... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2302-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 27-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың басшылығында, П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокуратурасының ис үйрениўши жәрдемшиси ***, даўагер ЖШЖ баслығы ***, даўагер ўәкили адвокат *** (2023-жыл 4-декабрь күнги 7-санлы ордер тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 27-ноябрь күнги 1-4/25-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер ***нан тийкарсыз арттырылған 1 021 013 475 сом пул қаржыларын өндириў ҳаққындағы даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер *** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан тийкарсыз арттырылған 1 021 013 475 сом пул қаржыларын өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 14-ноябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы даўаның предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында үшинши шахслар тийисли тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлемеди. Сол себепли, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық исти олар ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ЖШЖ баслығы ҳәм ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, жуўапкер менен орталарындағы кесип алып ислеў (пудрат) шәртнамасы ҳәм оған 3 қосымша келисим тийкарында жуўапкердиң буйыртпасы бойынша қурылыс жумыслары алып барылғанлығын, оннан кейин қосымша келисим дүзилип 1 021 013 475 сом муғдарында жумыс исленгенлигин, лекин бул келисим ғазнашылықта дизимнен өтпегенлигин, исленген жумыслар ис ҳүжжетлери менен тастыйықланатуғынлығын, қосымша келисим нызамшылық талабына муўапық ғазнашылықта дизимнен өтпегенлиги, дүзилмеген питим есапланатуғынлығы себепли Пуқаралық кодексиниң 1023-статьясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2014-жыл 28-ноябрь күнги 269-санлы қарарының 2 27-бәнтине тийкар жуўапкерден тийкарсыз арттырылған пул қаржысы сыпатында өндирилиўи лазымлығын билдирип, даўаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаны тән алып, даўагер ҳақыйқаттан да жумыс ислегенлигин, даўагер менен орталарындағы шәртнама ҳәм 3 қосымша келисим ғазнашылықта дизимнен өткенлигин, кейиншелик жаңа жумыслар ислеў зәрүраты пайда болғанлығын, соның ушын және қосымша келисим дүзилгенлигин, лекин жыл ақыры болғанлығы себепли ғазнашылықта дизимнен өткериў имканы болмағанлығын, жуўапкердиң ислеген жумыслары толық қабыл етип алынғанлығын ҳәм даўаны қанаатландырыўға қарсы емеслигин билдирди. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўа талабы тийкарлы екенлиги ҳәм даўа арзаны қанаатландырыў ҳаққында өз пикирин билдирди. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин ҳәмде прокурор пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери келип алып ислеў (пудрат) шәртнамасының қосымша келисиминен келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2022-жыл 25август күни Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты аймағында 500 орынлы студентлер жатақханасы имараты қурылысы бойынша 4-санлы кесип алып ислеў (пудрат) шәртнамасы дүзилген, усы шәртнамаға 24.02.2023-жыл 4/1-санлы, 14.05.2024-жыл 4/2-санлы, 04.12.2024-жыл 4/3-санлы қосымша келисимлер дүзилген ҳәмде шәртнама ҳәм қосымша келисимлер ғазнашылық бөлиминде дизимнен өткен. Сондай-ақ, тәреплер орталарында 2024-жыл 12-декабрь күни 4/4-санлы қосымша келисим дүзилген. Лекин, бул келисим ғазнашылық бөлиминде дизимнен өтпеген. Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 122-статьясының үшинши бөлимине муўапық, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшыларының бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар бойынша товарларды (жумысларды, хызметлерди) жеткерип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары, сондай-ақ оларға киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық бөлимлеринде дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киреди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 28-февральдағы "Мәмлекетлик бюджеттиң ғазна атқарыў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-594-санлы қарарының 6бәнтинде, бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан товарлар (жумыслар, хызметлер) жеткерип бериўшилер менен шәртнамалары, сондай- 3 ақ, буйыртпашылардың бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан капитал қурылысқа байланыслы шәртнамалары Ғазнашылықта мәжбүрий тәртипте дизимнен өткерилиўи шәрт екенлиги ҳәм тек ғана ол әмелге асырылғаннан кейин күшке кириўи белгиленген. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2014-жыл 28-ноябрь күнги «Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызамшылық нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 269-санлы қарарының 11бәнтиниң төртинши хатбасында, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшыларына товарларды (жумысларды, хызметлерди) жеткерип бергени ушын ҳақы өндириў ҳаққындағы даўалар көрилип атырғанда шәртнама Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 122статьясы үшинши бөлиминде белгиленген тәртипте дизимнен өткерилмегенлиги шәртнаманың өз-өзинен ҳақыйқый емеслигине алып келмеслиги, бундай жағдайда шәртнама дүзилмеген деп есапланыўы ҳаққында түсиндирилген. Демек, бул жағдайда тәреплер орталарындағы 2024-жыл 12-декабрь күнги 4/4-санлы қосымша келисим ғазнашылық бөлиминде дизимнен өтпегенлиги себепли шәртнама дүзилмеген деп табылады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2014-жыл 28-ноябрь күнги «Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызамшылық нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 269-санлы қарарының 27-бәнтиниң екинши хатбасында, питим суд тәрепинен дүзилмеген деп табылған жағдайларда ҳәмде бундай питим бойинша белгили ис-ҳәрекетлер (мүлк тапсырылған яки төлем төленген) әмелге асырылған болса, дүзилмеген питим бойынша миннетлемени орынлаған шахс ПКниң 1023-статьясына муўапық тийкарсыз арттырылған мал-мүлкти яки төленген пул қаржыларын қайтарыўды талап етиў ҳуқықына ийе екенлиги ҳаққында түсиник берилген. ПКниң 1023-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, нызамшылықта яки питимде белгиленген тийкарларсыз басқа шахс (жәбирлениўши)тың есабынан мал-мүлкти ийелеп алған яки тежеп қалған шахс (қолға киритиўши) тийкарсыз ийелеп алынған яки тежеп қалынған малмүлкти (тийкарсыз арттырылған байлықты) жәбирлениўшиге қайтарып бериўи шәрт, усы Кодекстиң 1030-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди. Усы статьяның биринши бөлиминде белгиленген миннетлеме, сондай-ақ мал-мүлкти ийелеп алыў яки тежеп қалыў тийкары кейин ала бийкар етилгенде де жүзеге келеди. ПК 1026-статьясының биринши бөлимине муўапық, тийкарсыз алынған яки тежеп қалынған мал-мүлкти түп ҳалында қайтарыўдың мүмкиншилиги болмаған жағдайда, қолға киргизиўши жәбирлениўшиге бул мал-мүлктиң қолға киргизиў ўақтындағы ҳақыйқый баҳасын төлеўи, сондай-ақ, егер қолға киргизиўши арттырылған байлықтың тийкарсызлығын билгеннен кейин 4 дәрҳал оның баҳасын төлемеген болса, мал-мүлк баҳасының кейинги өзгериўи себепли көрилген зыянды төлеўи лазым. Бул жағдайда даўагер тәрепинен жуўапкерге 2024-жылдың декабрь айы даўамында жәми 1 021 013 475 сомлық қурылыс оңлаў жумысларын исленгенлиги истеги есапбет-фактура, салыстырыў акти ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен өз тастыйығын табады. Жуўапкер бүгинги күнде даўагерге исленген қурылыс оңлаў жумыслары бойынша тийкарсыз қолға киргизилген мал-мүлклерди түп ҳалында қайтарыў мүмкиншилигине ийе емес. Сол себепли жуўапкер бул мал-мүлклердиң ҳақыйқый баҳасын төлеўи лазым болады. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден тийкарсыз арттырылған 1 021 013 475 сом пул қаржыларын өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. ЭПКниң 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Өзбекстан Республикасыныӊ Жоқарғы суды Пленумыныӊ 2020-жыл 19-декабрь күнги “Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққында”ғы 36-санлы қарарыныӊ 6.3-бәнтине көре, экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъекти тәрепинен белгиленген ставканыӊ 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы төленген болып, даўа талаплары қанаатландырылғанда, егер жуўапкер мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген болса, исти көриў нәтийжеси бойынша оннан өндирилетуғын мәмлекетлик бажыныӊ муғдары даўагер тәрепинен төлеп шығылған сумма менен шегараланады. Мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекетлик органлар ҳәмде басқа шахслар тәрепинен киши исбилерменлик субъектлериниӊ мәплерин гөзлеп усынылған даўа талаплары қанаатландырылған яки қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда мәмлекетлик бажы тәреплерден улыўма тийкарларда өндириледи. Егер экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъектине мәмлекетлик бажы төлеўди кешиктириў яки бөлип-бөлип төлеў ҳуқықы берилген болса, мәмлекетлик бажы исти көриў нәтийжеси бойынша тийисли тәрептен нызамда белгиленген ставкада өндириледи. Өзбекстан Республикасыныӊ “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ қосымшасы болған “Мәмлекетлик бажы ставкалары”ныӊ 2бәнтине көре, киши исбилерменлик субъектлери әмелге асыратуғын исбилерменлик искерлиги шеӊберинде судларға мүрәжат етиў ўақтында усы бәнттиӊ «а» - «г» ҳәм «е» киши бәнтлеринде көрсетилген белгиленген ставканыӊ 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы төлейди. 5 Ис ҳүжжетлерине қарағанда, даўагер киши исбилерменлик субъекти болып, судқа даўа арза бериўде мәмлекетлик бажы төлеў кешиктирилген, сонлықтан бул жағдайда нызамда белгиленген ставкада яғный даўагердиӊ киши исбилерменлик субъекти екенлигинен келип шығып, улыўма белгиленген ставканыӊ 50 пайызы муғдарында жуўапкерден мәмлекетлик бажы өндирилиўи лазым. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына тийкарсыз арттырылған 1 021 013 475 сом пул қаржыларын, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, республика бюджетине жуўапкерден 10 210 134,75 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер ***нан даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына тийкарсыз арттырылған 1 021 013 475 сом пул қаржылары ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер ***нан республика бюджетине 10 210 134,75 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов